Жиззақ ўәлаятының Замин районында 27-июнь күни II Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.  

Бул әнжуман мәмлекетимиз басшысының басламасы менен шөлкемлестирилген ҳәм биринши фестиваль 2018-жылы Шаҳрисабзда өткерилген еди. Соң пандемия себепли кешиктирилген көркем өнер қурылтайы усы жылы жаңаша руўхланыў ҳәм гөзаллық пенен қайтты.

Миллий мақам көркем өнери халқымыз мәдений мийрасының ажыралмас бөлегине айланған. Ол өзиниң узақ тарийхы, терең философиялық тамырлары, бай дөретиўшилик дәстүрлери менен руўхый өмиримизде айрықша орынға ийе.

Сол жағынан да бул әнжуманды тек мәмлекетимиз ҳәм халықаралық майдандағы көркем өнер дөретиўшилери, ал халқымыз да үлкен қызығыўшылық пенен өткереди.

Усы көркем өнер байрамы мүнәсибети менен бир қатар мәдений илажлар, илимий-әмелий конференциялар өткериледи. Атап айтқанда, Заминсой комплекси аймағында мәмлекетимиздиң он төрт аймағына тән халықтың турмыс тәризи, дәстүр ҳәм үрп-әдетлерин аңлатыўшы этнографиялық қалаша-павильонлар қурылды. Оларда мәденият ҳәм көркем өнерди көрсетиўши буйымлар да көрсетилди.

Киши сахналарда театрластырылған тамашалар, фольклор жәмәәтлериниң шығыўлары көрсетилмекте. Қатнасыўшылар мақам көркем өнерине байланыслы түрли көргизбелер, өнерментшилик буйымлары, әййемги қол өнери дөретпелери ҳәм липаслар, гилемлер, cүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер шығармалары, мүсиншилик үлгилери менен танысты.

Аймақлардың әййемги архитектрулаық естеликлери, макетлери, тәбият жемислери – мийўелер көргизбеси, сәўбетлер мийманларда тәсир қалдырды.

Кеш түсип баслады. Әнжуман мүнәсибети менен безелген Заминсой комплексиндеги амфитеатр ертектегидей көриниске енди. Гезектеги Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманының салтанатлы ашылыў мәресимине шақырық қосығы жаңлайды. Сахнаға байрамда қатнасып атырған мәмлекетлер ўәкиллери мирәт етиледи.

Салтанатлы ашылыў мәресиминде Президент Шавкат Мирзиёев сөзге шығып, мақам көркем өнериниң тарийхы ҳәм әҳмийетин атап өтти.

– Бизиң әййемги тарийхымыз, бай мәдениятымыз, әзелий қәдириятларымыздың көриниси болған мақам көркем өнери терең философиялық тамырлары, айрықша көркем усылы ҳәм бай дөретиўшилик дәстүрлери менен руўхый өмиримизде әҳмийетли орын ийелейди. Мақам – улыўма дүньялық туйғыларды ҳәўиж перделеринде жүзеге шығаратуғын бирден-бир көркем өнер түри сыпатында да биз ушын оғада қәдирли, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мақам көркем өнери мусылман Шығысындағы Биринши ҳәм Екинши Ренессанс дәўиринде жедел раўажланып, жоқары шыңға көтерилген. Абу Наср Фарабий өзиниң «Үлкен музыка китабы»да намалардың теориялық ҳәм әмелий критерияларын түсиникли сөзи арқалы толық(жетилискен) тәртипке келтирген. Әбу Райхан Беруний, Ибн Сина, Әлийшер Наўайы, Заҳириддин Муҳаммед Бабур сыяқлы уллы ойшылларымыз сийрек ушырасатуғын музыкалық шығармалар дөретип, мақамның раўажланыўына үлкен үлес қосқан.

XX әсирде бул дәстүрлерди Абдурауф Фитрат, Юнус Ражабий сыяқлы көркем өнер таныўшы илимпазлар, Ҳожихон Болтаев, Камилжон Атаниёзов, Турғун Алиматов, Фаттоҳхон Мамадалиев ҳәм басқа қосықшылар мүнәсип даўам еттирген.

Мәмлекетимиз басшысы мақам көркем өнерин қәстерлеп-сақлаўда белгили мәмлекетлик ғайраткер Шараф Рашидовтың үлкен үлеси барлығын атап өтти. Сол аўыр дәўирлерде Ташкент мәмлекетлик консерваториясында мақам көркем өнерин илимий үйрениўге ҳәм халықаралық көлемде ен жайдырыўға тийкар салынған. Мақам ансамбли шөлкемлестирилген. Мәңги «Шашмақом» дүрданалары нотаға алынып, 6 томнан ибарат жетилискен китап баспадан шығарылған.

Ески музыка көркем өнериниң гүлтажы болған айрықша мақамларымыз ЮНЕСКОның Инсаният материаллық мәдений мийрасы дизимине киргизилген.

Президентимиздиң итибары менен бул көркем өнердиң гүллениўи жаңа басқышқа шықты. Бүгинги күнде мақам пүткил мәмлекетимиз бойлап, басланғыш билимлендириўден баслап, академиялық пән дәрежесине шекем болған басқышларда үзликсиз тәризде үйренилмекте. Ташкент қаласында Мақам орайы қурылмақта. Бул бағдарда нәтийжели дөретиўшилик етип атырған композитор, қосықшы ҳәм сазенделерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде миллий таңлаўлар өткерип келинбекте.

Мәмлекетимиз басшысы өмирин, әне, усындай даңқлы ҳәм жуўапкершиликли иске бағышлаған қосықшыларға пүткил халқымыз атынан шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

– Жақсылық ҳәм гуманизм байрағы астында бирлескен, көркем өнерди пүткил барлығы менен сүйетуғын барлық дөретиўшилер ушын бул фестиваль, әлбетте, үлкен байрам болып есапланады. Мақамлар жәҳән музыка ықласбентлери руўҳының таўсылмас күш-қуўат ҳәм илҳам дәреги болсын, – деди Президент.

Мәресимде ЮНЕСКО Бас конференциясы 42-сессиясы президенти Симона Микулеску, АЙСЕСКО Бас директоры Салим Муҳаммад ал-Малик те сөзге шығып, қатнасыўшылар ҳәм мийманларды қутықлады.

Сондай-ақ, әнжуманда ТУРКСОЙ Бас хаткери Султан Раев, Түркий мәденият ҳәм мийрас қоры президенти Актоти Раимкулова, Түркий мәмлекетлер Парламент Ассамблеясы Бас хаткери Меҳмет Суреййа Эр, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Бас хаткериниң орынбасары Нурлан Сейтимов, Түркия Президентиниң бас кеңесгөйи Ялчин Топчу, Қазақстан Президентиниң кеңесгөйи Малик Отарбаев, Тәжикстан Президентиниң социаллық раўажланыў, мәденият ҳәм жәмийетшилик пенен байланыслар бойынша жәрдемшиси Абдулло Раҳмонзода, Қырғызстан мәденият, мәлимлеме, спорт ҳәм жаслар сиясаты министри Олтинбек Максутов, Әзербайжан мәденият министри Адил Габил улы Каримли қатнасты. Улыўма, фестивалда Азия, Европа, Арқа ҳәм Қубла Америка, Африка континентлериниң 80 нен аслам мәмлекетинен дерлик 400 мийман қатнаспақта.

Салтанатлы илаж ески нама-қосықлардан дүзилген концерт пенен даўам етти.

Илажда, сондай-ақ, сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң мәмлекетимиздеги елшилери ҳәм ўәкиллери, белгили мәденият ғайраткерлери, белгили дөретиўшилик жәмәәтлери, талант ийелери, фестивальды кең сәўлелендириў мақсетинде елимизге келген ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Мәмлекетимиздеги барлық бағдарларда әмелге асырылып атырған реформалар мәденият тараўларында да турақлы даўам етпекте. Бул әнжуман болса түрли халық ҳәм миллетлер арасында өзине тән мәдений сәўбет майданына айланып атырғаны атап өтилди.

30-июньға шекем даўам ететуғын әнжуманда қатнасыўшылар түрли номинациялар бойынша өз ара беллеседи. Жуўмағында халықаралық төреши ағзалары «Ең жақсы мақам ансамбли», «Ең жақсы жеке атқарыўшы» ҳәм «Ең жақсы жеке қосықшы» бағдарлары бойынша жеңимпазларды жәриялайды.

Таңлаў жеңимпазлары шөлкемлестириўши комитет тәрепинен диплом, статуэтка ҳәм ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады.

Сондай-ақ, әнжуман шеңберинде «Мақам көркем өнериниң теориялық ҳәм әмелий тийкарлары: машқала ҳәм шешимлер» темасындағы халықаралық илимий-әмелий конференциясы, мақам көркем өнери шеберлери қатнасыўындағы көркем шығыўлар, дөгерек сәўбетлери болып өтеди.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

Абдужалол ҚАЮМОВ,

ӨзАның хабаршылары