2024-жылдың январь-июнь айларында республикамыздағы өндирислик кәрханалар тәрепинен 10122,1 миллиард сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылған. Оның өткен жылдың усы дәўирине салыстырғандағы өсим пәти 107,4 процентти қурайды.

Санаат өндириси қурамында ең үлкен үлес өндирислик санаат кәрханаларына (қайта ислеў санааты) туўра келмекте. Олар тәрепинен ислеп шығарылған өнимлердиң көлеми 8279,6 миллиард сум, яғный улыўма ислеп шығарылған санаат өнимлери көлеминиң 81,8 процентин қурады.

Электр, газ, пуў менен тәмийинлеў ҳәм ҳаўаны кондициялаў  кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылган өнимлер көлеми 1646,5 миллиард сумды (улыўма ислеп шығарылған санаат өнимлери көлеминиң 16,3 процентин), таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерде ислеў кәрханалары тәрепинен 2024-жылдың январь-июнь айларында ислеп шығарылған өнимлердиң муғдары 142,5 миллиард сумды, яғный улыўма ислеп шығарылған санаат өнимлери муғдарының  1,4 процентин қурамақта.

Ал, суў менен тәмийинлеў, канализация, шығындыларды утилизациялаў кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер көлеми 53,5 миллиард сумды ҳәм жәми ислеп шығарылған өнимлер көлеминиң 0,5 процентин қурайды.

Муҳаббат Қурбанова,

Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы

Санаат статистикасы бөлиминиң баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.