Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы басшылары тәрепинен аймақлық саўда-санаат палатасы жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўында исбилерменлик субъектлери менен көшпели ушырасыў болып өтти.
Онда сыртқы саўда операцияларын әмелге асырыўда исбилерменлик субъектлеринде жүзеге келип атырған машқала ҳәм түсинбеўшиликлерди сапластырыў илажлары додаланып, исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиў алып барылды.
Илаж даўамында исбилерменлик субъектлерине өним экспортын әмелге асырыўда бажыхана уйымлары тәрепинен енгизилген “Экспорт 3 қәдемде” системасының абзаллықлары, әпиўайыластырылып атырған бажыхана рәсмийлестириўи әмелияты туўралы толық түсиник берилди. Бул система енгизилгенге шекем 9 басқышта әмелге асырылып киятырған экспорт операциялары енди 3 басқышта Өзбекстан товарларының дүнья базарына шығыўына имканият жаратпақта. Бул болса, өз гезегинде исбилерменлик субъектлериниң ҳәм ўақыт, ҳәм қәрежетлериниң үнемлениўине, қолайлы исбилерменлик орталығының жаратылыўына тийкар жаратпақта. Экспорт факти шегарада “жасалма экспорт” операцияларының алды алынады. Бүгинги күнге шекем аймақта жумыс алып барып атырған оннан аслам исбилерменлик субъекти усы системаның абзаллықларынан пайдаланып, елиўден аслам бажыхана жүк деклерациясы арқалы товарлар экспортқа әпиўайыластырылған тәртипте рәсмийлестирилген. Сондай-ақ, “Бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режиминиң талап ҳәм имканиятларынан республикамыз шараятында пайдаланыў бойынша усыныс ҳәм бағдарлар берилди.
Исбилерменлик субъектлери бажыхана рәсмийлестирилиўи процесслеринде, атап айтқанда, бажыхана баҳасын анықлаўда қолланылатуғыгн усыллардан пайдаланыўда итибар қаратылыўы тийис болған тәреплер бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.