Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қоӊырат районлық бөлими тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериўде кредит қаржыларын өзлестириў жағдайы анықланды.

Атап айтқанда, “A.V.” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ жуўапкер шахслары коммерциялық банк филиалынан ажыратылған кредит қаржылары есабынан сатып алынған  85 бас нәсилли қарамалды сатып жиберип, 2,5 миллиард сумды өзлестириў жолы менен талан-тараж еткен. Сондай-ақ,  787,4 миллион сумлық салықларды төлеўден қастан бас тартып келгенлиги анықланды.

Соныӊ менен бирге, банктиӊ әмелият бөлиминиӊ жуўапкер шахслары кредит тәмийнаты сыпатында гиреўге қойылған 3,5 миллиард сумлық көшпес мүлкти тийкарсыз гиреўден шығарып жибергени мәлим болды.

Бул жағдайлар  бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекети алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги