Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли мийманлар!
Қәдирли ўатанласлар!
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Бүгинги көтериңки ақшамда сизлер менен қуяшлы Өзбекстанда, Ўатанымыздың бийбаҳа гәўҳары болған саўлатлы Самарқанд қаласында көрисип турғанымнан қуўанышлыман.
Бәринен бурын, ЮНЕСКО қәўендерлигинде өткерилип атырған «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалына келген сиз, ҳүрметли көркем өнер ғайраткерлерине, абырайлы ветеран мийманларымызға, сырт еллердиң елшилери ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерине, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлерине терең миннетдаршылық билдиремен.
Ҳәммеңизге қызғын ҳүрмет-иззетимди билдирип, пүткил Өзбекстан халқының сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткериўге рухсат еткейсиз.
Ҳүрметли фестиваль қатнасыўшылары!
Пандемия себепли пайда болған бес жыллық тәнепистен соң өтип атырған «Шарқ тароналари» фестивалын көркем өнер шеберлери де, ықласбентлер де бирдей сағынған, десем, ҳақыйқатты айтқан боламан. Соның ушын, бүгинги көркем өнер байрамы ҳәммемизди жаңаша руўх ҳәм кейпият пенен өзине шақырмақта.
Мәмлекетимизде он үшинши мәрте өткерилип атырған бул әнжуман «Шарқ тароналари» деп аталса да, бүгинги күнде ол мазмун-мәнисине бола, «Жәҳән тароналари» фестивалына айланғанына ҳәммемиз гүўамыз.
Бул ҳақыйқатты биринши фестивальда 31 мәмлекет ўәкиллери қатнасқан болса, быйыл барлық континентлердеги 80 ге шамалас мәмлекеттен 400 ден аслам көркем өнер шеберлери ҳәм илимпазлар қатнасып атырғаны да тастыйықлайды.
Өткен дәўир даўамында Самарқандтың жулдызлы аспаны астында қаншадан-қанша сыйқырлы ырғақлар, өмир бағышлайтуғын намалар жаңлады. Әййемги Шығыс қушағында туўылған қәдириятлар әнжуманымыз себепли халықаралық көлемде кең итибар ҳәм даңққа еристи. Фестиваль онлаған шебер атқарыўшы ҳәм сәзенделерди, талантлы жасларды жүзеге шығарды, олардың пәрўазына қанат, дөретиўшилигине күш ҳәм илҳам бағышлады.
Қәдирли дослар!
Дүньядағы барлық халықлар қатарында өзбек ели де тынышлық ҳәм татыўлықты жоқары қәдирлейтуғын, ақкеўил ҳәм кеңпейил халық болып есапланады. Жаңа Өзбекстанның сыртқы сиясатының түпкиликли мәнисин де ҳәр қыйлы мәмлекетлер менен тынышлық ҳәм бирге ислесиў, дослық қатнасықларын раўажландырыў принципи қурайды.
Усы мәниде, елимизде «Шарқ тароналари» әнжуманы менен бирге, халықаралық мақам көркем өнери, бақсышылық көркем өнери, өнерментшилик фестивальлары, фольклор ҳәм аяқ-ойын көркем өнери бойынша «Уллы жипек жолы», «Ләзги» халықаралық фестивальлары, Ташкент халықаралық кинофестивалы сыяқлы ири мәдений илажлар турақлы өткерилип келинбекте. Олар, өз гезегинде, Өзбекстанның дүнья халқын тынышлық-татыўлыққа, туўысқанлық ҳәм аўызбиршиликке шақыратуғын ийгиликли мәмлекет болып есапланады.
Бундай шақырық ҳәзирги ўақытта оғада үлкен әҳмийетке ийе. Себеби бүгин көз алдымызда дүньяның пүткиллей жаңа, турақсыз, қәўетерли геосиясий ҳәм геоэкономикалық архитектурасы қәлиплеспекте. Ҳәр қыйлы мәмлекетлер арасында келиспеўшилик ҳәм тартыслар, қарама-қарсылық, исенимсизлик орталығы күшеймекте. Жәмийетлер ишинде руўхый кризис тамыр жаймақта. Тынышсыз ҳәм қәўип-қәтерли заманда әзелий қәдириятларды, адамгершилик көринисин сақлап қалыў күн сайын қыйын болып бармақта.
Мине, усындай қурамалы жағдайда иләҳий булақлардан күш-қуўат алып, ўақыт ҳәм мәкан шегараларынан асып гуманистлик идеалларды жырлайтуғын ҳақыйқый көрем өнер, музыка ҳәм әдебият қутқарыўшы күш болып ортаға шығыўы зәрүр.
Бүгин биз таңлаған жол келешегимиз ҳәм тәғдиримизди белгилейди. Бул әййемги дүнья тынышлық ҳәм дослық пенен гүллеп-жаснайды, жасарады. Инсанлар, халықлар ҳәм мәмлекетлер арасындағы аўызбиршиликти болса, биринши гезекте, сизлердей жақсы нийетли дөретиўшилер, сизлердиң пикирлериңиз ҳәм татыўлығыңыз, әдебий-мәдений бирге ислесиў беккемлейди.
Әзиз дослар!
Мине, бул саўлатлы майданда исенимли желбиреп турған байрақларға қараң! Қайсы мәмлекет, қайсы халық тымсалларын көрмейсиз бул жерде! Олар сәўлелендиретуғын реңлер жилўасы ҳәм гармониясы, фестивальда жаңлайтуғын нама ҳәм қосықлар ҳәммемиздиң кеўлимиздеги уллы арзыў-умтылыслар менен үнлес ҳәм уқсас болып табылады. Усы жағдайдың өзи де инсанияттың тийкары ҳәм келип шығыўы бир екенинен дәрек бермей ме?
Мине, усындай ийгиликли ҳәм уллы мақсетлерди өз өмириниң мазмуны деп билген сиз, әзизлерди – жети ықлымнан келген тынышлық ҳәм дослық елшилерин бүгин миймандос ҳәм мәрипатлы Самарқанд халқы, пүткил Өзбекстан халқы қушағын ашып күтип алмақта.
Бизиң халқымыз әзел-әзелден көркем өнерге меҳир ҳәм ықлас қойып жасайды, музыканы инсан руўхының илаҳий қуўаты деп биледи. Уллы Шығыс ойшыллары музыка илими ҳәм тарийхы, мақам көркем өнери, саз әсбаплары ҳаққында әжайып шығармалар жаратқан. Биз ҳәммемиз мине, усындай өлмес мәдений мийрастың мийрасхорларымыз. Бул үлкен мийрасты биргеликте үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў, оны келешек әўладларға зыянсыз жеткериў алдымызда турған ең әҳмийетли ўазыйпа.
Усы мәниде, бийтәкирар Самарқанд жеринде дүньяның белгили илим ҳәм мәденият ғайраткерлериниң қатнасыўында мәмлекетимиздиң мәдений мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша күни кеше өткерилген гезектеги халықаралық илимий конгресс әмелий қәдем болды.
Бул әнжуманда мәмлекетимиздиң мәдений-гуманитарлық турмысында өзине тән мегажойбар болған Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының жумысын жетилистириў бойынша жаңа идея ҳәм басламалар, баҳалы пикир-усыныслар билдирилгени бизди, әлбетте, қуўандырады.
Әсиресе, муқаддес мусылман дининиң гуманистлик мәнисин ашып бериў, ислам, бәринен бурын, жақсылық, тынышлық, илим-ағартыўшылық ҳәм мәденият тәлийматы екенин және бир мәрте атап өтиў, исламофобия көринислерин сапластырыўға қаратылған ҳәрекетлер оғада әҳмийетли.
Пурсаттан пайдаланып, бүгинги салтанатымызда қатнасып атырған, Өзбекстанның ҳақыйқый дослары болған бул конгресстиң ҳүрметли ағзаларына жанажан Ўатанымыз, халқымызға көрсетип атырған жоқары ҳүрмет ҳәм итибарлары ушын шын кеўлимнен миннетдаршылық билдиремиз.
Қәдирли дослар!
Бүгинги күнде «Шарқ тароналари» фестивалының тарийхы ҳәм дәстүрлерин, Шығыстың бай ҳәм реңли музыкалық мәдениятына байланыслы мағлыўматларды өзинде жәмлейтуғын айрықша энциклопедия ҳәм оның виртуал формасы – көп тармақлы мәлимлеме платформасын жаратыўдың ўақыты келди, деп есаплайман.
Мен бул энциклопедияны таярлаўда, дүньяның ҳәр қыйлы музей ҳәм китапханалары, архив ҳәм фондларында бөлек-бөлек сақланып атырған баҳалы мағлыўматларды топлаў, олардың бирден-бир базасын жаратыў ҳәм келешек әўладларға жеткериўдей ийгиликли ҳәм қайырлы жумыста бәршеңиз белсене қатнасасыз, деп исенемен.
Соның менен бирге, елимизде қәлиплескен унамлы тәжирийбеден келип шыққан ҳалда, бул әнжуманымыздың көлеми ҳәм тартымлылығын және де арттырыў мақсетинде «Шарқ тароналари» фестивалының халықаралық Дослар клубын шөлкемлестириўди усыныс етемен.
Бизге белгили, ҳәр бир фестиваль даўамында жаңадан-жаңа музыкалық шығармалар жаратылады, ықласбентлер кеўлинен орын алатуғын гөззал нама-қосықлар атқарылады. Тилекке қарсы, мине, усындай сийрек гезлесетуғын намалар көбинесе тек ғана бир әнжуман шеңберинде жаңлайды, халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятланбайды. Соның ушын, фестивалымыздың барлық жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелериниң қатнасыўында дүнья еллериниң абырайлы сахналарында үлкен-үлкен концерт бағдарламаларын көрсетиў усынысын билдирсем, сизлер де бул пикирди қоллап-қуўатлайсыз деп ойлайман.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
«Шарқ тароналари» фестивалы бийтәкирар Регистан майданында, «Жер жүзиниң дүрданасы» деп даңқ таратқан, әсирлер даўамында өз көриниси ҳәм таңқаларлық абырайын сақлап киятырған әпсаналық Самарқанд қаласында өткерилиўи әлбетте, бийкарға емес.
Буннан мың жыл алдын Шығыстың белгили шайыры Абул-Фатҳ ал-Бустий «Бул дүнья жәннетиниң аты эрур Самарқанд», деп жазған еди. Бул ҳақыйқый баҳа тек ғана тарийхый емес, ал заманагөй Самарқанд ушын да оғада сәйкес ҳәм мүнәсип болып есапланады.
Өтмиште қаншадан-қанша кәрўан жоллары өткен, қандай уллы тарийх ҳәм мәденият жаратқан, қалалар сәрдары Самарқанд бүгин және нәўқыран көриниске ийе болып, дүнья жәмийетшилигине тынышлық сәлемин жоллап тур.
Фестиваль шарапаты менен сырт елден келген мийманларымыз Самарқандты және бир мәрте өзлери ушын ойлап тапқан, не-не шайырлар, не-не қосықшылар жырлаған бул саўлатлы қаланың бүгинги көриниси, ашық кеўил ҳәм сақаўатлы халқымыздың жақсы пазыйлетлери оларды, әлбетте, өзине ашық етеди, деп исенемиз.
Пурсаттан пайдаланып, әнжуман шеңберинде өткерилетуғын «Шарқ халқлари музыка мәденияты: глобалласыў процесслеринде дөретиўшилик үйлесиў принциплери» темасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция жумысына табыс тилеймен.
Бүгинги көркем өнер байрамын жоқары дәрежеде шөлкемлестириўге үлес қосқан, өз кәсибиниң шебери ҳәм пидайысы болған барлық инсанларға, мийнеткеш ҳәм уллы, меҳри дәрья Самарқанд халқына шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Кеўиллерди кеўиллерге, еллерди еллерге байланыстыратуғын «Шарқ тароналари» дүнья бойлап бәрқулла жаңғырып жаңласын!
Фестивальдың барлық қатнасыўшыларына әўмет ҳәм табыслар яр болсын!