Қәдирли кәсиплеслер!

Қазақстан Республикасы Президенти ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевқа дәстүрий дослық руўхында қабыллағаны ҳәм саммит жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын билдирилген қызғын миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.

Ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич, сизиң регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм мәмлекетлеримиздиң улыўмалық мәплерин алға қойыў жолындағы белсенди ҳәрекетлериңизди айрықша атап өтпекшимен.

Сизиң сапарымыз алдында жәрияланған «Орайлық Азия РенессансыҮ турақлы раўажланыў ҳәм абаданлыққа жол» бағдарламалық мақалаңызда биргеликте алып барып атырған жумысларымыз ҳәм жаңа басқышта регионаллық кооперация перспективаларын терең таллап бергенсиз.

Алты жыл алдын усы жерде, Астанада биз биринши Мәсләҳәт ушырасыўын өткерген едик.

Өткен дәўир даўамында барлық мәмлекетлеримизде, сөзсиз, тарийхый ушырасыўлар – саммитлер болып өтти. Көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық тарийхында жаңа бет аштық.

Ашық ҳәм нәтийжели сөйлесиўлеримиз, алға қойылған әҳмийетли басламалар, иске қосылған көп тәреплемели жойбарлар ҳәм бағдарламалар, әмелге асырылған көплеген биргеликтеги илажлар ҳәм усындай басқа да ҳәрекетлеримиз регион келбетин ҳәм имиджин пүткиллей өзгертти.

Биз нәтийжели бирге ислесип, әҳмийетли мәселелерди шеше басладық. Өз-ара саўда, инвестиция, жүк тасыў, пуқаралардың сапарларының көлеми бир неше есеге көбейди.

Сыртқы шериклеримиз тәрепинен әмелий қызығыўшылық сезилерли дәрежеде артты. Жоқарыда айтылғанындай, «Орайлық Азия плюс» форматындағы ҳәр қыйлы ушырасыўлар соннан дәрек береди.

Бүгин биз улыўма регионаллық өзине тәнликти қәлиплестириў процеси басланғаны ҳаққында исеним менен айтыўымыз мүмкин.

Пурсаттан пайдаланып, барлық кәсиплеслеримизге тилеклеслик ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, мәмлекетлеримиз сыртқы сиясатының тийкарғы бағдары сыпатында региондағы көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў жолындағы улыўмалық ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлағаны ушын миннетдаршылық билдиремен.

Мен бүгин регионаллық өз-ара бирге ислесиў механизмлери ҳәм институтларын иске қосыў, соның ишинде, миллий координаторлар, тармақ министрликлери ҳәм уйымлары ўәкиллериниң ушырасыўлары бойынша билдирилген усынысларды қоллап қуўатлайман.

Ҳәзирги басқышта биз қабыл еткен қарарларды әмелге асырыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын нәтийжели қураллар керек, деп есаплайман.

Улыўма алғанда, регионаллық интеграцияны тереңлестириў ҳәм узақ мүддетли шериклик күн тәртибин байытыў ушын Мәсләҳәт ушырасыўы форматын және де жетилистириў мәселелерин биргеликте көрип шығыў ўақты келди, деп есаплайман.

Усы мақсетте биз регион мәмлекетлериниң жетекши таллаў орайлары ҳәм илимий-изертлеў институтларының Орайлық Азия экспорт форумының гезектеги мәжилисин Өзбекстанда өткериўди усыныс етемиз. Олардың концептуаллық пикир-усынысларын кейинги саммитимиз даўамында биргеликте көрип шығыўымыз мүмкин.

Ҳүрметли ушырасыў қатнасыўшылары!

Орайлық Азия өзиниң геосиясий жайласыўы себепли глобал исеним кризиси ҳәм тартыслар кескинлесиўиниң барлық унамсыз ақыбетлерин толық бастан өткермекте.

Украина әтирапында ҳәм Жақын Шығыста жүз берип атырған ўақыялар регионның турақлы раўажланыўына тиккелей тәсир етпекте. Дәстүрий саўда ҳәм транспорт шынжырлары бузылды. Биз санкциялар сиясатының тутқынына айландық, логистика қәрежетлери сезилерли дәрежеде артты, инфляция басымы күшеймекте. Дүнья капитал базарында имканиятлар қысқармақта, протекционизм күшейип, жаңадан-жаңа тосқынлықлар пайда болмақта.

Регионымыз турақлылығының әҳмийетли факторы болып есапланған қоңсы Аўғанстандағы жағдайдың раўажланыўы менен байланыслы мәселелер халықаралық күн тәртибинде екинши дәрежеге түсип қалды.

Орайлық Азияның бүгини ҳәм келешеги, мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың абаданлығы ҳәр тәреплеме улыўмалық ҳәрекетлеримизге, тығыз бирге ислесиў, исенимли илажлар көриў ҳәм регион мәплерин биргеликте әмелге асырыўға таяр екенлигимизге байланыслы екенлигин атап өтпекшимен.

Сыртқы сиясат уйымларымыз тәрепинен стратегиялық ҳүжжет – Регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў концепциясын ислеп шығыў мақсетке муўапық, деп есаплаймыз.

Қәдирли кәсиплеслер!

Әмелий регионаллық бирге ислесиўдиң, бизиң көзқарасымыздан, тийкарғы болып есапланған бағдарларына қысқаша тоқтап өтпекшимен.

Биринши. Бизге жаңа драйверлер, узақ мүддетли келешекте экономикалық шерикликти раўажландырыўдың жаңа модели керек.

Мәмлекетлеримиз тәбийғый саўда шериклери болып, миллий экономикаларымыз бир-бирин толықтырады.

Соның менен бирге, таллаўлар соны көрсетпекте, бүгинги күнде мәмлекетлеримиз улыўмалық товар айланысында ишки регионаллық саўданың үлеси сезилерли дәрежеде емес. Орайлық Азияда толық еркин саўда аймағын қәлиплестириў жолында елеге шекем тосқынлықлар сақланып қалмақта.

Биз халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда таллаў өткердик ҳәм келеси бес жылда өз-ара саўда көлемин еки есеге арттырыўды тәмийинлейтуғын биринши гезектеги илажларды белгилеп алдық. Бул бес жүзден артық позициядағы товарлар болып есапланады.

Усы жерде бәринен бурын тариф ҳәм тариф емес тосқынлықларды сапластырыў, муўапықлық сертификатларын өз-ара тән алыў ҳәм регламентлерди унификациялаў, бажыхана операциялары ҳәм фитосанитариялық тәртип-қағыйдаларды санластырыў, мәмлекетлик сатып алыўлар процесинде өз-ара қатнасыў имканиятларын көрип щығыў сыяқлы илажлар ҳаққында сөз етилмекте.

Бирден-бир регионаллық базарды қәлиплестириў бизиң узақ мүддетли келешекке мөлшерленген стратегиялық мақсетимиз болыўы керек.

Бул мәселелердиң барлығын көрип шығыў ушын мәмлекетлеримиз Бас министрлериниң орынбасарлары дәрежесинде Экономикалық кеңес – турақлы түрде ушырасыўларды жолға қойыўды усыныс етемиз.
Биз усындай биринши ушырасыўды келеси жылы Ташкент қаласында шөлкемлестириўге ҳәм оның шеңберинде Аймақлар форумы ҳәм тармақ конференциялары, санаат потенциялы көргизбе-ярмаркасы, экспорт имканиятлары презентацияларын шөлкемлестирген ҳалда Орайлық Азия бизнес бирге ислесиўи ҳәптелигин өткериўге таярмыз.

Екинши. Санаат кооперациясын өз-ара қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў.

Биз региондағы ҳәр бир мәмлекет пенен әллеқашан бундай бирге ислесиў бойынша табыслы үлгилерге ийемиз. Шегара алды бирге ислесиўге байланыслы арнаўлы аймақлар, заманагөй автомобильлер, турмыслық электроника, фармацевтика препаратларын ислеп шығарыў, аўыл хожалығы ҳәм тоқымашылық кластерлери, логистика орайлары ҳәм инфраструктура жойбарлары солардың қатарына киреди.

Биз күшлеримизди бирлестирип, қысқа қосымша қун шынжырларын жаратыў, жетекши халықаралық компаниялардан инвестиция ҳәм технологияларды тартыў, кооперацияның жаңа түрлерин енгизиў арқалы регионды санаатластырыўдың бирден-бир картасын қәлиплестириўге ерисе аламыз, деп есаплайман.

Бул тийкарғы бағдар бойынша министрлер дәрежесинде Кеңес жумысын жолға қойыў ҳәм бағдарламалық ҳүжжет таярлаў үлкен әҳмийетке ийе.

Сондай-ақ, Орайлық Азия инвестиция кеңесин шөлкемлестириў, регион мәмлекетлери Инновациялық раўажланыў банкин шөлкемлестириў, биргеликтеги инвестиция форумларын турақлы өткерип барыў да перспективалы мәселелер болып есапланады.

Барлық Орайлық Азия мәмлекетлериниң инвестициялық тартымлылығы усы бағдардағы жумыслардың муўапықластырылған ҳалда алып барылыўына байланыслы екенин атап өтемен.

Үшинши. Жәҳән банкиниң жуўмағына бола, мәмлекетлеримиз еле де дүньядағы экономикасы ең аз «бирлескен» мәмлекетлер қатарында қалмақта.

Гәп ишки регионаллық транспорт-коммуникация тармағы ҳаққында бармақта.

Буннан тысқары, регион географиясының өзине тәнлиги себепли сыртқы саўда жүклерин тасыў қәрежетлериниң үлеси товардың соңғы қунының 50 процентине жетпекте. Бул дүньядағы орташа көрсеткиштен 4-5 есеге жоқары.

Мен нәтийжели транспорт коридорларын раўажландырыў бойынша комплексли илажларды қабыллаўды қоллап-қуўатлағаны ушын кәсиплеслеримнен миннетдарман.

Бүгин күн тәртибинде Европа Аўқамы, Қытай, Қубла ҳәм Қубла-Шығыс Азия ҳәм Жақын Шығыс базарларына шығыўды тәмийинлейтуғын көплеген жойбарлар бар.

Келисилген тариф сиясатын қәлиплесириў ҳәм әмелге асырыў, миллий тасыўларды қоллап-қуўатлаў бойынша жеңиллик ҳәм преференцияларды қолланыў, транспорт тармақлары ҳәм инфраструктурасын модернизациялаў, шегара пунктлериниң өткериў қәбилетин арттырыў, транспорт секторын санластырыў мәселелери системалы қатнасты талап етеди.

Пурсаттан пайдаланып, Транспорт ҳәм транзит ҳаққындағы келисимди қабыллаў бойынша усынысымызды қоллап-қуўатлағаныңыз ушын миннетдаршылық билдиремен. Оның қағыйдаларын әмелге асырыў мақсетинде транспорт министрликлери, тасыўшылар ҳәм экспедиторлар, логистика компаниялары ҳәм қәнигелердиң қатнасыўында Экспертлик конференциясын өткериўди усыныс етемиз.

Төртинши. Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында жумысларды муўапықластырылған ҳалда әмелге асырыў тийис.

БМШ Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң миллий экспертлери ҳәм қәнигелериниң атап өтиўинше, биз тек ғана тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери бойынша ишки регионаллық талапларды тәмийинлеўимиз емес, ал халықаралық базарда беккем орынларды ийелеўимиз мүмкин.

Аграр өндиристиң инновациялық усыллары, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, өнимдарлықты арттырыў, терең қайта ислеўди раўажландырыў, селекция тараўында илимий жумысларды күшейтиў, кластерлер ҳәм «ақыллы фермерлер»ди жаратыў әҳмийетли болып есапланады.

Ташкент қаласында сентябрь айында БМШ Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми менен биргеликте теңизге шығыў имканияты болмаған мәмлекетлердиң азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша халықаралық форум шөлкемлестириў нийетиндемиз. Форум шеңберинде Регионаллық стратегия ислеп шығыў ушын аўыл хожалығы министрлериниң өз алдына ушырасыўын өткериўди усыныс етемиз.

Бесинши. Глобал климат өзгериўи ақыбетлери мәмлекетлеримиздиң ҳәр биринде сезилмекте. Температураның көтерилиўи, музлықлардың ериўи, тасқынлар, қурғақшылықлар, шаң боранлары ҳәм басқа да көплеген тәбият ҳәдийселери аўыр зыян жеткериўде даўам етпекте.

Усы жылдың ноябрь айында Әзербайжанда болып өтетуғын Климат саммити даўамында мәмлекетлеримиз бирден-бир позиция менен шығыўы мүмкин.

Бул жерде сөз халықаралық жәмийетшилик, фондлар ҳәм донорлық шөлкемлериң итибарын усы қыйын машқалалар, соның ишинде, Арал апатшылығында шешим табыўға қаратыў мақсетинде региондағы жағдай ҳаққында биргеликтеги презентация өткериў ҳаққында болмақта.

Бизиң жаңа усынысларымыз қатарында Орайлық Азияны турақлы раўажландырыў комплексли бағдарламасы, Трансшегаралық дәрьялардың суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўдың регионаллық стратегиясын ислеп шығыў ҳәм қабыллаў мәселелери де бар.

Алтыншы. Энергетика секторындағы бирге ислесиў оғада әҳмийетли болып есапланады.

Ҳәзирги күнде регионаллық көлемде электр энергиясы генерациясын арттырыў ҳәм оны үшинши мәмлекетлерге экспорт етиў бойынша бир қатар стратегиялық жойбарлар ислеп шығылмақта. Буннан тысқары, атом энергетикасын раўажландырыў, углеводородларды жеткериўди арттырыў бойынша режелер бар.

Бул энергетика министрлериниң турақлы ушырасыўлары шеңберинде муўапықластырылған жумысларды алып барыў ушын әҳмийетли бағдарлардан бири, деп есаплайман.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Биз мәмлекетлеримиз парламентлери арасында нәтийжели алмасыўларды раўажландырыўды жоқары баҳалаймыз ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаймыз.

Келеси айда әййемги Хийўа қаласында регион мәмлекетлериниң гезектеги Парламентлераралық форумын өткериўди режелестиргенбиз.

Мәдений-тарийхый мийрастың улыўмалығын есапқа алған ҳалда, халықларымыздың регион келешеги ушын жуўапкершилиги, тилеклеслиги, улыўма жуўапкершиликти түсиниўин күшейтиўге үлкен итибар бериўимиз зәрүр.

«Орайлық Азия тарийхы ҳәм мәдениятыҮ бирден-бир өтмиш ҳәм улыўмалық келешек» халықаралық медиа платформасының тезирек иске қосылыўы усы бағдарда әҳмийетли әмелий қәдем болады, деп ойлайман.

Регион халықларының өз-ара бир-бирин түсиниўин ҳәм аўызбиршилигин және де беккемлеў мақсетинде регионаллық өзине тәнликти қәлиплестириўдиң әмелий жақларына бағышланған илимий форум өткериўди усыныс етемиз.

«Орайлық Азия жаслар күн тәртиби – 2030»ды алға қойыў ҳәм жас әўладты бирге ислесиў бағдарламаларына тартыў ушын турақлы түрде Инновациялық идеялар ҳәм жойбарлар регионаллық жаслар таңлаўын өткериўди усыныс етемиз.

Орайлық Азия билимлендириў ҳәм академиялық алмасыў бағдарламасын қабыллаў ҳәм мәмлекетлеримиздеги жетекши жоқары оқыў орынларының дипломларын өз-ара тән алыў ҳаққындағы келисимди ислеп шығыўды әҳмийетли деп есаплаймыз.

Сондай-ақ, регион мәмлекетлериниң қәбилетли студентлериниң оқыўы ушын өз-ара келисимлер тийкарында стипендиялар ажыратыўды усыныс етемиз.

Бул жойбарларды толық додалаў ушын Ташкент қаласында октябрь айында Орайлық Азия биринши билимлендириў форумын өткериў нийетиндемиз.

Мәмлекетлериңиз миллий делегациялары қурамына билимлендириў министрлери, жетекши университетлердиң ректорлары, илимпазлар ҳәм экспертлер қосылса, биз буннан қуўанышлы болар едик.

Туризм секторы регионаллық бирге ислесиўдиң жаңа драйверине айланып бармақта. Мәмлекетлеримиздеги ишки регионаллық туристлик ағымның үлеси соңғы жыллары сезилерли дәрежеде артты.

Туристлик алмасыўды кеңейтиў мақсетинде «Бир тур – пүткил регион» принципи бойынша миллий ID-карталарды өз-ара тән алыў ҳәм ғалабалық туристлик өнимлерди ислеп шығыў мәселелерин үйренип шығыўды усыныс етемиз.

 Ҳүрметли кәсиплеслер!

Бүгин биз әҳмийетли ҳүжжетлерге, соның ишинде, Регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўдың 2040-жылға шекем мөлшерленген концепциясына қол қойып атырмыз.

Бүгинги ушырасыўдың табыслы нәтийжелери регионда дослық ҳәм жақсы қоңсышылық және де беккемлениўине, халықларымыздың абаданлығы жолында өз-ара әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет ететуғынына исенемен.

Қатнасықларымыздың шәртнамалық-ҳуқықый базасын беккемлеў ҳәм оны және де раўажландырыў ушын Орайлық Азияда стратегиялық шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққында ҳәр тәреплеме келисимге қол қойыўға таярлаўды усыныс етемиз.

Бүгинги ушырасыўдың табыслы нәтийжелери регионда дослық ҳәм жақсы қоңсышылық және де беккемлениўине, халықларымыздың абаданлығы жолында өз-ара әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет етеди.

Пурсаттан пайдаланып, Сизлердиң бәршеңизди келеси жылдың август айында Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши саммитинде қатнасыў ушын Өзбекстанға мирәт етемен.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Әзербайжан Республикасы Президенти ҳүрметли Илҳам Ҳайдарович Алиевти қызғын қутлықлайман.

Әзербайжанның қатнасыўы регионымыздың үлкен потенциалын жүзеге шығарыў ушын жаңа имканиятларды ашпақта.

Бул жерде гәп бәринен бурын, саўда, санаат, аўыл хожалығы, энергетика, транспорт ҳәм логистика тараўларында биргеликтеги кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў, мәдений-гуманитарлық ҳәм туристлик алмасыўларды раўажландырыў ҳаққында бармақта.

Биз табыслы көп тәреплемели бирге ислесиўимиз бағдарында бир қатар мысалларды келтириўимиз мүмкин. Соның ишинде, Европаға «жасыл» энергия жеткерип бериўди шөлкемлестириў мәселеси экспертлер дәрежесинде ислеп шығылмақта.

Буннан тысқары, халықаралық базарларға шығатуғын нәтийжели транспорт коридорларын қәлиплестириў мәселелери додаланбақта.

Режелестирилип атырған бизнес-форумлар, санаат көргизбелери ҳәм басқа да исбилерменлик илажларында әзербайжанлы шериклеримиздиң белсене қатнасыўының тәрепдарымыз.

Ушырасыўымыздың биринши бөлиминде быйыл ноябрьде Әзербайжанда болып өтетуғын Климат саммитинде экологиялық қәўип-қәтерлердиң алдын алыў бойынша муўапықластырылған ҳәрекетлеримиз шеңберинде биргеликтеги илажларды өткериў әҳмийетли екени ҳаққында айтып өттим.

Және бир мәрте ҳүрметли Илҳам Ҳайдаровичке Глобал саммитти табыслы өткериўин тилеймен.

Бул сөзсиз бизиң улыўмалық жетискенлигимиз болып есапланады.

Ушырасыўымызда Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Превентив дипломатия бойынша регионаллық орайының басшысы Каха Имнадзе мырзаны көрип турғанымнан қуўанышлыман.

Сиз басшылық етип атырған орай шынында да регионаллық қарым-қатнасты раўажландырыўға үлкен үлес қосып атырғанын атап өтпекшимен.

Жақында Бас хаткер Антониу Гутерриш мырза регионымыз мәмлекетлерине барып, Орайлық Азияда жедел жақынласыў ҳәм интеграция процесслерине жоқары баҳа бергени ҳәм исенимли қоллап-қуўатлағаны сөзимниң тастыйығы болып есапланады.

Ол адамға бизиң ең жақсы тилеклеримизди жеткериўиңизди сорайман.

Ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевичке саммитимизди жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен.

Итибарыңыз ушын рахмет.