Шоманай районында жылына 7300 тонна ийирилген жип ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе «Шоманай эко текс» ЖШЖ шөлкемлестирилмекте. Кәрханаға «Бегжап» АПЖ аймағынан 9,6 гектарлық жер майданы ажыратылды.

Усы жойбардың улыўма баҳасы 71 миллиард 143 миллион сум (20,9 миллион доллар), соннан 55 миллиард 485 сум (16,3 миллион доллар) Өзмиллийбанктиң кредит қаржысы есабынан әмелге асырылыўы режелестирилген. Февраль айында кәрхана тәрепинен жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыў ушын «Ơzengsanloyiha» ЖШЖ менен заманагөй әсбап-үскенелер жеткерип бериў ушын «Rieter» (Швейцария) ҳәм «Murata» (Япония) кәрханалары менен шәрнамаларға қол қойылды. Кәрханаға шөлкемлестириўши сыпатында «Өзмиллийбанктиң» сыңар кәрханасы «NBU INVEST GROUP» ЖШЖ қосылып, 2 миллиард 200 миллион сум қаржылар кәрхананың устав фондына киргизилди.

Бүгинги күнде банк тәрепинен 15 процент муғдарындағы кредит қаржылары ажыратылды. Яғный,  «Rieter» компаниясына 1 миллион 350 мың, «Тем санг» компаниясына 375 мың, «Murata» компаниясына 274 мың, жәми         1 миллион 999 мың АҚШ доллары муғдарындағы кредит қаржысы ажыратып берилди. Қалған бөлеги товарлар жөнетилиўинен алдын ажыратылыўы режелестирилген.

Ҳәзирги күнде кәрхананың 1,8 миллиард сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылған. Кәрхана имаратының шлакоблоклары (13 мың дана) қойып питкерилип, гербиш өриў жумыслары баслап жиберилген.

Усы кәрхананы келеси жылдың 1-апрель күнине тапсырыў режелестирилген. Ол иске түссе 220 жаңа жумыс орны жаратылады.

Қурылыс жумыслары нәтийжели даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.