Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасының абзаллықларына бағышланған семинар болып өтти.

Илажда Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў фондының бөлим баслығы Мүборак Садирова, усы фондтың бас қәнигеси Руҳулло Маҳмудов  ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында мәмлекетимизде денсаўлықты сақлаў тараўын реформалаў, халыққа медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын буннан былайда жақсылаў, тараўға енгизилип атырған жаңалықлар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасының халыққа медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасы, нәтийжелилиги ҳәм ғалабалығын арттырыў, басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем көлемин кеңейтиў ҳәм медициналық хызметлер базарында заманагөй бәсеки орталығын қәлиплестириў ушын керек. Сондай-ақ, медицина тараўында нәтийжеге тийкарланған қаржыландырыў системасына өтилип, басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринде (шаңарақлық шыпакерлик пунктлери, шаңарақлық поликлиникалар, районлық орайласқан поликлиникалар) халықтың жан басына қаржыландырыў ҳәм емлеўханаларда “Емленген жағдай” бойынша қаржыландырыў арқалы мақсетли ҳәм әдил түрде қаржы ажыратылыўына ерисиледи.

Мысал ушын, поликлиникалар алдын хызметкерлердиң саны тийкарында, емлеўханалар болса койка санына қарап бюджеттен қаржыландырылған болса, енди көрсетилген медициналық жәрдемниң көлеми (көрсетилген медициналық хызметлер, емленип шыққан наўқаслардың саны, орынланған операциялардың саны ҳәм қыйыншылық дәрежеси) не қарай қаржыландырыў системасына өткериледи.

Әлбетте, бул система менен медицинадағы көплеген машқалалар шешимин табады. Мысал ушын, Сырдәрья ўәлаятында мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасы механизмлерин енгизиўге байланыслы тәжирийбе-сынаў жойбарының дәслепки нәтийжелери итибарға ылайықлы болды.

Мәмлекетимизде енгизилген системада халық мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў  ушын взнос пулы төлемейди, яғный шығындар болмайды. Керисинше халықтың саламатлығы мәмлекет есабынан қамсызландырылады. Онда мәмлекет медициналық жәрдем алыўдың қағыйдаларын белгилейди ҳәм ҳәр бир басқышта кепилленген көлемдеги медициналық хызметтиң бийпуллығын кепиллейди.

Бул усылдан пайдаланыў ушын халық басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелерине бириктириледи. Онда дәслепки мүрәжатты олар паспорт ямаса басқа шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет пенен әмелге асырады. Улыўма дүньяда медициналық қамсызландырыўдың бир неше түри бар: мәжбүрий, ықтыярый ҳәм мәмлекетлик медицина қамсызландырыўы.

Мәжбүрий медициналық қамсызландырыў– жумысшы ҳәм хызметкерлер, өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар ҳәм жумыс бериўшилер тәрепинен медициналық хызмет көрсетиў системасы болып табылады. Бул система бир қатар мәмлекетлерде, соның ишинде Қазақстан ҳәм Қырғызстанда енгизилген.

Ықтыярый медициналық қамсызландырыў системасы республикамызда бурыннан бар болып, физикалық тәреплер өзин-өзи ҳәм шаңарақ ағзаларын, юридикалық тәреплер өзиниң хызметкерлериниң денсаўлығын қамсызландырыў имканиятына ийе.

ϴзбекстан Республикасы Президентиминиң 2020-жыл 12-ноябрьдеги “Денсаўлықты сақлаў системасын шөлкемлестириўдиң жаңа модели ҳәм мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин Сырдәрья ўәлаятында енгизиў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында 2021-жыл 1-июльден мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасын енгизиў басланды. Жаңа система бойынша шаңарақлық шыпакер, әмелиятшы ҳәм патронаж мийирбийке ҳәм акушеркадан ибарат медицина бригадалары шөлкемлестирилип, қайта таярланды. Күндизги стационар хызметлери кеңейтирилди. Нәтийжеде 40 ҳәм оннан үлкен жастағы 240 мыңнан аслам халық (92 процент) скринингтен өткерилди. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң стандартлары тийкарында шыпакер алды тексериўи, саламат аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризи бөлмелери ҳәм профилактика мектеплери шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, созылмалы кеселликлери бар наўқаслар ушын шыпакердиң электрон рецепти тийкарында дәриханалардан бийпул берилетуғын “реимбурсация” системасы енгизилди. Онда дәриханалар тәрепинен берилетуғын дәрилердиң баҳасы Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў фонды тәрепинен төлеп бериледи. Бүгинги күнге шекем  “реимбурсация” бағдарламасы тийкарында ўәлаят бойынша жәми 25 мың дана электрон рецепт пенен 1 миллиард 519,4 миллион сумлық дәри-дәрмақ жазып берилди. Барлық медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелери компьютер техникасы менен тәмийинленип, жумыс процеси санластырылды.

Усы жылдың 5-февралы күни Президент басшылығында болып өткен  видеоселектор мәжилисинде кепилленген пакетке кирген дәрилерди электрон рецепт арқалы бериў жолға қойылыўы белгиленди. Сондай-ақ мәжилисте мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасына быйылғы жылы Ташкент қаласы менен Қарақалпақстан Республикасында, келеси жылдан басқа ўәлаятларды басқышпа-басқыш өтиў мәселелери додаланды.


Илаж қатнасыўшылары бул бағдарда өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы