Сенаттың елиў төртинши жалпы мәжилисинде жаңа редакциядағы «Электр энергетикасы ҳаққында»ғы нызам қызғын додалаўларға себеп болды.
Атап өтилгениндей, әмелдеги нызам 2009-жылы қабыл етилген болып, онда электр энергиясының көтере ҳәм усақлап сатыў базары, соның ишинде, бәсекини қоллап-қуўатлаў механизмлери нәзерде тутылмаған. Электр тәмийнатының исенимли, қәўипсиз, турақлы ҳәм аз қәрежетли ислеўин тәмийинлейтуғын нормалар сәўлелендирилмеген, тутыныўшылардың баҳалар ҳәм хызметлер көрсетиў сапасы бойынша мәплерин қорғаў кепилликлери белгиленбеген.
Сол себепли нызам бүгинги күн талапларына толық жуўап бермейди.
Жаңа редакциядағы «Электр энергетикасы ҳаққында»ғы нызам менен тутыныўшылардың баҳалар, исенимли электр тәмийнаты ҳәм хызметлер көрсетиў сапасы бойынша мәплерин қорғаў, электр энергиясы айрықша тосқынлықларсыз сатылатуғын ликвидли базарды қәлиплестириў мақсетинде нәтийжели, ашық-айдын, дифференциалласпаған ҳәм бәсекиге шыдамлы электр энергия базарының жүзеге келиўи ҳәм раўажланыўына жәрдемлесиў нәзерде тутылмақта.
Нызамда бәсеки орталығын раўажландырыў, жеке меншик инвестицияларды тартыў ҳәм енгизиўди хошаметлейтуғын электр энергетика тармағының нәтийжели жумыс алып барыўы ушын структура ҳәм улыўма қағыйдалар белгиленбекте.
Атап айтқанда, нызамда инсаплы бәсеки, теңлик ҳәм есап бериў, ашық-айдынлық, электр энергетикасы қәўипсизлигиниң үстинлиги сыяқлылар тараўдың тийкарғы принциплери етип белгиленип, электр энергетикасы тараўының мақсетлерине байланыслы жаңа статья киргизилмекте.
Нызамда электр энергиясының бәсекиге тийкарланған көтере ҳәм усақлап сатыў базар қағыйдалары да сәўлелендирилмекте.
Буннан тысқары, нызамда электр энергиясы базарында трейдерлер (физикалық ямаса юридикалық тәреплер) жумысын тәртипке салыўға қаратылған улыўма қағыйдалар, олардың ҳуқықлары ҳәм миннетлемелерине байланыслы норма киргизилмекте.
Сенаторлар мақуллаған нызам тараўға жеке меншик инвестицияларды тартыўға ҳәм бул арқалы электр энергетикасы тараўының нәтийжели жумыс алып барыўына, электр энергетикасы кәрханаларының ҳуқықлары, миннетлемелери менен жуўапкершиликлериниң белгилениўине ҳәм электр энергиясын қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен ислеп шығарыўды хошаметлеўге хызмет етеди.
Н.Абдураимова,
Н.Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА