Сенат жалпы мәжилисинде Суў хожалығы министрлигиниң суў ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў, тараўды басқарыў механизмлерин ҳәм нызамшылық базасын жетилистириўге байланыслы илажлардың орынланыўы бойынша мәлимлемеси тыңланды.
Атап өтилгениндей, Сенат суў ресурсларын қорғаў, олардан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў, суўды басқарыў механизмлерин жетилистириў, тараўдың нызамшылық базасын беккемлеў ўазыйпаларының орынланыўына айрықша итибар қаратқан.
Атап айтқанда, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде 11 мың 446 суў хожалығы объектинде «Ақыллы суў», 6 мың 953 нде «Дайвер» ҳәм 1 мың 709 насос станциясында «онлайн» қадағалаў қурылмалары орнатылған.
Сондай-ақ, 67 ири суў хожалығы объекти толық автоматластырылған.
Санлы технологияларды қолланыў, 400 мың гектардан аслам майданда суў үнемлеўши технологияларды енгизиў, зәрүр ирригация ҳәм мелиорация илажларын әмелге асырыў нәтийжесинде усы жылдың биринши ярым жыллығында 2 миллиард метр кубтен аслам суў үнемленген.
Республика бойынша кластер ҳәм фермер хожалықлары есабындағы 10 мың 540 км. ишки суўғарыў тармақлары бетонластырылған, сондай-ақ, 34 мың 885 км. канал, салма ва лотоклар тазаланған.
Тараўда «suvkredit.uz» платформасы енгизилип, жәми 134,3 мың гектар майданда тамшылатып, жаўынлатып ҳәм дискрет усылда суўғарыўды енгизиў ушын 2 триллион сумнан артық жеңилликли кредит қаржылары ажыратылған.
Айдар-Арнасай көллер системасына «Чордара» суў сақлағышынан 871 миллион метр куб ҳәм басқа дәреклерден 300 миллион метр куб ашшы суў тасланыўы нәтийжесинде оның экологиялық жағдайы турақласпақта.
«Суўшылар мектеби» шөлкемлестирилип, 70 мыңға шамалас тыңлаўшының оқытылыўы тәмийинленген ҳәм «Суў жойбарлары орайы » жумысы жолға қойылған.
Әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда тараўда келешекте шешилиўи керек болған бир қатар мәселелер бар екенлиги айтылып, жуўапкерлерге тийисли пикир-усыныслар берилди.
Соның ишинде, климат өзгериўи факторларын инабатқа алып, тараўды тәртипке салыўшы нызам ҳүжжетлерин терең дизимнен өткериў, арзан ҳәм тез әмелге асырылатуғын инновациялық технологияларды қолланған ҳалда каналларды бетонластырыўды тезлестириў, аўыл хожалығында суў аз талап етиўши, экономикалық нәтийжели биоагротехнологияларрды енгизиў кереклиги айтып өтилди.
Аўыл хожалығында суўдың жумсалыўын қысқартыў, ирригация системаларындағы насазлықларды сапластырыў, улыўмалық суў шығынларын азайтыў, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, суўдан пайдаланыў мәдениятын арттырыў, жәмийетшиликке «суў бийпул емес» идеясын сиңдириў жумысларына итибар қаратыў кереклиги айтылды.
Додалаўдан соң бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.
ӨзА