Усы жылдың 7-август күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң елиў биринши сессиясы болып өтти.

Сессияға Олий Мажлис Сенатының ағзалары, сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев ашты ҳәм басқарып барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары сайлаўын өткериў бойынша бир мандатлы сайлаў округлерин дүзиў ҳаққында Жоқарғы Кеңес тәрепинен усыныс жибериў туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова баянат жасады.

Сайлаў кодексине киргизилген жаңа нормаларға муўапық, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары сайлаўын аралас сайлаў системасы, яғный мажоритар ҳәм пропорционал сайлаў системасы тийкарында өткериў белгиленди. Себеби, бүгинги күнде дүньяның раўажланған мәмлекетлеринде сынаўдан табыслы өткен, сайлаўшылардың ерк-ықрарына толық жуўап беретуғын, сайлаўды халық ушын ең мақул түсетуғын формада шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиплери ҳәм сайлаў системалары бар. Олар, әсиресе, аралас сайлаў системасынан нәтийжели пайдаланып келмекте. Сол себепли Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары сайлаўын аралас сайлаў системасы тийкарында өткериў тәртиби белгиленген.

Нызамшылық палатасыныӊ 75 депутаты мажоритар сайлаў системасы тийкарында бир мандатлы сайлаў округлеринен, қалған 75 депутаты пропорционал сайлаў системасы тийкарында сиясий партияларға берилген даўыслар бойынша бирден-бир сайлаў округинен сайланыў белгиленген. Бирден-бир сайлаў округинде депутатлыққа талабанлар сиясий партиялар тәрепинен талабанлар дизими тийкарында усынылады. Депутатлыққа сиясий партиялар тәрепинен көрсетилген талабанлардың дизими тийкарында Нызамшылық палатасына сайлаў өткериў ушын Өзбекстан Республикасыныӊ пүткил аймағы бирден-бир сайлаў округи болып есапланады.

Жоқарыдағылардан келип шығып Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары сайлаўын өткериў бойынша бир мандатлы сайлаў округлерин дүзиў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясына усыныс жибериледи. Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Буннан кейинги мәселе 2024-жылдың биринши шерегинде бюджет дәраматлары режесиниң орынланыўы ҳәм салық қарыздарлықларын кемейтиў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасына парламентлик сораў жибериў туўралы болып, бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар, инновация ҳәм туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары О.Бекбергенов баянат жасады. Бул мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе районларда аўыл хожалығы тараўындағы исбилерменлик субъектлери тәрепинен шәртнама талапларына әмел етилиўи, пайдаланыўда болған аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў барысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Д.Кайпов баянат жасады.

Баянатшының атап өткениндей, халықтың бүгинги күндеги өсиў пәти тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлерин жетистириўди арттырыў, баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў ҳәм базарларда тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлерин халыққа сапалы жеткериў бойынша тийисли илажлар көриўди талап етпекте. Бүгинги күнде республикамызда 5 мың 185 фермер хожалығы жумыс алып бармақта. Усы фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен халықтыӊ азық-аўқат өнимлерине болған талабын толық қанаатландырыў мақсетинде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў бойынша илажлар белгилеп алынған.

2024-жылдың зүрәәти ушын районларда 314 мың 621 гектар майданға аўыл хожалығы егинлери жайластырылған. Режедеги егинлердиң толық егилиўи бойынша мониторинг жумыслары алып барылып, өним жетистириў бойынша дүзилген шәртнамалардың орынланыўы қадағалаўға алынған.

Соның менен бир қатарда, районларда аўыл хожалығы тараўындағы исбилерменлик субъектлери тәрепинен аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў барысы тийисли жумысшы топарлар тәрепинен үйренип шығылды. Үйрениў нәтийжелерине бола 339 субъект тәрепинен 2024-жылдың зүрәәти ушын жайластырылған егинлерден тысқары нызамсыз ҳәм өзбасымшалық пенен егинлерди егиў фактлери анықланып, тийисли шаралар көрилди. Соның менен бирге, азық-аўқат өнимлерин жетистириўди арттырыў, баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў, кепилленген резервти жаратыў ҳәм базарларда тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлерин халыққа сапалы жеткериўге айрықша итибар қаратылмақта.

Быйылғы жылы тийкарғы майданлардан жәми 632,7 мың тонна, тәкирарый егилген майданлардан жәми 124,1 мың тонна, бағ ҳәм жүзимлердиң қатар араларынан жәми 13,2 мың тонна азық-аўқат өними жетистириледи.

Сораў-жуўаплардан соң депутатлар бул мәселе бойынша  тийисли қарар қабыл етти.

Сессияның қүн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети баслығының орынбасарын сайлаў ҳаққында болды. Бул лаўазымға Шерзод Ибрагимовтың кандидатурасы усыныс етилди. Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди ҳәм Конституциялық бақлаў комитети баслығының орынбасары болып сайланды.

Сессияда сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе бойынша да депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң елиў биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги