Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-август күни ХХХIII жазғы Олимпиада ойынларының жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери менен ушырасты.

Илажда Миллий Олимпиада комитети ҳәм спорт федерацияларының басшылары, тренерлер, спортшылардың ата-аналары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери де қатнасты.

Бизге белгили, бул Олимпиада ойынлары 26-июльден 11-августқа шекем Франция пайтахты Париж қаласында болып өтти. Онда 200 ден аслам мәмлекеттен 11 мыңға шамалас ең күшли атлетлер қатнасты. Өзбекстан 19 спорт түри бойынша 90 спортшы менен қатнасты. Бул абырайлы жарыс биз ушын түпкиликли мәниде рекордлар, мисли көрилмеген жетискенликлерге бай болды.


Мәмлекетимиз басшысы спортшыларды бул үлкен тарийхый жеңис пенен қутлықлап, шығып сөйледи.

– Сизлер оғада кескин беллесиўлерде жоқары мәртлик ҳәм жигерлилик көрсетип, 8 алтын, 2 гүмис, 3 бронза медальды қолға киргизгениңиз мәмлекетимиздиң раўажланыў бағдарындағы жоқары потенциалын билдиретуғын жарқын нәтийже болып есапланады. Бул тарийхый жеңис Жаңа Өзбекстан жаслары қандай уллы ислерди ислей алатуғынын және бир мәрте әмелде көрсетти. Мәмлекетимиз қатнасыўшы мәмлекетлер арасында улыўма командалық есапта 13-орынды, Азия континентинде 4-орынды түркий ҳәм ислам мәмлекетлери сондай-ақ, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы бойынша 1-орынды ийеледи.  Ҳәммемизди қуўандырған бул нәтийжелер Өзбекстан тарийхында бурын ҳеш қашан болмаған жетискенлик болып табылады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Оның ушын спортшы ҳәм тренерлерге барлық шараятлар жаратылды. Спортшыларды таярлаўға көзқарас өзгертилип, излениў ҳәм итибар күшейди. 2021-жылы августта болып өткен сондай ушырасыўда келеси Олимпиадада күшли он бес мәмлекет қатарына кириў мақсет етип қойылған еди. Бул мақтаныш пенен әмелге асырылып, мәмлекетимиз дүньяда 13-орынды ийеледи.

Британияның «Financial Times» басылымында жазылыўынша, Олимпиада медальлары, мәмлекеттиң спорт дүньясында ерисип атырған жетискенликлери мәмлекеттиң улыўмалық раўажланыў ҳәм инсаныйлық раўажланыў дәрежесин билдиреди.

Ҳақыйқатында да, Олимпиада ойынларындағы ҳәр бир нәтийжениң орны, мәниси ҳәм әҳмийети теңсиз болып есапланады. Себеби төрт жылда бир мәрте өтетуғын ири халықаралық жарыста зорлардың зоры қатнасады, ол мәмлекеттиң спорт тараўына итибарын, халықтың физикалық ҳәм руўхый потенциалын көрсетеди.

Жарыста биринши алтын медальды Диёра Келдиёрова қолға киргизди. Бул ҳәм дзюдо бойынша, ҳәм ҳаял-қызлар арасында елимиздиң Олимпиададағы биринши алтын медалы болып тарийхқа кирди.

Және бир мәрт қыз – Светлана Осипова болса таэквондо бойынша биринши гүмис медалды ийелеп, ҳаял-қызлар спорты тарийхында жаңа бет ашты.

Өзбекстан таэквондо бойынша биринши мәрте Олимпиада ойынларында 2 медальды қолға киргизди. Сайланды командамыз өз тарийхындағы ең жақсы нәтийжени көрсетип, улыўма командалық есапта 3-орынды ийеледи. Улуғбек Рашитов Олимпиада ҳәрекети тарийхында таэквондо бойынша ең жас категорияда еки мәрте Олимпиада чемпионы болды.

Өзбекстан дзюдо бойынша өз тарийхында Олимпиадада ең көп медаль алды. Еркин гүрес бойынша 12 жыллық тәнепистен соң және алтын медаль қолға киргизилди.

Бокс бойынша миллий сайланды командамыз алтын медальлар саны бойынша мәмлекетимиз тарийхында Олимпиада ойынлары рекордын жаңалады ҳәм улыўма командалық есапта 1-орынды ийеледи. Ер адамлар арасында жети алтын медальдың бесеўин бизиң боксшилеримиз алды.

Улыўма, Европаның дәл ортасында спортшыларымыз ҳүрметине Өзбекстан гимни 8 мәрте жаңлап, мәмлекетимиздиң байрағы 13 мәрте жоқарыға көтерилди.

Президент бул жоқары нәтийжелер халқымызға үлкен мақтаныш бағышлағанын атап өтип, спортшыларды алғыслады:

– Бул күнлерде пүткил халқымыз Ғәрезсизлик байрамының руўхы ҳәм кейпияты менен жасамақта. Сизлер ерискен жарқын жеңислер ең уллы ҳәм қәдирли байрамымызға мүнәсип саўға болды. Сизлердиң қаҳарманлығыңыз жасларымызға, шетки орынлардағы спортты сүйиўши балаларға күш-қүдирет бағышлады. Пүткил халқымызды қуўанышқа бөледи, және де бирлестирди. Даңқ сизлерге, рахмет сизлерге!

Мәмлекетимиз басшысы спортшыларға, олардың устаз ҳәм тренерлерине, спорт делегациясы ағзаларына миннетдаршылық билдирди. Бул күнлерде Паралимпиада ойынларында қатнасып атырған мәрт спортшыларымызға күш-ғайрат ҳәм әўмет тиледи.

Ушырасыўда 2028-жылы Лос-Анжелесте болатуғын Олимпиада ойынларына таярлық мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Суў спорты түрлери, жеңил атлетика, велоспорт, оқ атыў ҳәм оқжайдан атыў, гимнастика бойынша федерациялар, шараятлар қәбилетли спортшылар бар екенлиги, бирақ нәтийжелери аз екенлиги көрсетип өтилди. Көк шөп үстинде хоккей, баскетбол, гандбол, регби, суў полосы сыяқлы командалық спорт түрлери жетерлише раўажланбаған. Грек-рим гүреси, ат спорты, замангөй гүрес, триатлон, қылышласыў, ескек есиў, велоспорт сыяқлы спорт түрлери бойынша еле иске қосылмаған имканиятлар көп.

Бул спорт федерациялары тийисли жуўмақ шығарып, ендиги Олимпиадаға шекем үлкен таярлық көриўи керек екенлиги атап өтилди.

Атап өтилгениндей, келеси төрт жылда спортшыларды таярлаў бойынша үлкен бағдарламалар қабыл етиледи. Ҳәр бир бағдарда спорт медицинасы, фармакологиясы, диетологиясы, психологиясы ҳәм инженерлиги бойынша сырт елден маман қәнигелер тартылады.

Бул бағдарда «Олимпиада қалашасы»нда жарыслар ҳәм оқыў-шынығыўларды алдыңғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында өткериў бойынша айрықша система жаратылады. Баҳодир Жалолов, Оксана Чусовитина мектеплери сыяқлы қәнигелескен спорт мәкемелери ҳәр бир аймақта, ҳәр бир спорт бағдары бойынша шөлкемлестириледи.

Буннан тысқары, орынларда, әсиресе, мәҳәллелерде жаңадан-жаңа қәбилетлерди жүзеге шығарыў, оларды мәнзилли селекция тийкарында халықаралық жарысларға таярлаў бойынша да айрықша бағдарлама енгизиледи.

Зәрүр инфраструктурасына ийе болған 15  Олимпиада ҳәм паралимпиадаға таярлаў орайы, 6 Республикалық жоқары спорт шеберлиги мектеби, 56 қәнигелестирилген спорт мектебине жергиликли ҳәм сырт ел тренерлери бириктириледи.

Мәмлекетимиз басшысы ғалабалық спортты раўажландырыў миллий олимпиада ҳәрекетиниң ажыралмас бөлеги болыўы керек екенлигин атап өтти. Ҳүкиметке бул бойынша усыныслар ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылды.


Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылы 23-августтағы пәрманына муўапық, Париж қаласында болып өткен ХХХIII жазғы Олимпиада ойынларында жоқары нәтийжелерге ерискен спортшы ҳәм тренерлерден бир топары ҳүрметли атақ ҳәм орденлер менен сыйлықланған еди.



Илажда, әне, усы жоқары сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.






Спортшы ҳәм тренерлер, ата-аналар шығып сөйлеп, жоқары ҳүрмет ҳәм итибар ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

ӨзА