Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы Сиясий Кеңесиниң басламасы менен партияның Сайлаўалды бағдарламасын додалаўға бағышланған ғалабалық тыңлаў илажы болып өтти.

Онда партияның Қарақалпақстан Республикасы, қалалық ҳәм районлық кеңеслериниң хызметкерлери, партия белсендилери, депутатлар, жаслар, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Бул илаж мәмлекетимизде 27-октябрь күни өткерилетуғын сайлаўлар алдынан партияның Сайлаўалды бағдарламасы жойбарын жетилистириў, халық ўәкиллеринен көбирек усыныслар алыў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Илажда Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы Сиясий Кеңеси баслығының орынбасары Ислам Ҳамроев илаж қатнасыўшыларын Сайлаўалды бағдарламасы жойбары менен таныстырды.

Атап өтилгениндей, ҳәр бир сиясий партияның сайлаўларда белсене қатнасыўы халықшыл, демократиялық принциплерге жуўап беретуғын сайлаўалды бағдарламаны ислеп шығыў, оны халыққа усыныў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўға байланыслы. Усы мақсетте Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы да орынларда өзиниң сайлаўалды бағдарламалары жойбарының жәмийетлик тыңлаўларын өткермекте.

Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы жумысшылар, жоқары маманлықтағы қәнигелер, бюджет тараўы хызметкерлери, педагоглар, шыпакерлер, илимий ҳәм инженер-техник хызметкерлер, хызмет көрсетиў тараўы жумысшылары, сондай-ақ, ертеңги келешегимиз  есапланған жасларды өз электораты деп биледи. Соның ушын партия өзиниң жаңа сайлаўалды бағдарламасында да әне усы қатлам, соның менен бирге, ҳәр бир ўатанласымыздың мәпинен келип шығып, халқымыздың абаданлығына, елимиздиң раўажланыўына хызмет ететуғын, халқымызды ойландырып киятырған көплеген әҳмийетли мәселелердиң шешими бойынша анық усыныс ҳәм басламаларды алға қоймақта.

– Сайлаўалды бағдарламасын ислеп шығыў бир жыл даўамында әмелге асырылды. Онда “Халықтан алып, халыққа беремиз” сүрени астында халқымыз арасынан жыйналған 20 мыңнан аслам усыныс ҳәм идеяға, партия Уставы ҳәм усы ўақытқа шекем қабыл етилген тийкарғы бағдарламаларды сын көзқарастан таллаўға, 150 ден аслам сырт елдеги социаллық-демократиялық бағдардағы сиясий партиялар менен ҳәрекетлердиң тәжирийбесин үйрениўге үлкен итибар қаратылды,-деди Ислам Ҳамроев.

Сондай-ақ, Бағдарламада Коррупцияға қарсы гүресиў, дәри-дәрмақлардың бирден-бир электрон базасын қәлиплестириў, “Ақыллы медицина” системасын ислеп шығыў, медицина тараўын жетилистириў, судьялардың қәнигелесиўин буннан былай да кеңейтиў, мийнет, салық, қаржы, интеллектуаллық мүлк, жас өспиримлердиң ҳуқықларын қорғаўға байланыслы келиспеўшиликлер бойынша қәнигелестирилген судьялар корпусын жаратыў, жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилери ушын “кепилликли биринши жумыс орны” жойбарын әмелге асырыў, пиядалар жолларында имканияты шекленген майып инсанлар ушын теңдей шараятлар жаратыў, ҳаял-қызларға қарсы зорлықлардың алдын алыў, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты раўажландырыўға бағдарланған тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалар белгиленген.

Илаж соңында қатнасыўшылардың сайлаўалды бағдарламасы бойынша пикир-усыныслары тыңланды, жаңа усыныс ҳәм басламалар ортаға тасланды. Билдирилген усыныслар экспертлер тәрепинен үйренилетуғын болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги