Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кеңесиниң басламасы менен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 28-апрель – Пүткил дүнья жүзилик мийнетти қорғаў күнине бағышланып, «Климат өзгериўиниң мийнет қәўипсизлигине ҳәм гигиенаға тәсири» атамасында илаж өткерилди.

Илажға тараў қәнигелери, Прокуратура, Бәнтлик ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, Бас шыпакерлик-социаллық экспертизасы, Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Айрықша жағдайлар басқармасы ҳәм кеңеске ағза кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери  қатнасты.

Илажда көргизбе шөлкемлестирилип, онда мийнетти қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, тараў жетискенликлери сәўлеленген баннерлер, арнаўлы әсбап-үскенелер қойылып, қатнасыўшыларға қәнигелер тәрепинен олар ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.

Институт залында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Онда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кеңесиниң баслығы, сенатор У.Жалменов, Айрықша жағдайлар басқармасының өмир қәўипсизлиги оқытыў орайының оқытыўшысы М.Далиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мийнет ҳәм мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызамшылықтың орынланыўы, олардың мазмуны менен әҳмийети, экологиялық түрдеги айрықша жағдайлардың алдын алыў, Арал апатшылығының ақыбетлери, тәбийғый апатлар ақыбетинде халыққа жеткерилген зыянды қаплаў тәртиплери ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде өзгериўшең ҳаўа-райы шараяты мийнет саласында, әсиресе, хызметкерлердиң қәўипсизлиги ҳәм саламатлығына сезилерли дәрежеде тәсир көрсетпекте.

Климат өзгериўи нәтийжесиндеги кәсиплик қәўип-қәтерлерге ыссылық стреси, ультрафиолет нурланыў, ҳаўаның бузылыўы, ири санааттағы авариялық жағдайлар, экстремал ҳаўа-райы ҳәдийселери, кеселликлердиң көбейиўи ҳәм химиялық элементлер тәсириниң күшейиўи сыяқлы жағдайлар киреди. Бул, әсиресе, ашық ҳаўада ямаса ыссы кабинетлерде жумыс ислейтуғын мийнеткешлер ушын оғада қәўипли.

Ҳаўа-райының бузылыўы глобал ысыў процесинде озон қатламының жерге жақын болған бөлегиниң концентрациясын арттырады, бул түтинниң тийкарғы компоненти есапланады. Озон қатламының жерге жақын бөлеги ҳәр қыйлы кеселликлер, сондай-ақ, өпке функциясының төменлеўи, астма кеселлигиниң күшейиўи менен тиккелей байланыслы.

Халықаралық денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда, өсимлик гүлшаңлары себепли аллергиялық ринит пүткил дүнья бойлап үлкен жастағы инсанлардың 10 нан 30 процентине шекем ҳәм балалардың 40 процентине шекем тәсир етпекте. Климат өзгериўи тоғай өртлери ушын шараят жаратпақта – температураның көтерилиўи, ыссылық толқынлары ҳәм қурғақ ҳаўа-райы өсимликлерди және де тез жаныўшаң етип, үлкен өртлерге алып келиўи мүмкин. Өрт түтини дем алыў ҳәм жүрек-қан тамыры кеселликлери менен кеселленген инсанлардың емлеўханалардағы саны көбейип кетиўине шараят жаратады. Астма, бронхит, даўамлы обструктив өкпе кеселлиги ҳәм дем алыў жоллары инфекциялары да көбейеди. Климат өзгериўи жаўын-шашынларды көбейтеди, бул болса айырым аймақларда суў тасқынларына алып келиўи мүмкин. Россия ҳәм Қазақстандағы жағдайлар буған мысал.

Климат өзгериўиниӊ мийнет қәўипсизлигине ҳәм гигиенасына кери тәсир етпеўи ушын әмелге асырылып атырған жумысларға мысал ретинде, 2023-жылдың жуўмағына бола жумыс бериўшилер тәрепинен 3564 мийнетти қорғаў бойынша илажлар өткерилгенлигин, сүт, емлеў профилактикалық азық-аўқат, газленген дузлы суў, жеке қорғаныў ҳәм гигиена қуралларына жәми 9 020 000 000 сум муғдарында қаржы жумсалғанлығын, ўақты-ўақты менен өткерилетуғын гезектеги шыпакерлик тексериўлерге болса 2 150 000 000 сум муғдарында қаржы жумсалғанлығын атап өтиўимизге болады. Сондай-ақ, жумыс бериўшиниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий түрде қамсызландырыў ушын яки хызметкерлер өндирис пенен байланыслы бахытсыз ҳәдийсеге ушыраған жағдайда оларға келтирилиўи мүмкин болған материаллық зыянлардың алдын алыў бойынша 2 564 000 000 сум муғдарында қаржы жумсалған.

Ҳәзирги ўақытта Халықаралық Мийнет шөлкемине ағза болған ҳәр бир мәмлекет климат өзгериўиниӊ мийнет қәўипсизлигине ҳәм гигиенасына тәсир етиўин әлле қашан аңлап жетти.

Дөгерек сәўбетиниң жуўмағында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Президиумының 2017-жыл 20-ноябрь күнги арнаўлы қарарына муўапық, мийнетти қорғаў ҳәм қәўипсизлик бойынша жәмийетлик қадағалаўды шөлкемлестириў мақсетинде республикалық таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышында жеңимпаз болғанлар баҳалы саўғалар ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги