Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-август күни улыўма билим бериў мектеплери ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи, жоқары билимлендириў мәкемелери арасында өз-ара интеграцияны тәмийинлеген ҳалда жаңа оқыў жылына таярлықтың барысы, 11 жыллық орта билим бериў системасын енгизиў, орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи системасын түп-тийкарынан реформалаў, жаңадан ашылған жоқары билимлендириў мәкемелериниң, филиаллардың жумысын шөлкемлестириўге байланыслы жумыслардың жағдайы менен жақыннан танысыў мақсетинде жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.Мажидов, Орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи орайының директоры М.Холмуҳамедов, халық билимлендириў министри У.Иноятов ҳәм олардың орынбасарларын қабыллап, есапларын тыңлады.

Мәжилисте Президенттиң Мәмлекетлик кеңесгөйи А.Юнусходжаев, Бас министрдиң орынбасары Ж.Қўчқаров ҳәм Есап-санақ палатасының баслығы М.Икрамов қатнасты.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен орта билим бериў, орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи системасын түп-тийкарынан реформалаў бойынша берилген тапсырмалардың орынланыў барысы көрип шығылды.

Белгиленген ўазыйпаға муўапық, улыўма билим бериў мектеплериниң 9-класын питкериўшилерди өзлериниң қәлеўи бойынша 10-класста оқыўын даўам еттириўи, орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемелерине қамтып алыў жумыслары избе-из даўам етпекте.

Оқыў режесине бола, 10-класс оқыўшылары ҳәптесине 5 күн улыўма билим бериў пәнлерин ҳәм 1 күн кәсипке байланыслы пәнлерди үйрениўи белгиленди. Кәсип-өнер колледжлеринен узақ жерлерде жайласқан 2703 мектеп ушын 1103 мектепте, 6956 мектеп ушын болса 615 колледжде оқыў-өндирислик комплекслери шөлкемлестириледи.

Мектеплерде 10-класстың ашылыўы мүнәсибети менен 22 мың муғаллимге зәрүрлик пайда болады. Солардың 9,5 мыңы жоқары билим бериў мәкемелерин питкериўшилер есабынан, 13 мыңы лицей ҳәм колледж муғаллимниң тартыў есабынан қаплаў режелестирилип атыр.

2017-2018-оқыў жылынан баслап 10-классларда сабақ беретуғын 116 мың муғаллимниң кәсипке байланыслы билимлерин жаңалаў ҳәм тереңлестириў мақсетинде қысқа мүддетли қәнигелигин арттырыў курслары жолға қойылды.

10-класс оқыўшылары ушын 8,5 миллион дана оқыўлық ҳәм оқыў-методикалық қолланбалар басып шығарылып ҳәзирги ўақытта билим бериў мәкемелерине жеткерилмекте.

Билимлендириў мәкемелерин жаңа оқыў жылына таярлаў бойынша вертикал система жаратылып, министрликтен аймақларға 14, аймақлық халық билимлендириў басқармаларынан район ҳәм қалаларға 195, районлық ҳәм қалалық халық билимлендириў бөлимлеринен ҳәр бир мектепке жуўапкерлер бириктириди.

Быйыл 1-классқа қабыл етилетуғын 650 мың оқыўшы ушын «Президент саўғасы» сыпатында  12 атамадағы оқыў қураллары салынған мектеп сумкалары таярланып, орынларға толық жеткерилди.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Орта арнаўлы кәсип-өнер билимлендириўи орайы биргеликте талантлы ҳәм қәбилетли оқыўшыларды таңлап алыў ҳәм оларды жоқары билимлендириў мәкемелерине мақсетли таярлаўды шөлкемлестириў ушын ҳәр бир жоқары билимлендиў мәкемеси жанында 1 академиялық лицей ашыў ҳәм жумысын жолға қойыў жумыслары алып барылмақта.

Орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелери тармақ министрликлери ҳәм мәмлекетлик комитетлерге бириктирип берилди.

10-11 класслар ашылып, колледжлерде контингенттиң қысқарыўы мүнәсибети менен бар материаллық-техникалық базасынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде 7 колледж ҳәм академиялық лицей негизинде жаңа 3 жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиаллары ҳәм 1 жоқары билимлендириў мәкемеси шөлкемлестирилмекте.

Сөйлесиўлер барысында жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшыларын артықша есабатлардан, ҳәр қыйлы бюрократлық тапсырмалардан азат етиў, олардың илимий потенциалын билимлендириўдиң мазмунын ҳәм сапасын және де жақсылаў, илимий-изертлеў жумысларына бағдарлаў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Президентимиз мектепке шекемги  билимлендириў мәкемелериниң жумысын түп-тийкарынан жақсылаў, ең алдыңғы шет ел тәжирийбесин үйрениў, ҳәр тәреплеме заманагөй система жаратыў мәселесине тоқтап өтти. Балалардың қызығыўшылығын ҳәм умтылысын есапқа алған ҳалда, оларға мектепке шекемги дәўирде ҳәр тәреплеме пуқта тәлим-тәрбия бериў, дүнья қарасын кеңейтиў, еркин пикирлеў қәбилетин раўажландырыў, қәлбине ҳәм санасына миллий және улыўмаинсаныйлық сезимлерди сиңдирип барыў, сол арқалы оларды ана Ўатанға муҳаббат, пәк әрманлар руўхында тәрбиялаў бүгинги күндеги ең тийкарғы, ең алдынғы мәселелерден бири екенин атап өтти. Себеби, перзентлеримиздиң мектепте қалай оқыўы, қандай жоқары мақсетлер менен камалға келиўи көпшилик жағдайда олардың мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде алатуғын тәрбиясына байланыслы.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тәрепинен мектепке шекемги билимлендириў системасын структуралық жақтан түп-тийкарынан реформалаў, басқарыў структурасын шөлкемлестириў, усы мәкемелерге балаларды 100 процент қамтып алыўға қаратылған айрықша бағдарлама ислеп шығыў, баслаўыш билим бериў мәкемелерине бир қатар жеңилликлер бериў, сондай-ақ, Халық билимлендириў министрлиги қарамағындағы маманлығын арттырыў институтларында билимлендириўдиң мазмунын сапа жағынан түп-тийкарынан өзгертиў, оларды ең алдыңғы жоқары билимлендириў мәкемелери қурамына өткериў арқалы улыўма орта билим бериў мектеплериниң муғаллимлерине ең билимли ҳәм тәжирийбели профессор-оқытыўшылар билим бериўине ерисиў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Сөйлесиў жуўмағында Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен тийисли министрликлер менен ведомстволардың басшыларына 25-августқа шекем барлық билимлендириў мәкемелерин жаңа оқыў жылына ҳәм гүзги-қысқы мәўсимге сапалы таярлаў ҳәм Инвестициялық бағдарламаға киргизилген билимлендириў объектлеринде алып барлып атырған қурылыс-оңлаў және үскенелеў жумысларын жуўмақлаў, көрилген барлық мәселелер бойынша тийисли қарарлардың жойбарларын таярлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң басшыларына көрсетпелер ҳәм тапсырмалар берилди.

 

 

ӨзА