Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының орайлық имаратында китап саўдасы ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Ярмарканы шөлкемлестириўден баслы мақсет – бажыхана хызметкерлериниң руўхый интеллектуаллық дәрежеси ҳәм дүньяға көзқарасын кеңейтиў, Ўатан, халыққа муҳаббат, садықлық сезимлерин және де арттырыў ҳәм китап оқыў мәдениятын үгит-нәсиятлаў болып есапланады.

Онда атап өтилгениндей, китап инсанның ең жақсы досты, ақылгөйи. Китап адамды пикирлеўге үйретеди, билимин кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе.

– «Китап ярмаркасы»нда 200 ден аслам көркем, ҳүжжетли, тарийхый ҳәм әдебий китаплар қойылды,-дейди илаж қатнасыўшысы М.Ибраймова. – Көргизбеден орын алған барлық китаплар сатып алыўға қолайлылығы менен де өзине тартты.

Ярмаркада бажыхана хызметкерлери белсене қатнасып, көркем ҳәм илимий-публицистикалық китаплардан өзлерине ҳәм балаларына сатып алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги