Пайтахтымыздағы «Өзэкспоорай» көргизбелер комплексинде ең ири регионаллық илажлардан бири – «Иннопром. Орайлық Азия» халықаралық санаат көргизбеси болып өтпекте.

Төртинши рет шөлкемлестирилген бул илаж регион мәмлекетлеринде саўда-санаат кооперациясын раўажландыратуғын әҳмийетли ўақыя, бир қатар машқалаларды шешиў, соның ишинде, жаңа санаат технологияларын ғалаба ен жайдырыў ҳәм кәрханалардың шериклигин жолға қойыўға жәрдемлесетуғын әҳмийетли платформа болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ҳәм Россия Федерациясы Санаат ҳәм саўда министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген көргизбе «Орайлық Азияда санаат кооперациясы: регионаллық бағдар» атамасындағы жалпы мәжилис пенен басланды. Мәжилисти Өзбекстан Бас министриниң орынбасары Жамшид Хўжаев ҳәм РФ Бас министриниң орынбасары, санаат ҳәм саўда министри Денис Мантуров ашып берди.

Атап өтилгениндей, кейинги бир неше жыл ишинде алып барылған системалы ҳәрекетлер себепли Орайлық Азия пүткил дүнья жүзинен ири инвесторлар тартылып атырған аймаққа айланды. Регионымыздың жоқары маман жасларынан баслап, сийрек ушырасатуғын мийрасқа шекемги экономикалық базасы турақлы раўажланыў ушын қүдиретли старт майданшасы сыпатында тән алынбақта.
























Өзбекстан ҳәм Россия стретегиялық экономикалық шериклик жыл сайын раўажланбақта. РФ капиталы улыўма көлеми 13 миллиард доллардан артқан республикамызда 3000 нан аслам Россия менен биргеликте кәрханалар жумыс алып бармақта. Россияда болса Өзбекстан резидентлериниң қатнасыўында 600 ден көп компания дизимге алынған. Санаат кооперациясы, транспорт, энергетика, аўыл хожалығы, регионлараралық саўда ҳәм басқа да тараўларды қамтып алған кең көлемли экономикалық бирге ислесиў бағдарламасы әмелге асырылыўы нәтийжесинде 2023-жылы улыўма саўда көлеми 10 миллиард долларға жетти.

Бул ири көргизбе де мәмлекетлеримиз арасындағы экономикалық байланысты буннан былай да раўажландырыў, исбилермен топар ўәкиллериниң бирге ислесиўин тереңлестириў ушын әҳмийетли майдан есапланады.

Бул рет Ташкентте 10 мыңнан көп қатнасыўшы, 450 ге шамалас сырт ел компаниялары ҳәм 27 мәмлекеттен делегация жыйналғаны конференцияға қызығыўшылық барған сайын артып атырғанынан дәрек.

– Көргизбеге металлдан исленген мебель ҳәм жүк машинасы ушын аўысық бөлеклер менен қатнасып атырмыз, – дейди «Электра» компаниясының бас директоры Илья Полетаев. – Өнимлеримизге қызығыўшылық жоқары. Өзбекстанлы бири неше исбилермен менен бирге ислесиў бойынша келисип алдық. ҒМДА мәмлекетлери исбилермен топар ўәкиллери менен сәўбет өткерип атырмыз, пикир ҳәм тәжирийбе алмасып атырмыз, оғада көп жаңалықларымызды ортақласып атырмыз. Илаж оғада жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин атап өтиў керек. Бул еки мәмлекет экономикасы ушын оғада әҳмийетли ўақыя.

Халықаралық ҳәм аймақлараралық қатнасық избе-из раўажланыўы да бақланбақта. Ашық саўда, инвестиция, транспорт коммуникациясы майданы қәлиплеспекте, экономиканың тийкарғы тармақларында биргеликте жойбарлар әмелге асырылмақта, аймақлараралық, мәдений-гуманитарлық байланыс кеңеймекте.

Металлургия, энергетика, нефть-химия, фармацевтика ҳәм басқа да тараўларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў келешектеги бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында белгиленди. Соның менен бирге, аўыл хожалығында кооперацияны раўажландырыў перспективасы айрықша талланды. Онда инновациялық аўыл хожалығы технологиясы, қайта ислеў кәрханалары, өним сақлаў терминалы ҳәм раўажланған логистика системасына ийе биргеликте агросанаат кластерлерин шөлкемлестириў нәзерде тутылды.

Усы көзқарастан Өзбекстанға инвестиция киргизиў, жойбарларды турмысқа енгизиў ҳәм раўажландырыў, сондай-ақ, басқа да мәмлекетлердиң базарына экспорт етиў ушын жаратылған кең имканияттан пайдаланыў бойынша жаратылған қолайлы шараят жәрияланды.

Тоқымашылық санаатында бирге ислесиўди жеделлестириў зәрүр екенине де итибар қаратылды. Ислеп шығарыўшы ҳәм усақлап сатыўшыларға өз-ара пайдалы фьючерс шәртнамасын дүзиў имканиятын беретуғын электрон саўда майданшасын жаратыў перспективалы екени атап өтилди. Тоқымашылық кәрханалары өнимлери көрсетилетуғын турақлы биргеликтеги көргизбелерди шөлкемлестириў де бул бағдарда айрықша әҳмийетке ийе болыўы мүмкин.

Жалпы мәжилис жуўмағында жуўапкерлер павильонларды көзден өткерди, сырт ел делегацияларының ўәкиллери жетекши ислеп шығарыўшылар тәрепинен усынылған түрли инновациялық өнимлер менен танысты.

Биринши күн бағдарламасында «Орайлық Азияда санаат кооперациясы: аймақларға итибар», «Алюминий шешими тийкарында тармақлараралық интеграция», «Нефть ҳәм газ санаатында технологиялық бирге ислесиў: ең жақсы әмелият, кадрлар, инвестиция», «Жасыл жақтыландырыўшы: экологиялық таза транспорт раўажланыў системасын ҳәм туризм санаатын қалай өзгертпекте» сыяқлы темаларда сөйлесиўлер болып өтти.

Көргизбе шеңберинде В2В форматындағы ушырасыўлар да өткерилип, қатнасыўшылар беккем байланыс орнатыў, жаңа жойбарлар ҳәм келешекте бирге ислесиў перспективасын додалады.

24-апрельге шекем даўам ететуғын бул абырайлы илажда Өзбекстан, Россия, Қытай, Беларусь, Қазақстан мәмлекетлериниң миллий стендлери, 60 ға шамалас компанияның экспозициясы, аймақлар мүйешлери көрсетилмекте.

Гўзал САТТОРОВА,

ӨзАның хабаршысы