Сайлаў – 2024
Сайлаўлар ҳәр бир мәмлекеттиң демократия жолындағы ең әҳмийетли нормаларынан бири болып есапланады. Ол арқалы пуқаралар сиясий ерк-ықрарын билдиреди, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын қәлиплестириўге тәсир көрсетип, басқарыўда қатнасыў имканиятына ийе болады.
Бизге белгили, Өзбекстанда бундай әҳмийетли сиясий процесстиң гезектегиси усы жылдың 27-октябрь күни болып өтеди. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Халық депутатлары жергиликли Кеңеслерге депутатлар сайлаўына таярлық ҳәзирги ўақытта қызғын түрге кирген.
Хош, бул гезектеги сайлаўлардан нелер күтилмекте? Жаңа сайлаў системасындағы жаңалықлар нелерден ибарат? Улыўма, бул сиясий процесс миллий нызамшылығымыз ҳәм халықаралық талапларға қаншелли сәйкес келеди?
Усындай сораўлар менен ӨзАның хабаршысы Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Зайниддин Махаматович Низамходжаев пенен сәўбетлести.
– Зайниддин Махаматович, Орайлық сайлаў комиссиясы сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериўди шөлкемлестириўде ең тийкарғы орган болып есапланады. Гезектеги сайлаўда мүнәсип тәризде өткериўде Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен қандай таярлық көрилмекте?
– Өзбекстанда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Халық депутатлары Кеңеслериниң сайлаўы жүдә әҳмийетли сиясий ўақыя. Конституциямыздың 128-статьясына бола, сайлаў кампаниясына парламент ҳәм жергиликли Кеңес депутатларының ўәкиллик мүддети тамам болатуғын жылы 90 күн қалғанға шекем старт бериледи. 2024-жыл 26-июль күни болып өткен Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилисинде октябрь айының үшинши он күнлигиниң биринши екшембиси, яғный 27-октябрь сайлаў күни деп жәрияланды.
Бул сиясий процесске таярлық әдеўир алдын басланғанын атап өтиў керек. 2023-жыл 18-декабрь күни қабыл етилген конституциялық нызам – Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодекси ҳәм «Референдум ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша конституциялық нызам тийкарында таярлық көрилди. Яғный, онда быйыл болатуғын сайлаўлар биринши мәрте аралас – мажоритар ҳәм пропорционал сайлаў системасы тийкарында өткерилетуғыны белгиленди. Соннан келип шығып, ОСКтың нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлери, қарарлары ҳәм инструкциялары усы конституциялық нызам тийкарында жетилистирилип, оған үйлестирилди. Сайлаў нызамшылығына киргизилген бул өзгерислерден келип шығып, быйылғы жылы болып өтетуғын сайлаўларға таярлық көрилди.
– Быйылғы сайлаў биринши мәрте аралас сайлаў системасы тийкарында өткериледи. Бәринен бурын мине, усы система, улыўма, сайлаў нызамшылығындағы жаңалықлар, олардың тийкарғы мазмунына тоқтап өтсеңиз?
– Ҳақыйқатында да мәмлекетимизде болып өтетуғын парламент сайлаўы биринши мәрте аралас – мажоритар ҳәм пропорционал сайлаў системасы тийкарында өткерилетуғыны нызамшылығымызда белгиленди. Оған бола, төменги палатадағы 150 депутатлардың 75 и мажоритар системада, 75 и болса пропорционал система, яғный партия тәрепинен берилетуғын дизим тийкарында сайланады. Мажоритар системада 75 депутат 75 бир мандатлы сайлаў округинен, қалған 75 и болса партия дизими тийкарында бир сайлаў округинен сайланады.
– Бүгинги күнде санластырыў ҳәр бир тараўға жеделлик пенен кирип бармақта. Сайлаў процесслерине де санлы технологияларды енгизиў бағдарында қандай жумыслар әмелге асырылмақта?
– Әлбетте, санлы технологиялар пүткил дүнья жәмийетшилигиниң турмысына кирип барыўы халыққа қолайлықлар жаратады. Сайлаў системасы да буннан жырақ емес. Санлы технологиялар Өзбекстан сайлаў системасына 2019-жылы болып өткен парламент сайлаўынан баслап әмелиятқа киргизип басланды. Яғный, сайлаў ҳуқықына ийе болған сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими қәлиплестирилди. Бул дизим тийкарында сайлаў округлери ҳәм участкалары дүзиледи. Бул сайлаў участкаларына сайлаўшыларды бириктириў, сайлаў нызамшылығы тийкарында сайлаў участкаларын шөлкемлестириў, олардың шегараларын анық белгилеў ҳәм сайлаўшылардың дизимин қәлиплестириў, әлбетте, сайлаўшыларымызға қолайлық жаратады. Ҳәр бир пуқара сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими арқалы өзиниң сайлаў участкасын, оның қай жерде жайласқанлығы ҳәм сайлаўға тийисли басқа барлық мағлыўматларды усы электрон система арқалы билип алыўы мүмкин.
Буннан тысқары, сайлаў процесин басқарыў мәлимлеме системасы да 2019-жылғы сайлаўлардан баслап енгизилген. Бул система арқалы сайлаўшы сайлаў күни өз сайлаў участкасында бола алмаса, бул ҳаққында сайлаў участкасына мүрәжат етеди ҳәм сайлаў участкасы пуқараны оның жаңа мәнзилине бириктириў процесин әмелге асырады.
Быйылғы сайлаўда санлы технологиялар имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, сайлаўшыларға, сайлаў шөлкемлерине қолайлық жаратыў, халықаралық ҳәм жергиликли бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қуралларының сайлаўда қатнасыўын санлы технологиялар жәрдеминде шөлкемлестириў мақсетинде Санлы технологиялар министрлиги менен бирге «E-SAYLOV» мәлимлеме системасы иске қосылды. Бул мәлимлеме системасы сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў менен байланыслы ҳәрекетлерди электрон түрде әмелге асырыў имканиятларын және де кеңейтеди. Орайлық сайлаў комиссиясы, аймақлық сайлаў комиссиялары ҳәм районлық, қалалық сайлаў комиссиялары арасында болатуғын сөйлесиўлер, ҳүжжетлер ҳәм мәлимлеме алмасыўы мине, усы «E-SAYLOV» мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады. Бул болса сайлаў комиссиялары арасындағы ҳүжжет алмасыўын тезлестиреди, артықша ўақыт жоғалтыўының алдын алады. Ең әҳмийетлиси, «E-SAYLOV» мәлимлеме системасы сайлаўшыларға қолайлық жаратады. Олар бул система арқалы өз аймағынан көрсетилип атырған талабанлар ҳәм олардың бағдарламалары ҳаққында мағлыўмат алыў имканиятына ийе болады. Бул болса сайлаў күнине шекем сайлаўшылардың талабанлар ҳаққында анық бир тоқтамға келиўине тийкар жаратады.
– Сырт елдеги ўатанласларымыздың да сайлаў ҳуқықларын тәмийинлеў ең әҳмийетли мәселелерден бири болып есапланады. Аралас сайлаў системасында өтетуғын сайлаўларымызда сырт елдеги ўатанласларымыздың қатнасыўы қалай шөлкемлестириледи?
– Дурыс атап өттиңиз. Сырт елдеги ўатанласларымыздың сайлаў ҳуқықларын тәмийинлеў ОСКның турақлы итибарындағы мәселе болып есапланады. Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәр пуқараның конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеўге жуўапкер. Сырт елде шөлкемлестирилетуғын участкаларымызда ўатанласларымыз тек ғана пропорционал система арқалы сиясий партияларға даўыс береди.
– Мәмлекетимиздеги сайлаў процесслерине халықаралық дәрежеде қызығыўшылық қандай болмақта, қанша эксперт ҳәм бақлаўшылар күтилмекте?
– Әлбетте, ҳәр бир мәмлекетте болатуғын сайлаўларға сырт ел экспертлери, сайлаў системасы менен шуғылланатуғын шөлкемлер ўәкиллериниң қызығыўшылығы үлкен болады. Себеби, онда қайсы мәмлекетте болмасын, сол мәмлекеттиң сайлаў системасы, сайлаў нызамшылығы ҳәм әмелияты менен танысыў, өзлериниң сайлаў системасын жетилистириў, қалаберди, сайлаў процесслерине баҳа бериў нәзерде тутылады.
Бул бағдарда елимизде 2023-жылы болып өткен Президентлик сайлаўында 900 ден аслам халықаралық бақлаўшы қатнасты. Бәринен бурын, елимизде болып атырған избе-из реформаларға қызығыўы, сайлаў системасында болып атырған өзгерислер, сайлаў әмелияты ҳәм нызамшылығының әҳмийети ҳаққында өз пикирин билдириўи биз ушын да, олар ушын да үлкен әҳмийетке ийе. Өткен жылы болып өткен референдум ҳәм мүддетинен бурын өткерилген Президентлик сайлаўында олардың үйрениўи соны көрсетеди, биздеги сайлаўлар ең жоқары талапларға сәйкес түрде раўажланып атырғаны тән алынды.
Усы көзқарастан быйылғы сайлаўларда қатнасыў ушын халықаралық шөлкемлерге, сырт еллердеги кәсиплеслеримизге мирәтнамалар жибериледи. Олар өз имканиятына қарап қатнасыў бойынша бизге мағлыўмат береди.
– Сайлаў нызамшылығымызға киргизилген өзгерислерге бола, Орайлық сайлаў комиссиясы, аймақлық сайлаў комиссияларының жумысына байланыслы бир қатар жаңалықлар болды. Соларға да тоқтап өтсеңиз?
Ҳақыйқатында да, Орайлық сайлаў комиссиясы, аймақлық сайлаў комиссиялары, районлық, қалалық сайлаў комиссияларының жаңа системасы қәлиплестирилди. Бул болса Орайлық сайлаў комиссиясынан баслап сайлаў участкаларына шекемги болған процесслерди бирдей, нызам талаплары тийкарында әмелге асырыў ҳәм қадағалаў имканиятын жаратады. Бул система Өзбекстан сайлаў нызамшылығында биринши мәрте жаратылған жаңа әмелият болып есапланады.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы