Қараөзек районындағы Мәденият аўыл пуқаралар жыйынында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратовтың қатнасыўында аймақтағы мәҳәлле белсендилери, жергиликли Кеӊес депутатлары менен ушырасыў өткерилди.

Ушырасыў қатнасыўшыларына мәмлекетимизде жаӊадан қабыл етилген нызам ҳәм қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалар, елимизде әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде қабыл етилген «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имаратларға болған ҳуқықларды белгилеў ҳаққында»ғы нызам жойбары таныстырылып, қатнасыўшылардыӊ бул бағдардағы пикир-усыныслары тыӊланды.

Усы мазмундағы ушырасыў Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесине аймақтан сайланған депутат С.Ешанов пенен биргеликте район орайындағы мәкан пуқаралар жыйынларының белсендилери, районлық Кеӊес депутатлары ҳәм сиясий партия ўәкиллери, мәкеме, шөлкемлер ўәкиллериниң қатнасыўында да шөлкемлестирилди. Онда мәҳәллелерде халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў бойынша Президентимиздиң басламасы менен Сырдәрья ўәлаяты Сайхунабад районы тәжирийбеси шеӊберинде алып барылып атырылған реформалар тийкарында халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў, бул бағдарда қыйтақ жер ҳәм хожалықлардағы имканиятларды толық иске салыў бойынша әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар додаланды.

Сондай-ақ аймақларда «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары тийкарында алып барылып атырылған жумыслар, Ата мәкан МПЖ жетилиги жумыслары үйренилип, жаӊадан қабыл етилген нызам ҳәм ҳүкиметлик қарарлар бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратовтың қатнасыўындағы  усындай ушырасыўлар Кегейли районындағы Ақтуба, Қумшүңгил, Жалпақ жап аӯыл пуқаралар жыйынларында, Шымбай районындағы Гүжимли мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм Бахытлы аўыл пуқаралар жыйынларында да шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги