2024-жыл 28-август күни Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов ЮНИСЕФтиң мәмлекетимиздеги ўәкилханасының басшысы Реҳина Мария Кастижионы қабыллады.

Тәреплер биргеликтеги жойбарлар саны ҳәм көлеми кеңейип атырғанын атап өтти. Атап өтилгениндей, ул-қызлар ушын қолайлы шараят елдиң турақлы раўажланыўына қойылған ең әҳмийетли инвестиция болып есапланады.

Сыртқы ислер министрлиги ЮНИСЕФтиң Өзбекстан Ҳүкимети менен биргеликте балаларымыз ушын жақсы келешек жаратыў жолындағы мәмлекетимиздеги жумысын қоллап-қуўатлаўда даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги