Президент Шавкат Мирзиёев 13-август күни жасалма интеллект ҳәм IT тараўындағы стартап жойбарларды раўажландырыў илажларына байланыслы презентация менен танысты.

Мәмлекетимизде мәлимлеме технологиялары жедел раўажландырылып, барлық тараўларда қолланылмақта. Усының нәтийжесинде быйылғы жылдың өткен дәўиринде санлы хызметлер көлеми 21 триллион сумнан артты, жылдың ақырында 43 триллион сумға жетиўи күтилмекте. Тараўда 367 миллион долларлық хызметлер экспорт етилди. IT-парк резидентлери 577 ге көбейип, 2 мыңнан асты. Оларда ислеп атырған жаслар саны болса 32 мыңға жетти.

Быйыл денсаўлықты сақлаў, энергетика, транспорт, билимлендириў, аўыл ҳәм суў хожалығы, қурылыс сыяқлы тараўларда 100 ден артық санластырыў жойбарлары әмелге асырылмақта.

Заман тезлик пенен өзгермекте. Дүньяда ҳәр бир тараўға жасалма интеллект, санлы технологиялар кирип келмекте. Бул бағдарда елимизде де бир қатар жойбарлар басланған.

Мысалы ушын, «MyID» ҳәм «UzFace» бағдарламалары 70 тен артық шөлкем, банк, электрон саўда майданшалары ҳәм төлем системаларында енгизилип, 10 миллион пайдаланыўшыны аралықтан биометрикалық идентификациялаў имканияты жаратылды. «Өзбеккосмос» жасалма интеллектти қолланып, 43 мыңға шамалас жер астынан нызамсыз пайдаланыў ҳәм рухсатсыз қурылыс жағдайларын анықлады.

Презентацияда денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы, банк, салық, бажыхана сыяқлы тараўларда жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў илажлары көрип шығылды.

Бәринен бурын, жасалма интеллект бойынша нызамшылық базасын жаратыў кереклиги атап өтилди. Жасалма интеллектти енгизиў стратегиясы ҳәм еки жыллық жойбарлар бағдарламасын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Жасалма интеллект технологиялары орайын шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди.

Атап айтқанда, банк-финанс тараўында жасалма интеллектти қолланыўды кеңейтиў, бул бойынша кадрлар таярлаў ҳәм хызметкерлердиң қәнигелигин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ҳәзирги күнде 4 университетте жасалма интеллект бойынша кадрлар таярланбақта. Ҳәзирги ўақытта мағлыўматларды қайта ислеў ҳәм тил моделлери бойынша 600 қәнигеге талап бар. Бул келеси жылларда есесине артады. Соны есапқа алып, тараўлар кесиминде талапқа сай қәнигелер таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Дүньяның барлық алдыңғы IT компаниялары өзиниң жумысын стартаптан баслаған. Бизде де бул бағдарда биринши қәдемлер тасланбақта. Өткен жылы бундай жойбарлар ушын тартылған венчур инвестициялар көлеми 134 миллион долларды қураған.

Мәмлекетимиз басшысы стартап жойбарларды қаржыландырыў ушын венчур инвестицияларға кеңнен шараят жаратыў ўақты келгенин атап өтти. Соның ушын стартап экосистемасын раўажландырыў, венчурлы қаржыландырыў механизмлерин енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.

ӨзА