Мойнақ районындағы орайлық Амфитеатрда да «Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек Ўатанбыз!» сүрени астында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жыллығына арналған театрластырылған музыкалы хореографиялық байрам илажы болып өтти.

Байрам кешесинде район ҳәкими Б.Менглибеков шығып сөйлеп, район халқын ҳәм мийманларды Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

Атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиздиң мойнақлыларға айрықша дыққат-итибары нәтийжесинде соңғы жылларда район аймағында халықтың жасаў шараятын жақсылаў мақсетинде социаллық-экономикалық, қурылыс-абаданластырыў, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда бир қатар илажлар әмелге асырылды.

Байрам илажы көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти. Онда Мойнақ районы Мәденият бөлими ҳәм билимлендириў мәкемелери менен биргеликте талантлы жаслардың концерт бағдарламалары, әскерий хызметкерлердиң, жас спортшылардың шығыўлары, дуўтаршылар ҳәм жас қосықшылардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойылды.






Халық сейилге шығып орынларда байрам илажлары кеўилли даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги