Фото: Илимпаз Сали Бауатдинов

 

ҚАРАҚАЛПАҚСТАНЛЫ ИЛИМПАЗЛАРДЫӉ ГЕЗЕКТЕГИ ТАБЫСЫ

Қарақалпақстанлы илимпазлар тәрепинен 2016-жылы глауконит минерал шийки затын тәбийғый ҳалында белгили бир кондицияға келтирип, микро-элементли калий төгинин алыўдың илимий теориялық технологиясы, сондай-ақ, Қарақалпақстанда шығатуғын фосфоритлерди минерал дузлар менен активациялаў арқалы фосфорлы төгин алыўдың технологиясы ислеп шығылды. Бул Өзбекистанда аўыл ҳәм суў хожалығын раўажландырыў бағдарында оғада әҳмийетли жаңалық.

Өзбекистан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими жанынан бул ушын арнаўлы цех иске түсирилип, баҳасы 40 миллион сумнан аслам болған 25 тоннаға шамалас глаукофос, глаукокалий төгинлери өткен жылы республикамыздағы 21 фермер хожалығына тәжирийбе сыпатында берилип, сол хожалықлардағы пахта егинлери өнимдарлығының артыўына ерисилди.

Бул цех  саатына 400-500 килограмм байытылған глауконит ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе.

Бундай нәтийжелерге ерисиў өз-өзинен болған жоқ, әлбетте.  Филиалдың Қарақалпақ тәбият илимлери илим-изертлеў институтының Минерал төгинлер химиясы топары бул жумыслардың баслаўшылары, белсендилери болды.

Усы топар баслығы Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, техника илимлериниң кандидаты Сали Бауатдиновтан илимий жумыслары, нәтийжелери, ашылған жаңалықлардың республикамызға келтиретуғын пайдасы туўралы бираз мағлыўмат алдық.

Оның менен сәўбетлескенимизде илимий терминлерди көбирек қолланғаны ушын көпшиликке түсиниксиз болмаймекен деген пикирге келип, жеңиллеў тилде басқашалаў етип айтсақ, деп ойладым. Бирақ, оның айтқанлары илимпазлар, дийқан-фермер хожалықлары ушын зәрүр мағлыўматлар болғанлығы себепли илажы болғанынша кеңирек айтыўды мақул көрдик.

 

ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДАҒЫ ФОСФОРИТ КӘНЛЕРИ. ОЛАРДЫӉ ӘҲМИЙЕТИ ҚАНДАЙ?

– Бүгинги күнде Қарақалпақстандағы үш фосфоритли кән итибарға ылайық. Олар – Султанўәйистаў, Хожели ҳәм төменги Әмиўдәрья кәнлери. Өзлестириў көз-қарасынан ең абзалы – Хожели районы ҳәм Нөкис әтирапларындағы кең аймақты ийелеген Хожакөл кәни болып табылады, себеби ол өзиниң географиялық жайласыўы жағынан басқа кәнлерге қарағанда пайдаланыў ушын жүдә қолай жерде жайласқан,-дейди илимпаз С.Бауатдинов.

Тийкарғы компонент есапланған Р2О5 муғдарының азлығы, ал керексиз араласпалардың, атап айтқанда кварцтың оғада көп муғдарда болыўы себепли Хожели рудалары минерал кислоталар менен қайта ислеў нәтийжесинде концентрацияланған фосфорлы төгин алыў ушын жарамсыз есапланады. Р2О5 муғдарын көбейтиўдиң радикал усылы – руданы байытыў болып, оны әмелге асырыў жүдә қыйын.

Қарақалпақстан фосфоритлери тийкарынан суўда еримейтуғын орташа дузлардан туратуғынлығы белгили. Сонлықтан өсимликлер ондағы фосфорды оғада қыйыншылық пенен өзлестиреди (ашшы топырақ шараятларынан басқа).

Фосфорит унының ериўшеңлигин үйренгенимизде, оның суўда дерлик еримейтуғыны анықланды.

Химиялық қурамын изертлегенимизде еритпе қурамына байланыслы Хожакөл фосфорит унындағы Р2О5 ның  22,98-29,03 проценти өсимлик өзлестирилетуғын формада болатуғынын көрдик. Бул қәсийет Қарақалпақстандағы желваклы (бақаншақлы) фосфоритлерди фосфорит уны түринде тиккелей топыраққа салыўға жәрдем береди. Оны аўыл хожалығында орташа дузланған дузлы топырақларға пайдаланғанда оның нәтийжелилиги әпиўайы суперфосфаттан қалыспайтуғынлығы белгили. Р2О5 ериў дәрежесине қарай ҳәрқыйлы кәнлердеги фосфоритлердиң аўыл хожалық егинлериниң зүрәәтине тәсирин үйренген агрохимиклердиң усынысына көре, егер ҳәлсиз кислоталарда фосфат ерисе, онда бундай төгинди жетерли дәрежеде нәтийжели төгинлер қатарына қосыў керек.

Бирақ бизиң топырақларымыз нейтрал (ҳәм силтиленген) болып, сол себепли бундай фосфорит унын алдын ала активлестирмей турып тиккелей пайдаланыўдың нәтийжеси аз болады. Фосфорит унын нейтрал топырақта да пайдаланыў диапазонын кеңейтиў ушын фосфордың өзлестирилетуғын формаларының муғдарын көбейтиў зәрүр болады. Аўыл хожалығында майдаланған (ямаса механикалық жол менен активлестирилген) фосфорит унын ислеп шығыў, тасыў ҳәм пайдаланыў экономикалық ҳәм экологиялық жақтан нәтийжели болады.

Қарақалпақстанның төмен сортлы фосфоритлеринен пайдаланыўдың ең нәтийжели ҳәм тез әмелге асырылатуғын технологиялық шешими – оларды минерал кислоталардың дузлары менен химиялық активлестириў арқалы әстен тәсир етиўши қурамалы фосфор төгинлерин алыў болып табылады. Фосфоритлерди дәстүрий емес усыллар жәрдеминде дузлар менен қайта ислеў жергиликли шийки заттан ол жайласқан жердиң өзинде фосфорлы төгинлерди өндириў жумысларын шөлкемлестириўге мүмкиншилик береди.

 

ГЛАУКОНИТТЕН АЛЫНАТУҒЫН МИНЕРАЛ ТӨГИННИӉ ПАЙДАСЫ КӨП

Фосфорлы төгин алыўдың әпиўайы технологиясын ислеп шығыў мақсетинде Хожакөл фосфорит унын минерал төгинлер менен химиялық активлестириў процеси изертленди. Фосфат шийки затын активлестириў процеси тийкарынан топырақта ығаллық болғанда өтетуғынын есапқа алып, минерал төгинлердиң нәтийжелилигин анықлаў ушын фосфорит унын активлестириў процеси аммоний нитраты, аммоний сульфаты ҳәм алюминий хлоридиниң 2, 5, 10 ҳәм 20 процентли еритпелеринде, минерал төгин менен  фосфорит унының ҳәрқыйлы қатнасларында 30 минут даўамында компонентлерди жедел араластырыў жолы менен өткерилди.

Солай етип, Қарақалпақ тәбият илимлери илим-изертлеў институтының Минерал төгинлер химиясы топары тәрепинен илимпаз Сали Бауатдиновтың басшылығында фосфориттен төгин алыўдың илимий-теориялық технологиясы ислеп шығылды. Қарақалпақстан фосфоритлери Өзбекистандағы басқа фосфоритлерден (Қызылқум, Гулёб) физиохимиялық жақтан айырмашылығы бар екенлиги, фосфоритти пайда етиўши кристаллардың бир-бири менен жайласыўы бос ҳалында екенлиги, сондай-ақ  бул фосфориттиң топырақ еритпесинде әстелик пенен еригишлиги илимий жақтан дәлилленди. Нәтийжеде, минерал төгинлер менен (азот, фосфор, калий) араласпа ҳалында минерал төгин алыўдың илимий технонологиясы ойлап табылды. Минерал төгин химиялық атамасы бойынша – дуз. Кислоталылығы 3-4 процентке, 3-4 PH көрсеткишлигине ийе. Ол жерди дузландырыўға алып келеди деген сөз. Егер минерал төгинлер менен фосфоритти 1;0,9-1 қатнаста араластырса (араласпа таярланса) алынған минерал төгинлердиң кислоталылығы азаяды, жерди шорландырмайды. Өсимликтиң минерал төгин алыўының пайдалы коэффиценти артады.

– Қарақалпақстанның глауконит минералы ҳәр қыйлы химиялық қумлы араласпалар менен кеңнен тарқалған минерал. Глауконит минералы муғдарында өсимлик ушын керекли болған калий оксиди, бизиң кейинги анықлаўымыз бойынша 30 дан аслам макро-микроэлементлер бар екенлиги илимий жақтан дәлилленди ҳәм бул химиялық элементлердиң көбиси окись ҳалында екени дәлилленип атыр. Демек, бул элементлердиң топырақ еритпесинде жақсы ерийтуғынлығы бизиң тәжирийбелер тийкарында анықланбақта,-дейди С.Бауатдинов.

Биз ислеп шығарып атырған глаукониттен алынатуғын минерал төгинлердиң пайдасы көп. Бириншиден, минерал төгин экологиялық жағдайдың жақсыланыўына алып келеди. Атызларға берилип атырған қымбат баҳалы фосфор төгинин бериўди 40-50 процентке, азот төгинин 20-30 процентке, калий төгинин 70-80 процентке азайтып, қаржыны үнемлеў бойынша үлкен жәрдемин тийгизеди. Екиншиден, өсимликтиң вегетация дәўиринде топырақтың ызғарлығын үш ай даўамында 70-75 процентке услап турады, топырақтың қурамын жақсылайды. Глауконит тәбийғый төгин – топырақты калий төгини менен байытады және оның қурамын жақсылайды. Өсимликтиң өсиўшеңлигин арттырады, ҳәр қыйлы кеселликтен сақлайды. Химиялық зәҳәрли элементлерди өзине сорып алып, топырақты тазалайды. Жердеги гумустың муғдарын арттырады.

Гумус (ширинди) дегенимиз жерге ең керекли органикалық зат болып, оның қурамында ең керекли химиялық компонентлер бар. Яғный оның қурамында 5 процент азот, 20-30 процент фосфор, 70-80 процент күкирт болады. Глауконитте ҳәм оннан алынатуғын төгинлерде бизиң илимий мағлыўматларға қарағанда 30-35 макро-микро элементтиң барлығы анықланды. Олар мыс, цинк, кобальт, ванадий, бор ҳәм.т.б. Егер олар жетиспесе өсимлик жақсы раўажланбайды, жақсы өним бермейди, экологиялық қубылысларға төзимсиз болады.

 

БЕНТОНИТ ЖЕРДИӉ МЕЛИОРАТИВЛИК ҲАЛАТЫН ЖАҚСЫЛАЙДЫ

Кейинги жылларда Арал теңизиниң ултанынан көп муғдардағы дузлар самал менен елимиздиң көплеген ўәлаятларына кеңнен тарқалмақта. Топырақтың шорланыўы минерал төгинниң пайдалы коэффицентин азайтады. Пахтаның зүрәәтлилиги аз шорланған жерлерде 10-15 процентке, орташа шорланған жерлерде 50 процентке, күшли шорланған жерлерде 75 процентке шекем азаяды.

Қарақалпақстан аймағында минерал төгинлер ушын қолланыўға болатуғын кең тарқалған және бир агрорудалардың бири бул – бентонит болып есапланады. Қарақалпақстанның 10 жеринде (Қырантаў, Белтаў, Қусханатаў, Хожакөл ҳәм т.б) оның кәнлери бар. Олардан да пайдаланыўдың илимий жоллары ислеп шығылды. Ол жердиң мелиоративлик жағдайын жақсылайды. Жердиң физика-химиялық қәсийетин жақсыландырады, өнимдарлықты арттырады. Егер нанбар ретинде пайдаланылса өсимликтиң раўажланыўына кең тәсири болады. Мысалы 7-10 тонна қыйға 5-6 тонна  глауконит араластырылып нанбар етилсе, пахта өсимлигиниң өнимдарлығы  4-5 центнерге артып, вегетациялық дәўири қысқарады. Бентониттиң қурамында 30 ға жақын макро-микроэлементлер бар. Адсорвентлик қәсийетке ийе. Жердиң ығаллығын сақлайды.

Жуўмақлап айтқанда, илимпазларымыз тәрепинен әмелге асырылып атырған бул жумыслар ҳәр қандай мақтаўға, дыққатқа ылайық.

Илимпазлардың пикиринше, ҳәзирги дийқаншылықта тәбийғый минералларды, топырақ ресурсларын үнемли пайдаланыў ҳәм сол тийкарда күшли тәсирге ийе жоқары сападағы минерал төгинлердиң ҳәзирги заман талабына сәйкес технологиясын ислеп шығыў ҳәзирги илимниң тийкарғы илимий бағдары болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта аўыл хожалығында кеңнен қолланып жүрген минерал төгинлерден аммофос, суперфосфат, аммофосфат ҳәм басқа да қурамалы азотлы-фосфорлы төгинлер ҳәзирги заман талабына жуўап бермейди.

Өндирилип атырған минерал төгинлердиң аўыл хожалық егинлерине физика-химиялық тәсири төмен, яғный топырақ муғдарында тез ерип кетеди, пайдалы коэффиценти аз. Дүнья илимпазлары минерал төгинлерди аўыл хожалығы егинлерине ҳәр жылы қайталап бериў жердиң шорланыўына ҳәм атмосфераның, климаттың өзгериўине үлкен тәсир ететуғынлығын илимий жақтан дәлиллемекте. Аўыл хожалығындағы үзликсиз химияластырыў ҳәм минерал төгинлерден үзликсиз түрде пайдаланыў ақыбетинде атмосферада көмирқышқыл гази, метан ҳәм азот газлери топланбақта, топырақтың суўсызланыў процеси артпақта.

Онысыз да Арал апатшылығы себепли жәбир шегип атырған халықтың егислик атызларын химиялық төгинлер менен азықландырыў, яғный оннан сайын шорландырыў – бул жығылған үстине жудырық пенен барабар.

 

ИМПОРТ ХИМИЯЛЫҚ ТӨГИНЛЕРДИ 70 ПРОЦЕНТКЕ АЗАЙТЫЎҒА БОЛАДЫ

Илимпаздың тийкарғы мақсети республикамыздағы тәбийғый минерал кәнлерден кеңнен пайдаланыў арқалы елимиздиң аўыл хожалығының раўажланыўына үлесин қосыў, солар арқалы жеримиздиң қунарлылығын сақлаў, жеримиздеги ҳәр қыйлы химиялық төгинлер себепли келип шығып атырған кери тәсирлер ҳәм экологиялық машқалаларды азайтыў болып есапланады.

– «Ең тийкарғысы жоқарыда атап өтилген төгинлерди ислеп шығарыў кеңнен ен жайса, республикамызға шеттен келип атырған қымбат баҳалы ҳәр қыйлы химиялық төгинлерди 70 процентке шекем қысқартыўға мүмкиншилик болады,-дейди Сали Бауатдинов.

Республикамыздағы фосфорит, глауконит, бентонит кәнлеринде олардың оғада көп запасы бар. Жәҳәндеги көплеген еллер, ҳәтте раўажланып атырған еллер де өзиниң тәбийғый байлықларынан утымлы пайдаланып төгин ислеп шығарып экспорт етиўден мол-мол пайда көрип атырғанда, биз де олардың тәжирийбелеринен үйренсек кем болмаймыз. Бул ушын бизиң илимий жақтан да, технологиялық жақтан да мүмкиншилигимиз кең.

Елимиз экономикасының раўажланыўы, халықтың турмыс дәрежесиниң артыўы ушын ҳәзирги ўақытта бир қатар ири жойбарлар әмелге асырылып атыр. Ири-ири кәрханалар, цехлар иске түспекте.

Жоқарыда атап өтилген тәбийғый төгинлерди кең түрде ислеп шығарыўды жолға қойсақ, биз көп нәрседен утамыз. Усы төгинлерден пайдалансақ экологиямыз жақсыланады, жеримиздиң қунарлылығы артады, шеттен сатып алынып атырған қымбат баҳалы химиялық төгинлерден қутылыў арқалы оған жумсалып атырған көп муғдардағы қәрежетлер үнемленеди. Бул жумыс кеңейсе экпортқа да шығарып, қазнамызға валюта түсимин тәмийинлеў мүмкиншилиги пайда болады».

 

ИЛИМПАЗ ҲАҚҚЫНДА БИРЕР СӨЗ…

Өзбекистан Илимлер Академиясының патентлер бюросы тәрепинен өткен жылы Қарақалпақ тәбият илимлери илим-изертлеў институтының Минерал төгинлер химиясы топарының баслығы илимпаз Сали Бауатдиновқа Қарақалпақстанның минерал байлықларының тийкарында, атап айтқанда, глауконит ҳәм фосфорит тийкарында биринши мәрте «Араласпа қурамалы төгин алыўдың усылы» атлы патент берилди.

Ол 1995-жылы «Глауконит минералын калий  төгини ретинде пайдаланыў бойынша усыныс» атлы биринши рекомендацияны алған еди.

Соннан берли илимпаздың Нөкис илим баспасынан 2013-жылы 11 баспа табақ көлеминдеги «Қарақалпақстан глауконити ҳәм оны аўыл хожалығында пайдаланыў»,  2017-жылы 15 баспа табақ көлеминдеги «Қарақалпақстанның жергиликли агрорудаларын қолланыўдың илимий тийкарлары» атлы илимий китаплары баспадан шығарылды. 2016-жылы «Қарақалпақстандағы байытылған глауконитли қумларды аўыл хожалығы секторында төгин сыпатында қолланыў бойынша» БМШтың Раўажландырыў Бағдарламасының усынысын алды. Ҳәзирги ўақытта оның «Қарақалпақстан фосфоритлери ҳәм оны қолланыў», «Қарақалпақстан глауконитлериниң тийкарында минерал төгинлер алыўдың илимий усыллары» атлы ири көлемли илимий китаплары баспадан шығыў алдында тур.

Сүўретте: С.Бауатдинов өзи тәрепинен жаңадан ислеп шығарылған тәбийғый төгин себепли тегис көгерип, адам бойына жеткен Хожели районындағы «Санабар Сапарбаева» ДФХның пахта атызларында

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы