Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Коррупцияға қарыс гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери комитети, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәм Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ўәкиллеринен ибарат делегацияның Малайзия мәмлекетине сапары басланды.
Сапардың тийкарғы мақсети еки мәмлекеттиң коррупцияға қарсы гүресиўге жуўапкер уйымлары арасында өз-ара бирге ислесиў қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм тараўда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерин додалаўдан ибарат.
Дәслеп делегация ағзалары Малайзия парламенти Сенатының Мәмлекетлик басқарыў, қалыслық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша арнаўлы комитети, “Malayziya Transparency International” шөлкеми, “Коррупция ҳәм непотизмге қарсы гүресиў орайы” (C4) басшылары менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткерди.
Ушырасыўларда коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилип, шөлкемлер көлеминде турақлы тәжирийбе алмасыў механизмлерин көрип шығыў, биргеликтеги жойбарларды иске қосыў ҳәм перспективадағы режелер додаланды.
Атап айтқанда, Малайзия парламенти Сенатының Мәмлекетлик басқарыў, қалыслық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша арнаўлы комитетиниң баслығы Арман Азха Абу Ханифа менен ушырасыўда коррупцияға қарсы нәтийжели гүресиўди тәмийинлеў ашық-айдын ҳәм есаплы мәмлекетлик басқарыў системасын қәлиплестириўде парламенттиң орны, еки мәмлекеттиң бул бағдардағы тәжирийбе ҳәм көзқараслары ҳаққында өз-ара пикир алысылды.
“Malayziya Transparency International” шөлкеми президенти Муҳаммад Мохан менен сөйлесиўде болса коррупцияға қарсы гүресиўде мәмлекетлик емсе шөлкемлердиң қатнасыўы, БМШтың коррупцияға қарсы Конвенциясы ҳәм тараўдағы басқа халықаралық стандартлардың миллий нызамшылыққа имплементациясы, коррупцияға қарсы гүресиў уйымлары ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының бирге ислесиў механизмлерине итибар қаратылды.
Малайзияның Коррупция ва непотизмге қарсы гүресиў орайы (С4) жумысының мақсети ҳүкиметтиң барлық дәрежелеринде ашық-айдын ҳәм есап бериўшилик сиясатын алға қойыўға қаратылған.
Орайдың директорлар кеңеси баслығы Эдмунд Теренс Гомес бенен ушырасыўда мәплер соқлығысыўының алдын алыўда миллий нызамшылықты беккемлеў мәселелери додаланып, өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм кадрлар потенциалын раўажландырыў, коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша мағлыўмат ҳәм профессионал материаллар алмасыўын жолға қойыў бағдарларында әҳмийетли келисимлерге ерисилди.
ӨзА