Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Бизге белгили, 1937-1953-жыллары тоталитар дүзим тәрепинен 100 мыңнан аслам халқымыз ўәкиллери репрессия сиясатының қурбаны болған. Бул ўатанласларымыздың 13 мыңы атып тасланған, мыңлаған адамлар наҳақ қулақ етилген, сүргинлерге жиберилген. Олардың арасында белгили мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткерлер, илим ўәкиллери, дөретиўши зиялылар, диний уламалар, әскерий тараў ҳәм суд-ҳуқық системасы хызметкерлери, жумысшы-дийқанлар ҳәм олардың шаңарақ ағзалары болған.
Ўатанымыздың миллий ғәрезсизлиги, халқымыздың азатлығы ушын гүресип, усы жолда жанын пидә еткен, сиясий репрессия қурбанлары болған ата-бабаларымыздың өмири ҳәм жумысын толық үйрениў ҳәм изертлеў, олардың атларын ҳәм естелигин мәңгилестириў бойынша кейинги жыллары елимизде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, 2021-2024-жыллар даўамында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды тәрепинен 1 мың 200 ден аслам сиясий репрессия қурбанларының атлары ақланғанын айрықша атап өтиў керек.
Ҳәзирги қурамалы ҳәм қәўипли дәўирде ғәрезсизлигимизди ҳәр тәреплеме беккемлеў, тарийхымыздың нәмәлим бетлерин тиклеў ҳәм илимий көзқарастан терең үйрениў, инсан, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин жоқары қәдирият сыпатында тән алыў, усы тийкарда жас әўладтың Ўатан тәғдири ҳәм келешегине қатнаслылық сезимин, пуқаралық позициясын күшейтиў, оларды бүгинги тыныш, еркин ҳәм азат өмирдиң қәдирине жетиў руўхында тәрбиялаў мақсетинде:
- Сиясий репрессия қурбаны болған ўатанласларымыздың өмири ҳәм жумысын үйрениў ҳәм олардың естелигин мәңгилестириў жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық комиссия (кейинги орынларда – Республикалық комиссия) 1-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.
- Төмендегилер Республикалық комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
репрессия қурбаны болған шахслардың өмири ҳәм жумысын үйрениў, оларды атпа-ат анықлаў, тарийхый хызметлери ҳаққында мағлыўматларды, архив ҳәм музейлер, китапханалар ҳәм түрли фондларда сақланып атырған ҳүжжетлерди топлаў ҳәм изертлеў, ғалаба ен жайдырыў ушын жумысшы топарлардың жумысын шөлкемлестириў;
репрессия қурбанларының әўладлары ҳәм жақынлары, сол дәўир ўақыяларына гүўа болған инсанлардың еслеўлерин жазып алыў, шаңарақлық архив ҳәм китапханаларда сақланып атырған тарийхый дәреклерди, сийрек ушырасатуғын сүўретлерди топлаў бойынша жумысларды муўапықластырыў;
Репрессия қурбанлары естелиги мәмлекетлик музейи, оның аймақлардығы бөлимлери ҳәм Жадидлер мийрасы мәмлекетлик музейиниң темаға байланыслы мағлыўматлар, дәлил болатуғын буйым ҳәм ҳүжжетлер, басқа тийисли экспонатлар менен турақлы түрде байытып барылыўын тәмийинлеў;
Репрессияға ушыраған ўатанласларымыз ҳаққындағы тарийхый ҳақыйқатты тиклеў ҳәм келешек әўладларға жеткериў мақсетинде көп томлық “Репрессия қурбанлары” китабын баспадан шығарыў ҳәм олардың атларын Ташкент қаласындағы “Шейитлер естелиги” естелик комплексинде қурылатуғын символикалық китап бетлерине киргизиў жумысларын даўам етиў;
сырт елдеги түрли фондлар, архив, музей, китапхана ҳәм басқа илимий-ағартыўшылық мәкемелери ҳәм тийисли қәнигелер менен бирге ислескен ҳалда, темаға байланыслы илимий экспедицияларды шөлкемлестириў;
жас әўладты Ўатанымыз азатлығы жолында жанын пидә еткен уллы ата-бабаларымыз естелигине ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, олардың мәртлиги ҳәм үлгили ислерин үгит-нәсиятлаўға қаратылган руўхый-ағартыўшылық жумысларды жолға қойыў.
Республикалық комиссияның жумысшы уйымы етип Қорғаныў министрлигиниң улыўма басшылығында Репрессия қурбанлары естелиги мәмлекетлик музейи, Илимлер академиясы Тарийх институты, Қорғаныў министрлиги жанындағы Жәмийетшилик кеңеси, Қураллы Күшлер академиясы, Қорғаныў ҳәм әскерий қәўипсизлик машқалаларын үйрениў институты, “Жеңис парки” естелик комплекси, “Шон-шараф” мәмлекетлик музейиниң жуўапкер хызметкерлери ҳәм жетекши қәнигелеринен ибарат топар белгиленсин.
- Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Илимлер академиясы, Жазыўшылар аўқамы, Репрессия қурбанлары естелиги мәмлекетлик музейиниң ҳәр жылы октябрь айының биринши ҳәптесин мәмлекетимизде Сиясий репрессия қурбанларын еслеў ҳәптелиги сыпатында белгилеў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Республикалық комиссия Репрессия қурбанларын еслеў ҳәптелигин мүнәсип дәрежеде өткериў бойынша тийисли илажларды ислеп шықсын ҳам олардың әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- Репрессия қурбанлары, атап айтқанда, жадидлер ҳәрекети тулғаларының үлгили өмири ҳәм жумысын халқымыз, әсиресе, жаслардың арасында және де кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде:
“Нураний” қоры, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы “Шейитлер естелиги” жәмийетлик фонды, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Жаслар ислери агентлиги халқымыздың ғәрезсизликке ерисиў жолындағы көп әсирлик мәрдана гүреси, бул жолда сиясий репрессияға ушыраған ўатанласларымыздың өмири ҳәм жумысы ҳәм олардың естелигине бағышланған руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсиятлаў илажлары, дөгерек сәўбетлери, билимлендириў мәкемелери ҳәм мәҳәллелерде үш әўлад ушырасыўларын шөлкемлестирип барсын;
Мәденият министрлиги мәмлекетлик буйыртпа тийкарында спектакльлер, көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер жаратсын;
Жаслар ислери агентлиги аудиовизуал өнимлер таярлап, оларды интернет тармағында ғалаба ен жайдырыў, сондай-ақ, пайдаланыўшылар арасында түрли таңлаў, беллесиў ҳәм акциялар өткерсин;
Илимлер академиясы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен биргеликте Илимлер академиясы Тарийх институтының “Jadidlar.uz” электрон платформасын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў ҳәм платформаны жаңа электрон әдебиятлар, тарийхый дәреклер, жадид баспасөзи үлгилери ҳәм аудиовизуал өнимлер менен байытыў илажларын көрсин;
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги билимлендириў мәкемлеринде өткерилетуғын “Ғәрезсизлик сабақлары” шеңберинде репрессия қурбанлары, атап айтқанда, жадидлик ҳәрекети ғайраткерлерине бағышланған оқыў сабақларын шөлкемлестирсин;
Туризм комитети репрессия қурбанларының атлары менен байланыслы музей ҳәм объектлерди саяхатшылық бағдарында киргизиў илажларын көрсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Жаслар ислери агентлиги, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы, “Нураний” қоры, “Шейитлер естелиги” жәмийетлик фонды менен биргеликте Республикалық комиссияның қарары тийкарында:
репрессия қурбанлары ҳәм жадидлик ҳәрекети ўәкиллери болған шахслар туўылып өскен, жасаған шаӊарақларды анықласын ҳәм оларда естелик белгилерин орнатсын;
мәҳәллелерде ҳәм улыўма билдимлендириў мектеплеринде тийисли тәризде “Репрессия қурбанлары естелиги мүйешлери”н, стендлер ҳәм басқа көргизбели қуралларды шөлкемлестирсин.
Усы бәнтте белгиленген ўазыйпалар жергиликли бюджетлердиӊ қаржылары есабынан әмелге асырылады.
- Репрессия қурбанлары, атап айтқанда, жадидлик ҳәрекети ғайраткерлериниӊ өмири ҳәм жумысы, илимий-дөретиўшилик мийрасы, сондай-ақ, сол дәўирдеги сиясий-социаллық процесслер бойынша изертлеўлер алып барыў мақсетинде:
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги темаға байланыслы изертлеў жумысларына мәмлекетлик буйыртпаныӊ таӊлаўлары тийкарында қәлиплестирилиўин ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлесин;
Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, “Өзархив” агентлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Мәдений мийрас агентлиги, Илимлер академиясы репрессия қурбанлары ҳәм жадидлик ҳәрекети ғайраткерлериниӊ илимий-дөретиўшилик жумысына тийисли сийрек ушырасатуғын китаплар, қолжазба дөретпелер, тарийхый ҳүжжетлер ҳәм басқа материалларды оӊласын ҳәм санластырсын;
“Өзархив” агентлиги Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети менен биргеликте мәмлекетлик архивлерде сақланып атырған репрессия қурбанлары ҳәм жадидлик ҳәрекети ғайраткерлерине байланыслы арнаўлы архив ҳүжжетлерин белгиленген тәртипте сыр сақлаўдан шығарыў илажларын көрсин;
министрлик ҳәм уйымлар репрессия қурбанлары ҳәм жадидлик ҳәрекети ғайраткерлериниӊ атларын анықлаў бағдарында излениўлер алып барыў ушын Республикалық комиссияныӊ усынысына тийкарланып, тийисли уйымлық архивлерден пайдаланыў имканиятын жаратсын;
Сыртқы ислер министрлиги репрессия қурбанларыныӊ өмири ҳәм жумысына байланыслы сырт еллердеги дәреклерди излеп табыў ҳәм үйрениўде сырт елдеги илимий-изертлеў орайлары, абырайлы университет ҳәм фондлар, тараў қәнигелери менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыўда әмелий жәрдем көрсетсин.
- Мәдений мийрас агентлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери менен биргеликте жеке ҳәм шаӊарақлық архивлерде сақланып киятырған репрессия қурбанлары жумысына тиккелей байланыслы болған қолжазба, китап, сүўрет ҳәм буйым түриндеги тарийхый-мәдений буйымлардыӊ мәмлекетлик музейлердиӊ фондларына қабыл етип алыныўын шөлкемлестирсин.
- Репрессия қурбанлары естелиги мәмлекетлик музейи Санлы технологиялар министрлиги, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери менен биргеликте Репрессия қурбанлары естелиги мәмлекетлик музейи ҳәм оныӊ аймақлардағы бөлимлери фондларын турақлы байытып барыў, оларда жаӊа экспозиция ҳәм көргизбелер шөлкемлестириў ҳәм бул бағдарда заманагөй санлы технологиялар ҳәм мультимедиа қуралларынан кеӊнен пайдаланыўды жолға қойсын.
- Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Миллий гвардия, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Бас прокуратура, Бажыхана комитети усы қарар менен белгиленген ўазыйпаларды орынлаўда тийисли министрлик, уйым ҳәм шөлкемлерге ҳәр тәреплеме жәрдем берилиўин тәмийинлесин.
- Әдиллик министрлиги Бас прокуратура, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Жоқары суд, Ишки ислер министрлиги, Репрессия қурбанлары естелиги мәмлекетлик музейи, Илимлер академиясы ҳәм Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы менен биргеликте еки ай мүддетте тоталитар дүзим дәўиринде сиясий репрессияға ушыраған шахсларды реабилитациялаў тәртибин нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте киргизсин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги:
2025-жылдан баслап репрессия қурбанлары ҳәм жадидлик ҳәрекети ғайраткерлерине бағышланған илажларды өткериў, “Репрессия қурбанлары” естелик китапларын, китап ҳәм альбомлар, жол көрсеткишлерин таярлаў, сондай-ақ, көргизбелер шөлкемлестириў менен байланыслы ҳүжжетлерди Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде инабатқа алсын;
мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетке Репрессия қурбанлары естелиги мәмлекетлик музейиниӊ структурасын жетилистириў, атап айтқанда, оныӊ қурамында мультимедиа, баспасөз ҳәм басылым бөлимлерин шөлкемлестириў, музей ҳәм оныӊ аймақлық бөлимлериниӊ материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Сиясий репрессия қурбаны болған ўатанласларымыздыӊ өмири ҳәм жумысын үйрениў ҳәм олардыӊ естелигин мәӊгилестириў бойынша илажлар бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа ғалаба хабар қуралларына репрессия қурбанларының өмири ҳәм жумысы, олардың илимий-дөретиўшилик мийрасының мәниси ҳәм тәрбиялық әҳмийетин үгит-нәсиятлаўға қаратылған илажларды кеңнен сәўлелендириў, темаға байланыслы телекөрсетиў ҳәм радиоеситтириўлерди турақлы эфирге узатыў ҳәм баспасөз басылымлары ҳәм интернет бетлеринде мақалалар жәриялап барыў усыныс етилсин.
- Әдиллик министрлиги мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылыққа усы қарардан келип шығатуғын озгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2024-жыл 19-июль