31-август –Репрессия қурбанларын еслеў күни

Жасы сексеннен асса да еле қәдди бойын тик тутып, тарийх теңизиниң тереңлигинде тат басып жатырған тилсимли өтмишти изертлеўден шаршамайтуғын бир инсан бар арамызда. Ол қулағына азан айтып қойылған аты Мухаммед-Шерип болса да қыян-кески 1930-жыллардағы репрессия дәўиринде пайғамбарымыз Мухаммедтиң аты айтылмай, кейнинде Шерип болып кеткен бул инсан қарақалпақ халқының тарийхын изертлеўге үлкен үлес қосып киятырған алым Шерип Бабашев.

Ол бес жасында әкеден жетим қалып, тәғдирдиң не бир азап-ақыретлерин тек ғана маңлай тери  менен жеңип, бул күнлерге ерисиў ушын анасына берген бир аўыз ўәдеси ушын келешекке қарай талпынып жасады. 1930-1940-жыллар. Ашлық, жоқшылық, репрессияның қылышынан қан тамған, оннан соң екинши жер жүзилик урыс дәўириндеги аўыр мүсийбетлер ата-балаға, бала-анаға пана болалмай, күни-түни мийнет ислеп, тапқан бир тислем зағарасын аяқ көсилип жей алмайтуғын, тек ғана «қус уйқы» менен-ақ күни бойы қазыў, түни менен жоңышқа орып, ғөрек шығаратуғын ала-сапыранлы жыллар халықтың басындағы аўыр тәғдири еди.

Шерип аға баслаўыш класста аўылда, соң аўылдан 5-6 шақырым узақлықта жайласқан мектептиң  өзбек класында билим алды. Қандай аўыр күнлер болса да шаңарақтағы кемпир апасы ҳәм анасының тәрбиясы менен келешегине үлкен тийкар салды. Ол кишкенелигинен дәстанларды ядлаўға, ядый айтып жүриўге қумар болды.

-1943-жылдың май айында Оразымбет ағам да урысқа кетти. Енди хожалық анам екеўимиздиң мойнымызға шөкти. Жалғыз атымды да фронтқа алып кетти. Оның үстине әскерий салық та төлеймиз. Гүзде де дурыслы дақыл болмады. Яқыпбай ағаның  егинлерин күни-түни жыйнаўға көмеклесип, мийнет ҳақыма еки-үш батпан жүўери алдым,-деп еске түсирди ол.

Кемпир апасын алып кеткен сүзек кеселлиги Шерипти де шетлеп өтпеди. 1944-жылы елге тарқалған бул кеселлик «1-май» колхозын да қамтып  үлгерген еди. Кеселлерди емлейтуғын шыпакерлердиң, дәри-дәрмақлардың жоқлығынан көплеген  шаңарақлардың босап қалыў жағдайлары жүз берди.

-Кемпир апамнан соң Наўрызбийке апам да қайтыс болды. Нөкистеги Жаббарберген әжағам аўырып, анасының намазына да келе алмады. Анама изли-изинен еки өлини жайғастырыў аңсат болмады. Бир күни иним екеўимиз де аўыр сүзек кеселине шатылып жатып қалдық. Алланың қарасқаны шығар, анамның бул кеселликке шатылмай қалғаны, бизлерге қарағаны  бахтымыз еди. Аўылда еки адам бири мениң анам, екиншиси колхоздың ақсақалы Қыдырнияз аға сүзек пенен аўырмай аман қалды,-дейди ол.

Шерип аға анасы Перийза Қазақбай қызын үлкен ҳүрмет пенен тилге алады.

-Анам кеңпейил, әлпайым инсан еди. Ол жарымжан қәйниси Өтамбет ағаға, Жуманазар атамның жетим ул-қызына  өз перзентлериндей ғамқорлық етти. Үш қәйнисин урысқа атландырып, енеси менен бес баланы бағыў аңсат болмады. Күндиз колхоздың жумысы, кешке қарай жоңышқа, бийдай орақ, түнлерде дигирман тартыў, аўқат писирип, жетимлердиң қарнын тойдырыў да оған аңсат емес еди. Ол өзиниң мәртлиги, ғайбарлығы менен бәрин жеңди, -дейди анасы ҳаққында.

Шерип аға 1945-жылы толық емес орта мектепти тамамлап, күн көрис ушын Қоңыраттағы етикшилер цехына жумысқа кирди. Бир күни мийнет ҳақысын алып үйине қустай ушып келеди ҳәм анасына қолындағы пулларды бергенинде, ол қуўаныўдың орнына көзлерине жас алады. Сонда:

-Балам, етикшилик  те жаман кәсип емес. Лекин, мен сени етикши болыўың ушын емес, келешекте оқыўыңды даўам етип, билимли адам болыўың ушын тәрбиялаған едим. «Биреў ярдың тусында, биреў баланың тусында бахытлы», деген. Демек, адам бәрқулла бахытсыз болыўы мүмкин емес. Мен сениң бахтыңды көрип, бахытлы болсам деген едим,-дейди. Сол ўақытта Шерип келешекте билимли инсан боламан, қандай қыйыншылықлар болса да жеңип өтемен, деп анасына ўәде берип, оннан  пәтия алып, Нөкиске жолға түсиўдиң ғамында болады.

Шерип ағаның талапларының оңынан  оралыўына, нийетлериниң әмелге асыўларына оның мийнеткешлиги, кеўлиниң ояўлығы, сергеклиги ҳәм жасы үлкенлерден алған ақ пәтиялары да тийкар болды десек қәтелеспеймиз.

Шерип Бабашев 1950-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогокалық институттың тарийх факультетин тамамлап, Қоңырат районындағы орта мектепте муғаллим болып жумыс ислеп атырғанда Нөкиске шақыртылып, 1952-жылдан баслап Жаслар аўқамы Қарақалпақстан ўәлаятлық комитети лекторлар топарын, 1954-жылдан обкомның үгит-нәсият бөлимин басқарды. 1958-1961-жылларда белгили басшы лаўазымлы жумысларда иследи.

1961-1964-жыллары институттың аспирантурасында оқыды ҳәм түркменстанлы академик Ғайып Непесовтың басшылығында кандидатлық диссертациясын қорғап шығады. 1965-жылы илимпаздың «Қарақалпақ комсомоллары Ўатан ушын саўашта» атлы монографиясы баспадан шықты. 1965-жылдан баслап Қарақалпақстан мәмлекетлик тарийх ҳәм үлкетаныў музейинде директор болып иследи.

1969-жылы «Овеянное славой», «Даңққа бөленген» атамасында рус ҳәм қарақалпақ тиллеринде Қарақалпақстан қаҳарманлары ҳаққында альбомы Москва қаласында 25 мың нусқада баспадан шықты. Оның тынбай излениўшилигиниң жемиси ретинде 1970-жылы «Қарақалпақстан жаўынгерлериниң өшпес ерликлери»,  1980-жылы «Труд во имя победы», 1985-жылы «Ратные подвиги воинов из Каракалпаки», 1995-жылы «Қарақалпақстан қаҳарманлары фотоповести», 1997-жылы «Жеңистиң дәреги руўх» атамасындағы китапларын баспадан шығарыўға еристи. Ол илимий жумыслардың бас қасында жүрип, отыз жыл даўамында пединститут ҳәм университетте жасларға устазлық етти.

Илимпаз  Германия, Болгария, Финляндия, Санкт-Петербург, Алма-ата, Москва, Ташкент ҳәм  Нөкис қаласындағы архивлерде отырып екинши жер жүзилик урыс жылларындағы халықтың басынан өткен аўыр күнлерин, репрессия қурбанларының дәреклерин  анықлаўға еристи ҳәм бир неше монографиялар, китаплар жазып, 350 ден аслам илимий мақалалар жәриялады.

Ғәрезсизлик жылларында Ш.Бабашев «Шейитлер естелиги» жәмийетлик қорының Қарақалпақстан бөлими баслығы болып жемисли жумыс ислеп  келмекте. Тоталитарлық дүзим үстемлик еткен жылларда ел басқарған зиялылар менен жай пуқаралардың бийгүна қамалып, тутқын лагерлеринде азап шегиўлери, репрессия қурбанлары болған инсанлардың тәғдирлерин изертлеў оның баслы мақсетине айланған.

-Халқымыздың 20 мыңнан аслам азаматларының репрессия етилгенлигин, ал олардың 7 мыңнан асламының исми-шәриплерин анықлаўға еристим. «Қарақалпақстан Республикасы тарийхындағы сиясий қурбанлар», «Жазықсыз жазаланған репрессия қурбанлары» атлы монографияларымды, «Қарақалпақстанлы жаўынгерлердиң қаҳарманлықлары мәңги жасайды» фотокитабымды, «Дөҳмет дегиши» атлы китабымды шығарыўға еристим. Бундай инсаныйлық иске қол урып, мақсетиме ерискениме қуўанышлыман. Еле де алдымда ислей алмаған ислерим талай ғана. Алла өмир берсе еле де илимий-изертлеў жумысымды даўам етсем, репрессия қурбанлары ҳаққында китапларымның даўамын жазып, халқыма усынсам  деген нийетлерим бар. Еле исленетуғын жумыслар баршылық, үлгериўимиз керек шығар,-дейди ол.

Шерип аға «Баспасөз үйи» не тез-тез келип турады. Ҳәр қашан да күлимсиреп, сәлемиңди әлик алатуғын бул жасүлкенниң жоқарыдағы нийетлериниң орынланып атырғанлығы ҳаққында жақсы хабар еситип қуўанышын бөлистик.  Оның «Қарақалпақстанлы зиялылар үстинен сиясий процесс» атлы китабы баспадан шығыў  алдында тур екен.

-Егер де жаслық дәўириңиз қайта айланып келсе не ислеген болар едиңиз?-дедим Шерип аға менен сәўбетлескенимде, оның пикирлерине қызықсынып.

-Әттең, жаслық дәўир бир мәрте бериледи-дә. Егер де солай болғанда, инглис  тилин жетик үйренип, қарақалпақ халқының тарийхын шет тиллеринде жазып, дүньяға  танытқан болар едим. Мен күсеген әрманларымды әмелге асырыў жолында жүрген жасларымыз аз емес, деген менен айырым жасларымыз билим алыўға немқурайды қарап, жеңил-желпи өмир кешириўге әдетленген.   Усы жерде жасларға сабақ  болсын деген бир ўақыяны айтып кетейин. 1947-жыл еди. Студент гезимде институт асханасында нәўбетте турып, алып атырған жармам баса-баста төгилип қалды. Аш қалмаў ушын институттың кәсиплик аўқамы шөлкеминиң баслығы Қурбанбай Адировтың алдына барғанымда, бир порция арпа  жарма алыў ушын талон алып бергенин ҳеш қашан умытпайман. Соныңдай қыйын дәўирлерде де досларымыз бенен бирге билим алыўға талпынып жасадық. Көп студентлер уршыққа ийирип, қозақта тоқыған, боялған бөзден тигилген бешпент-шалбарда оқыўға баратуғын еди. Мениң де үстимнен екинши курсты тамамлағанға шекем бөз костюм-шалбар түспеген. Жаслар келешекте халық тәғдирине жуўапкер. Соның ушын халқымыздың руўхый мәдениятын, тарийхын үйренип, оның қәдир-қымбатына жетип қәлиплесе берсе екен деймен.

Шерип аға өмир жолында зайыбы Жумагүл апа менен алты перзентин тәрбиялап, оқытып, үйли-жайлы етип қатарға қосты. Олардан ақлық-шаўлықлар сүйип, бахытқа бөленди. Өз елиндеги баўырман досларынан тысқары сырт елдеги қалаларда илимий конференицияларда жүрип, бир неше дослар арттырды. Бир неше шәкиртлерди тәрбиялап шығарды. Қарақалпақ халқының екинши жер жүзилик урыс жылларында фашизмге қарсы гүрестеги қаҳарманлық тарийхын дәслепки изертлеўши илимпаз болып, профессор дәрежесине еристи. Мийнетлери баҳаланып Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери атағына миясар болды.

80 жылдан аслам өмириниң алпыс жылын халықтың тәғдирин, тарийхын изертлеўге арнаған илимпаздың өмир жолынан  елимиздиң бәрше жаслары үлги алса арзыйды.

Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги

Мақала илимпаздың көзи тирисинде жызылып,  «Қарақалпақстан жаслары» газетасының 2013-жыл, 7-февраль санында жәрияланды