2024-жылдың биринши ярым жыллығында ислеп шығарылған аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы өним (хызмет)лериниӊ улыўма көлеми 4793,3 млрд. сумды қурап, 2023-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 104,0 процентке өсти.

Соннан дийқаншылық ҳәм шарўашылық, аңшылық ҳәм бул тараўларда көрсетилген хызметлердиң көлеми 4432,6 млрд. сумды (104,0%), тоғай хожалықларында 277,5 млрд. сумды (103,7%), балықшылық хожалықларында 83,2 млрд. сумды (103,2%) қурады. Өзбекстан Республикасы аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы қурамында Қарақалпақстан Республикасыныӊ үлеси 2,8 процентти қурады.

Дийқаншылық. 2024-жылдың биринши ярым жыллығында ислеп шығылған дийқаншылық өнимлериниӊ көлеми 1261,3 млрд. сумды, ямаса өткен жылдыӊ усы дәўирине салыстырғанда 108,7 процентти қурады. Жетистирилген аўыл хожалығы өнимлериниң улыўма көлеминде дийқаншылық өнимлериниң үлеси 28,7 процентти қурады. Барлық түрдеги хожалықлар тәрепинен 129,9 мың тонна дәнли егинлер жетистирилди (2023-жылға салыстырғанда 112,6 %).

Усыған сәйкес түрде, барлық түрдеги хожалықларда 52,5 мың тонна овощ өнимлери (105,3%), 31,7 мың тонна картошка (111,6%), 9,1 мыӊ тонна палыз өнимлери (117,7 %), 11,5 мың тонна мийўе өнимлери (106,7%) ҳәм 369 тонна жүзим (104,8 %) жетистирилгенлиги бақланды.

Шарўашылық. 2024-жылдың 1-июль жағдайына қара маллардыӊ улыўма бас саны 1213,6 мың басқа жетти. 2023-жылдыӊ усы дәўирине салыстырғанда барлық түрдеги хожалықларда қара маллардың бас саны 24,7 мыӊ басқа (2,1 %) көбейди. Соннан сыйырлардың улыўма бас саны 353,3 мыӊ баска жетти (2,3%). Ал, қой ҳәм ешкилердиң улыўма бас саны 1248,5 мыӊ басқа (1,8 %), үй қусларының саны 5285,4 мыӊға (3,9 %) көбейди.

2024-жылдыӊ январь-июнь айларында шарўашылық өнимлериниӊ өндирислик көлеми 3126,0 млрд. сумды, 2023-жылдыӊ усы дәўирине салыстырғанда 102,2 процентти қурады. Ислеп шығарылған аўыл хожалығы өнимлериниӊ улыўма көлеминде шарўашылық өнимлериниӊ үлеси 71,3 процентти қурады.

2024-жылдыӊ январь-июнь айларында барлық түрдеги хожалықлар тәрепинен 43,0 мыӊ тонна гөш (тири салмақта) жетистирилди. Бул 2023-жылдыӊ усы дәўирине салыстырғанда 2,6 процентке көп. Соныӊ менен бирге, 140,5 мыӊ тонна сүт өними (0,9%), 186,3 млн. дана мәйек (1,4%), 76,2 мыӊ дана қаракөл тери (1,6%) жетистирилип, 4026 тонна балық (2,2 %) аўланды.

Нурислам Мадреймов,
Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы

Аўыл хожалығы ҳәм экология статистикасы бөлиминиң баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.