Онкологиялық кеселликлерге қарсы гүресиў жумысларын буннан былай да жетилистириў,  ҳаял-қызлардың саламатлығы бойынша машқалаларды үйрениў ҳәм шешиў мақсетинде Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы  Кеңеси  тәрепинен дүзилген жумысшы топар Нөкис қалалық медициналық бирлеспесинде үйрениў жумысларын алып барды.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў  шөлкеми мағлыўматына бола, дүнья жүзи бойлап 2023-жылдың өзинде 20 миллионнан аслам  инсан онкологиялық  кеселликке шатылған. Усы кеселлик себепли бир жылдың өзинде  9,7 миллион инсан дүнядан көз жумған. Шама менен ҳәр бес адамның биринде онкологиялық кеселликлердиң бир түри  раўажланады. Ашынарлысы ҳәр жылы 9 ер адамның ҳәм 12 ҳаял-қыздың бири рак кеселлигинен өмирден көз жумбақта. Бул кеселликтиң жылдан жылға өсип барыўының себеби, ол инсан денесинде ҳеш қандай симптомларсыз, белгилерсиз пайда болады. Нәтийжеде оларды анықлаў имканияты  қыйынласады. Онкологиялық кеселликлер қанша тез анықланса, оларға қарсы гүресиў аңсат болады. Бир жылда бир мәрте ҳаял-қызлардың  тереңлестирилген медициналық тексериўден өтиўи кеселликти ерте анықлаўда жәрдем береди. Бул бағдарда бирлеспеге қараслы көп тармақлы орайлық поликлиникада 45-65 жас аралығындағы ҳаял-қызлар арасында тереңлестирилген бийпул медициналық мобил мамография тексериўи алып барылмақта.

Жумысшы топар бул жерде енгизилген хызмет түрлери, ҳаял-қызларды дизимге алыў, онкоскрининг, мамоскрининг, УЗИ ҳәм басқа да тексериўлерден өтиўи, анықланған кеселликлердиң алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, медициналық үскенелер менен тәмийинленгенлик дәрежеси ҳәм наўқаслар ушын жаратылған имканиятлар менен танысты. Үйрениўлер даўамында  усы жылдың бүгинги күнине шекем 2853 ҳаял-қыз мамография тексериўинен өткерилген болып, 78 ҳаял-қызда рак кеселлиги анықланған. Наўқас болғанлардың алпыс беси кеселликтиң 1-2 басқышында –жеңил, он үши 3-4 басқышта, яғный аўыр жағдайда анықланған  болып, республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий-изертлеў медицина орайына саўалландырыў ушын жиберилген.

 

Жумысшы топар тәрепинен илаж соңында анықланған кемшиликлерди сапластырыў,  онкологиялық кеселликлердиң алдын алыў ҳәм ерте анықлаў  бағдарында алып барылып атырған тереңлестирилген медициналық тексериўлер хызметин буннан да  жоқары басқышқа алып шығыў бойынша зәрүр мәсләҳәтлер берилип, усыныслар да тыңланды.

Усы сыяқлы үйрениўлер республикамыздагы басқада медицина бирлеспелеринде даўам етпекте.

Амангүл  ЕСЕМУРАТОВА,

Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң

баспасөз хаткери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.