Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи даўам етпекте.

Импорттың орнын басатуғын ҳәм экспортқа қолайлы өнимлерди көбейтиў ушын заманагөй технологиялар зәрүр. Бундай әсбап-үскенелерге буйыртпа берип, алып келиўге көп ўақыт кетеди.

Бирақ, шәртнама мүддетине қарамастан сатып алынған үскене 180 күнде жетип келмесе, мүддети өткен дебитор қарыздарлық пайда болады.

Исбилерменлер үскене келмегенше басқа импорт шәртнамаларына төлемди әмелге асыра алмайды, алдыннан төлемсиз экспорт етиўи мүмкин емес, мәмлекет тәрепинен белгиленген жеңиллик ҳәм субсидиялардан пайдаланыўы шекленген.

Усы мүнәсибет пенен ендигиден былай шеттен үскене ҳәм комплектлеўши бөлек алып келиўде шәртнама мүддети бузылмаса, мүддети өткен қарыздарлық болмайтуғыны белгиленди.

Сондай-ақ, көп исбилерменлер экспорт бойынша ҚҚСты қайтарыўда артықша тосық бар екенлигин айтпақта. Салық ҳәм бажыхананың мәлимлеме системалары бир-бирине жалғанған болса да, экспортты тастыйықлайтуғын ҳүжжет талап етилмекте.

Буннан былай, бажыхана уйымының экспортты тастыйықлаўшы электрон мағлыўматы ҚҚСты қайтарыў ушын тийкар болады, басқа артықша ҳүжжетлер талап етилмейди.

ӨзА