Бажыхана уйымларында ҳәр пийшемби – «Профилактикалық илажлар күни». Усы күни, пост арқалы ҳәрекетленип атырған пуқараларға республикамызда коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый механизми жаратылғанлығы ҳәм шегарадан товар ҳәм материаллық байлықларды алып өтиў критериялары турақлы түрде посттағы бажыхана хызметкерлери тәрепинен түсиндирилип барылады.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының “Даўыт ата” шегара бажыхана постында да усындай илаж өткерилди.

Бул жерде пост арқалы ҳәрекетленип атырған пуқараларға коррупция, дәмегөйлик, парахорлық, ҳәмелинен пайдаланыў, ўәкиллик шеңберинен шетке шығыў сыяқлы жынаятшылықлар ҳәм басқа да унамсыз жағдайлар жүз бериўиниң алдын алыў бағдарында профилактикалық илажлар өткерилди.

Атап өтилгениндей, “Исеним телефонлары” арқалы пуқаралар бажыхана уйымлары хызметкерлери тәрепинен жол қойылып атырған коррупция ҳәм басқа да нызамға қайшы ҳәрекетлер, сондай-ақ, бажыхана тараўына тийисли басқа да жынаятлар ҳәм ҳуқықбузарлықлар ҳаққында хабар бериўи мүмкин.

Бажыхана хызметкерлери тәрепинен коррупцияға қол урыў ҳәм материаллық мәп талап етиў жағдайлары бақланғанда, бажыхана уйымларының 11-08, 61-224-90-81 исеним телефонларына қоңыраў етиўине болады.

Илаж даўамында жолаўшыларға түсиник жумыслары алып барылып, тийисли буклетлер тарқатылды ҳәм олар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги