Нөкис қаласы 2-санлы спорт мектебинде спорттың Таэквондо  WT  түринен 14 ҳәм 17 жасар жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан кубоги болып өтти.

Жарысқа Нөкис қаласы ҳәм барлық районнан спортшылар қатнасып, өз- өра күш сынасты.

Қызғын беллесиўлерге толы болған жарыс жуўмағында, командалық есапта биринши орынды Нөкис олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайы командасы ийеледи.

Екинши ҳәм үшинши орынлар Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектеби менен Хожели районы спорт мектеби командаларына несип етти.

Жарыс соңында жеңимпаз спортшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған кубок, диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги