Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларының электрон-онлайн саўдалары арқалы ижараға берилиўи мүнәсибети менен Министрлер Кабинетиниң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, айырымларын өз күшин жойытқан деп есаплаў ҳаққында» қарар қабыл етти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға бериў тәртибин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында» 2024-жыл 18-январьдағы ПП-15-санлы Пәрманының 1 ҳәм 4-бәнтлеринде 2024-жылы 1-марттан баслап:

аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға бериўде ашық электрон таңлаў орнына электрон онлайн-аукцион саўдаларды енгизиў;

аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларының ижарашыларына ижараға берилген жер участкалары бойынша өз ҳуқықлары менен миннетлемелерин жер участкаларынан пайдаланыў мақсетин өзгертпеген ҳалда басқа да шахсқа өткериўге (қайта ижараға бериўге) рухсат берилгени, онда:

ижараға алыўшы жер участкасынан кеминде үш жыл даўамында, усы бәнттиң үшинши абзацында нәзерде тутылған жағдайларда болса, кеминде бес жыл даўамында өзи пайдаланған болыўы шәрт екени, бул мүддет ижара ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен өткерилген ўақыттан баслап есапланатуғыны;

юридикалық тәреплерге электрон онлайн-аукцион саўдалар, ашық электрон таңлаў ямаса таңлаў өткерместен мәмлекетлик уйымлардың қарарлары менен тиккелей ижараға берилген жер участкаларын басқа шахсқа өткериўге (қайта ижараға бериўге) ижара ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен өткерилген ўақыттан баслап бес жылдан кейин жол қойылатуғыны;

ижараға бериўши ашық электрон таңлаў нәтийжесине бола ижара мүддетине тең бөлистирилетуғын қосымша төлемлерди ямаса электрон онлайн-аукцион саўдаларының нәтийжелерине бола бөлип-бөлип төлеў нәзерде тутылған төлемлерди бир жола төлеўи шәрт екени белгиленген еди.

Усы қарарға муўапық болса, Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди:

бос турған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын аўыл хожалығы мақсетлери ушын электрон онлайн-аукцион саўда арқалы ижараға бериў тәртиби  ҳаққындағы реже тастыйықланды;

электрон онлайн-аукцион саўданы өткериў ушын материалларды таярлаў, электрон онлайн-аукцион саўданы шөлкемлестириў ҳәм оннан түсетуғын қаржыларды бөлистириў, бул Нызам талапкерлерге әмел етилиўин қадағалаў ҳәм мониторинг етиў тәртиби белгиленди.

ӨзА