Жақында Қырғызстан Республикасы пайтахты Бишкек қаласында спорт гүреслери бойынша Азия лицензиялық турниринде қарақалпақстанлы  Ақтенге Кеўнимжаева мүнәсип қатнасып, тарийхый нәтийжени қолға киргизди.

Нөкис халықаралық аэропортында мақтанышымыз болған спортшымыз салтанатлы түрде күтип алынды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Ишки ислер министри Б.Торебеков, спорт министри А.Алланазаровлар спортшыны қолға киргизген әжайып жеӊиси менен  қутлықлады ҳәм алдағы машақатлы ойынларда да әўмет яр болып, буннан да жоқары нәтийжелерге ерисиўине тилеклеслик билдирди.

Ақтенге Кеўнимжаева Бишкек қаласында спорт гүреслери бойынша Азия турниринде ҳаяллар гүреси бойынша беллесиўлерде мәмлекетимиз спортшыларыныӊ тарийхында биринши мәрте ҳаял-қызлар гүреси бойынша Олимпиада ойынларыныӊ жолламасын қолға киргизди. 50 кг салмақ категориясында қатнасқан жерлесимиз ярым финалда Қытай Тайпейи ўәкили Ҳсуан Ҳсиехни жеӊип шығып, Өзбекстан спорт делегациясыныӊ  Париж-2024 деги жолламаларын 30 ға жеткерди.

Әлбетте буның барлығы Президентимиздиң жасларға, спортқа деген жоқары итибарының нәтийжеси болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги