Өзбекстанда алып барылып атырған экономикалық реформалар сырт мәмлекетлер менен саўда байланысларының жедел өсиўине хызмет етпекте. Атап айтқанда, мәмлекеттиң экспорт потенциалын арттырыў бойынша қабыл етилген қарарлар жергиликли компанияларға сыртқы базарларда көбирек тәжирийбе арттырыўға имкан береди. Соңында, олар дүнья саўдасында бәсекилеслик үстинликке ийе болады.

Бул бойынша кейинги жыллары әмелге асрылып атырған экспортты хошаметлеў, импортты оптималластырыў ҳәм улыўма алғанда сыртқы саўдада тең салмақлылықты тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде, 2024-жылдың январь-июль айларында республиканың сыртқы саўда айланысы 36,8 млрд. АҚШ долларына жетти ҳәм 2023-жылдың январь-июль айларына салыстырғанда 1,9 млрд. АҚШ долларына ямаса 5,3 процентке көбейди.

Январь-июль айларында саўда көлеми төменлеген болса да, Қытай Өзбекстанның сыртқы саўдадағы тийкарғы шериги болып қалмақта. Россия менен саўда тезлести. Қазақстан ҳәм басқа қоңсы мәмлекетлер, Түркия, Корея ҳәм Германия менен товар алмасыў азаймақта. Алтын саўдасының төменлеўи экспорт көлемин азайтты.

Статистика агентлиги есабатында келтирилиўинше, усы жылдың жети айында Өзбекстанның сыртқы саўда айланысы 36,8 млрд. долларды қурады. Бул 2023-жылдың сол дәўирине салыстырғанда 1,86 млрд. доллар ямаса 5,3 процентке көп. Саўданың өсиўи жыл сайын төменлеген (экспорт ҳәм импорт та). Салыстырыў ушын: 2023-жылдың январь-июль айларында товар алмасыў көлеми өткен жылдың сол дәўирине салыстырылғанда 23,3 процентке өскен еди.

Алтынды есапқа алған ҳалда экспорт көлеми 1,1 процентке (2023-жылы январь-июльда 31 процентке өскен) – 14,79 млрд. долларға қысқарды. Соның менен бирге, монетар болмаған алтынды есапқа алмағанда экспорт 10,9 процентке тезлесип, 10,59 млрд. долларды қурады (өткен жылдың сол дәўиринде өсиў 10,4 процентти қураған еди).

Импорт 10,1 процентке артып, 22,05 млрд. долларды қурады (2023-жылдың жети айында 18,1 процентке артқан). Сыртқы саўда айланысында импорттың үлеси 57,2 проценттен 59,9 процентке артты.

Экспорттың қысқарыўы алтын жеткерип бериўдиң шерек бөлимге қысқарғаны менен көрсетилген. Егер өткен жылдың жети айында сырт елге 5,64 млрд. долларлық баҳалы металлар жеткерип берилген болса, усы жылдың басынан берли бул көрсеткиш 4,19 млрд. долларға өсти.

Өзбекстан бул дәўирде палыз өним ҳәм мийўелер экспортын 16,5 процентке – 801,9 млн. долларға шекем, гөш ҳәм гөш өнимлерин 20,4 млн доллар, сүт ҳәм мәйек өнимлерин 19,3 млн. доллар, нефть ҳәм нефть өнимлерин 399,9 млн. долларға арттырды.

Сондай-ақ, электр энергиясы 68,6 млн. доллар, органикалық емес химиялық элементлер 516,2 млн. доллар, төгинлер 184 млн. доллар, реңли металлар 862,5 млн. доллар, басқа транспорт үскенелери 112 миллион доллар, анық тармақлар ушын мөлшерленген машиналар экспорты 52,4 миллион долларға көбейди. Соның менен бирге, дән ҳәм оннан таярланған өнимлер 195,6 млн. доллар, ишимликлер 29 млн. доллар, темир ҳәм полат 124 млн. доллар, автомобильлер, аўысық бөлеклерди жеткерип бериў экспорты 199,5 млн. долларға азайды.

Телекоммуникация, компьютер ҳәм мәлимлеме хызметлери экспорты 57,8 процентке өсти – 189,5 млн. доллардан 299,1 млн. долларға шекем. Тоқыўшылық өнимлери экспорты 4,4 процентке қысқарып, 1,78 млрд. долларды қурады. Сондай-ақ, Өзбекстан әсте-ақырын өткен жылғы газ экспорты көлемине қайтпақта. Жыл басынан берли сырт елге жеткерип бериў 323,1 млн. долларға жетти. Бул өткен жылдың сол дәўирине (341,9 млн доллар) салыстырылғанда 5,5 процентке аз. Январьда бул көрсеткиш 21 млн. долларды қурады, февральда 5,7 млн. доллар, мартта 18,7 млн. доллар, апрельде 16,9 млн. доллар, майда 7,6 млн. доллар, июньда 181,5 млн. доллар.

Туризмнен түсимлер 1,23 миллиард доллардан 1,75 миллиард долларға шекем – 41,4 процентке көбейди. Хызметлер экспортында туризмниң үлеси 42,1 проценттен 47,1 процентке көтерилди. Алдын ең үлкен үлес транспорт хызметлерине туўра келген болып, ондағы түсимлер бираз төмен өспекте – 1,4 млрд долларды қураған.

Қумшекер, қумшекер өнимлери ҳәм пал импорты 12,5 процентке – 367 млн. долларға, палыз өними ҳәм мийўелер 254,1 млн. долларға, гөш ҳәм гөш өнимлери 242 млн. долларға, тири ҳайўанлар импорты 61,1 млн. долларға, кофе, чай, какао ҳәм дәмли шөплер 223,8 млн. доллар, ишимликлер 103,2 млн. доллар, ҳайўанлар ушын азықлық 159,1 млн. долларға өсти.

Газ импорты 983,7 млн долларға жетти. Бул 2023-жылдың жети айына салыстырылғанда дерлик 5 есеге көп. Май айында импорт көлеми 180,4 млн. долларды, июнь айында 166,3 млн. долларды, июльда 174,2 млн. долларды қурады.

Өзбекстанға нефть ҳәм нефть өнимлерин жеткерип бериў көлеми де артты – 1,3 млрд. доллар, медицина ҳәм фармацевтика өнимлери 1,05 млрд. доллар, энергия ислеп шығарыўшы машиналар ҳәм үскенелер 629,7 млн. доллар, электр машиналары, аппаратлары ҳәм басқа қурылмалары 1,34 млрд. доллар, металлды қайта ислеў машиналары 182,7 млн. долларға өсти.

Қытай менен саўда айланысы төменлеп баслады (-0,007 процент) – 6,899 млрд. доллардан 6,85 млрд. долларға шекем. Бул тийкарынан Өзбекстан экспортының төменлеўи есабына жүз берди – 1,53 миллиард доллардан 1,17 миллиард долларға шекем. Соның менен бирге, Қытайдан Өзбекстанға импорт 5,7 процентке көбейди.

Россия менен товар алмасыўдың өсиўи 29 процентке тезлести – 5,27 млрд. доллардан 6,8 млрд. долларға шекем. Мәмлекетлер арасында экспорт та, импорт та өсип бармақта.

Қазақстан менен саўда айланысы қысқарыўда даўам етпекте – 2,49 млрд. доллардан 2,27 млрд. долларға шекем, Өзбекстаннан Қазақстанға экспорт 735,4 млн. долларға, Қазақстаннан импорт болса 1,54 млрд. долларға азайды.

Қырғызстан, Тәжикстан, Түркия, Қубла Корея, Германия, Бразилия менен саўда айланысы азайды. Соның менен бирге, Түркменстан, Франция, Аўғанстан, АҚШ, Ҳиндстан, Литва ҳәм басқа мәмлекетлер менен товар алмасыў көбейди.

Өзбекстан сыртқы саўдасында Қытайдың үлеси 18,6, Россия 18,5, Қазақстан 6,2, Түркия 4,6, Корея Республикасы 3,2 процентти қурайды. Салыстырыў ушын, 2023-жылдың январь-июль айларында үлеслер төмендегише бөлистирилген еди: Қытайдың үлеси 19,7 процент, Россияның үлеси 15,1 процент, Қазақстанның үлеси 7,1 процент, Түркияның үлеси 5,3 процент, Корея Республикасының үлеси болса 3,6 процентти қурамақта.

 

Шаҳноза Маматуропова,

ӨзА