Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң энергияны үнемлеўди тәмийинлеў, альтернатив энергия дәреклеринен пайдаланыўды кеңейтиў мәселелери бойынша өткерген мәжилисинде берилген тапсырмалардың ҳәм 2023-жылы қабыл етилген “Қайта тиклениўши энергия дәреклерин ҳәм энергияны үнемлеўши технологияларды енгизиўди жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен тийисли жумыслар әмелге асырылмақта.
Бажыхана басқармасы баслығының орынбасары Н.Назарбаев тәрепинен Төрткүл районындағы “Гарант Банк” АЖ да қуяш панелин орнатыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди.
Бул банк тәрепинен оның 404 м2. майданында қуўатлылығы 75 кВт.қа тең 160 қуяш панели орнатылған болып, ҳәзирги ўақытта қуяш панельлери ислеп шығарып атырған электр энергиясынан нәтийжели пайдаланылмақта.
Қуяш панельлери ислеп шығарған электр энергиясы банк хызмети жумысларының мүтәжликлери ушын жумсалмақта.
Орынларда бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги