Бүгин, 28-август күни, Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў алтыншы жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилип атырған жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып бармақта.

Жалпы мәжилистеги мәселелерди додалаў процесин Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги