25-30-апрель күнлери Мәденият министрлиги, Санлы технологиялар министрлиги, IT билимлендириў ассосиациясы ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры менен биргеликте мәмлекетимизде дәслепки мәрте «XXI әсир балалары» биринши халықаралық балалар театры +IT фестивалы болып өтеди.

Бул фестивальды өткериўден мақсет мәденият ҳәм IT тараўларын бирлестириў, келешек әўлад тәрбиясы ҳәм шахс кәмиллигинде дөретиўшилик потенциалды раўажландырыўдан ибарат.

Қалаберди, заман талапларынан келип шыққан ҳалда, театр сахналарында актуал темалардағы дөретпелерди жаратыў, заманагөй компьютер технологияларынан ақылға уғрас пайдаланған ҳалда дөретиўшилик жақтан жоқары спектакльлерди көрсетиў әҳмийетли болып қалды.

Фестивальда Өзбекстан, Әзербайжан, Грузия, Беларусь, Кипр, Қалмақ Республикасы (Россия) мәмлекетлеринен 60 қа шамалас дөретиўшилер қатнасады.

Бағдарламадан рәсмий ашылыў мәресими, ҒХҚ қатнасыўында халықаралық баспасөз әнжуманы, IT темасына бағышланған спектакльлер көринислери, дөретиўшилик дөгерек сәўбетлери, фотосессиялар орын алған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги