Президент Шавкат Мирзиёев 5-август күни бәсекини раўажландырыўға қаратылған илажлар презентациясы менен танысты.

Экономикаға мәмлекеттиң араласыўын азайтыў, ири монополияларды тыйып турыў бойынша исленип атырған жумыслар бәсеки орталығына унамлы тәсир етпекте. Атап айтқанда, соңғы бес жылда 25 тен  аслам товарлар бойынша бәсеки орталығы жақсыланды. 7 хызмет түри бойынша бәсекини шеклеўши эксклюзивлик ҳуқықлар бийкар етилди. Мәмлекеттиң қатнасыўындағы кәрханалар  42 процентке азайып, исбилерменлик субъектлериниң саны  1,6 есеге артты.

Өткен жылы «Бәсеки ҳаққында»ғы нызам жаңа редакцияда қабыл етилди. Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетине қосымша тәсиршең ўәкилликлер берилди.  Сол тийкарда алып барылған үйрениўлерге бола, айырым шөлкемлерде бәсекиге туўра келмейтуғын қарарлар кабыл етиў, тиккелей шәртнамалар дүзиў, саўдада үстин позициядан пайдаланыў сыяқлы жағдайлар бар.

Сол себепли, тараўдағы жумыслардың көлеми ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Бәсекини раўажландырыў концепциясы ислеп шығылды. Онда экономикада мәмлекеттиң қатнасыўын азайтыў, базарға кириўди еркинлестириў, исбилерменлерге теңдей шараятлар жаратыў бойынша гезектеги қәдемлер белгиленеди.

Мәселен, исбилерменлик субъектлериниң базарларға еркин кириўин қыйынластырыўшы нормативлик-ҳуқықый элементлер ҳәм артықша талаплар бийкар етиледи. Тәртипке салыў жүгин қысқартыўға қаратылған жеңилликлер енгизиледи, соның ишинде, рухсат бериўши процесслер ҳәм лицензиялар жуўапкершиликти мәжбүрий қамсызландырыў менен алмастырылады.

Тәбийғый монополия тараўларында еркин базар регуляторлары енгизиледи. Тәбийғый монополия тараўлары менен өз-ара байланысқан ҳәм бәсекини раўажландырыў имканияты болған товар базарларында тәбийғый монополия субъектлериниң қатнасыўы шекленеди.

Тиккелей әмелге асырылып атырған мәмлекетлик сатып алыўлар көлеми қысқартылып, мәмлекетлик сатып алыўлары бәсекилесиў усылларына толық өткериледи. Бәсекини шеклеўши индивидуал өзгешеликке ийе мәмлекет жәрдеми, сондай-ақ, эксклюзивлик ҳуқық, жеңиллик, преференция ҳәм жеңилликлер бийкар етиледи.

Мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме системаларын өз-ара интеграциялаў арқалы социаллық әҳмийетке ийе өнимлердиң баҳаларының  қәлиплесиўи шынжырының барлық бөлимлерин   санлы мониторинг етиў жолға қойылады. Бәсекиге қарсы келисим ҳәм ис-ҳәрекетлер, тил бириктириў жағдайлары ҳаққында мағлыўмат берген тәреплерди жәрияламаў ҳәм сыйлықлаў системасы енгизиледи.

Улыўма, усы концепция нәтийжесинде энергетика, нефть-газ, суў хожалығы, жол қурылысы, темир жол ҳәм аэропорт хызметлери сыяқлы бир қатар тараўларда  17  түрдеги мәмлекет монополиясын басқышпа-басқыш сапластырыў илажлары көриледи. Мәмлекетлик сатып алыўларда бәсекиге қарсы ҳәрекетлердиң алды алынып, бул процесслердиң ашықлығы тәмийинленеди. Товар-шийки зат биржаларында усыныслар көбейтилип, қарыйдарлардың таңлаў имканияты кеңейтиледи.

Президент тараўдағы жумысларды даўам еттирип, еркин базар принциплерин тәмийинлеў, кадрлар таярлаў бойынша қосымша тапсырмалар берди. Экономикада мәмлекеттиң үлесин қысқартыў, айырым функцияларын басқышпа-басқыш жеке секторға өткериў кереклиги атап өтилди. Товар, қаржы ҳәм санлы базарларда бәсеки жағдайын турақлы таллап, тәртиплерди жетилистириў бойынша усыныслар киргизип барыў ўазыйпасы қойылды.

Соңғы үш жылда орынларда 2 мыңнан аслам бәсекиге қарсы ҳүжжетлер анықланған. Олардың көпшилиги жергиликли ҳәкимликлер ҳәм министрликлер тәрепинен қабыл етилген. Сол себепли Бәсеки комитетиниң аймақлық басқармаларының жумысын жанландырыў, кадрлардың маманлығын арттырыў кереклиги көрсетип өтилди.

Сондай-ақ, комитет жумысын жәмийетшиликке ашық етиў ҳәм ғалаба хабар қуралларында сәўлелендириўди күшейтиў кереклиги де айтылды. Бул нызам бузылыўдың алдын алыў, ашықлық ҳәм ҳадаллық орталығын қәлиплестириў усы қөз қарасынан әҳмийетли екени атап өтилди.

ӨзА