Президент Шавкат Мирзиёев 7-июнь күни Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик қәўипсизлик департаментиниң Муўапықластырыў ҳәм мониторинг етиў орайын барып көрди.

Бул орай Өзбекстан Республикасында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў системасын раўажландырыў стратегиясы шеңберинде шөлкемлестирилген. Комплекс толық оңланып ҳәм заманагөй үскенеленип, усы жылдың март айында иске түсирилген.

Комплекс жәмийет қәўипсизлиги процесслерин қамтып алған бирден-бир  мәлимлеме орайы болып есапланады. Бул жерде орынлардағы жағдай ҳәм хызметкерлердиң ис-ҳәрекети санлы технологиялар арқалы талланып барылады. Атап айьқанда, 10 мыңнан аслам профилактика инспекторларының жумысы 6 бағдар бойынша бақлап барылады ҳәм баҳаланады.

Онда “Е- Жәмийет қәўипсизлиги”, “Е- Социаллық жағдай” сыяқлы бағдарлар, жол ҳәрекети қәўипсизлиги, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў хызметлериниң бирден-бир мәмлимлеме системалары ҳәм 6 мыңнан аслам “ақыллы ” бақлаўшы камералары интеграцияланғаны пайда бермекте.  Сондай-ақ, орайда видеобайланыс арқалы профилактика инспекторлары, жол патруль, ҳәм пробация хызметкерлери ушын аралық оқыўлар өткериледи. Ғалабалық илажларды моделлестириў  арқалы стандарт емес жағдайларда жедел қарар қабыл етиў ҳәм оператив илажлар көриў үйретиледи.

Мәмлекетимиз басшысы бул мәселеге айрықша итибар қаратып, тараў хызметкерлери жоқары технологияларды жақсы билиўи зәрүр екенлигин атап өтти.

Бүгинги күнде барлық тараўларда жасалма интеллекттиң орны кеңейип бармақта. Инсанларға қолайлық жарататуғын бағдарлар менен бирге кибержынаятшылық, алдаўшылық усыллары да көбейип бармақта. Бундай жынаятлардың алдын алыў, анықлаў ҳәм ашып бериў ушын ишки ислер хызметкери оннан да алғыр, зийрек болыўы керек.

Сол себепли орайдағы ушырасыўға ҳуқық-қорғаў уйымлары жанындағы жоқары оқыў орынлары ректорлары мирәт етилди. Олардағы оқыў бағдарламаларын усы көзқарастан  жетилистириў, дуал билимлендириў системасын енгизиў, сабақлықлар ҳәм илимий жумыслардың турмыс пенен үйлесиўин тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти.

Ишки ислер министрлигинде ушыўшысыз  қурылмаларды  қолланыў бойынша структура шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды. Жынаятшылық профилактикасын күшейтиў, ғалабалық илажлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша қосымша тапсырмалар берилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 29-ноябрьдеги пәрманы менен тастыйықланған жәмийетлик қәўипсизлик бойынша стратегия 2025-жылдың ақырына шекем системаны санластырыўды 90 процентке жеткериў белгиленген. Сапар даўамында мәмлекетимиз басшысына бул бағдарға байланыслы мәлимлеме берилди.

Бул процесс үш басқышта әмелге асырылмақта.

Биринши  басқышта машқалалар үйренилип, екиншисинде сол тийкарда қәнигелер ҳәм бағдарламалар таярланды. Соның ишинде, 66 мәлимлеме системасы ҳәм модуллери ислеп шығарылды. Оларға министрликлер ҳәм уйымлардың 77 ҳәм Ишки ислер министрлигиниң  25 мәлимлеме системасы интеграцияланды. Жәмийетлик қәўипсизлик бөлимшелериниң хызметкерлери 18 мыңнан аслам планшетлер менен тәмийинленди ҳәм санлы қурылмадардан нәтийжели пайдаланыў бойынша оқытылды.

Нәтийжеде 155 есабат, 37 жумыс жүргизиў  тараўы, жүзге шамалас билдириў ҳәм жыйналма материаллар санластырылған. Соның есабынан 213 миллиард сумды үнемлеўге ерисилген.

Енди, үшинши басқышта Мағлыўматларды қайта ислеў орайы шөлкемлестирилип, тараўға жасалма интеллектти кеңнен енгизиў, үскенелерди локализациялаў сыяқлы мақсетлер койылған.

Усы жерде ишки ислер системасында қолланылып атырған заманагөй техника ҳәм үскенелер көрсетилди.



ӨзА