«Жерге меҳир берсең, жер сени бағады»,-деген ибаралы сөз бар дийқанларымыз арасында. Сол айтқандай әзелден дийқаншылық пенен шуғылланып киятырған халқымыз арасында, бүгин жер менен тиллесип, мол дәрамат алып отырған пуқараларды буның мысалы ретинде атап өтсек арзыйды.
Әсиресе, үй алды қыйтақ жерлеринен-ақ мол дәрамат таўып, шаңарақ бағып отырған заманласларымыз бул пикиримиздиң дәлили бола алады.
Хожели районы «Мустақыллық» мәҳәллесинде жасаўшы Ешжановлар шаңарағы үй алды қыйтақ жеринен өнимли пайдаланып, бағ жаратып, мийўе нәллерин жетистирип келмекте.
-Бир неше жыллардан берли дийқаншылықтың арқасында 25 сотых үй алды қыйтақ жеримизге палыз өнимлерин ҳәм мийўе нәллерин егип, шаңарағымызға пайдаланып келмектемиз. Өмирлик жолдасым өзи мийўе нәллерин сабып, нәллерди сатамыз. Мийўе, палыз өнимлерин сондай-ақ, нәллерди сатып, соннан түскен дәраматты шаңарағымызға пайдаланып, дийқаншылық ҳәм бағшылық пенен тапқан дәраматымыз есабынан перзентлеримизди оқытып, тойлар берип атырмыз,-дейди биз бенен сәўбетте болған Тазабийке Нуратдинова.
Тынып-тыншыўды билмейтуғын шаңарақ ағзалары ҳәр дайым жер менен айланысып, мийнет сүйгишлиги себепли халқымызды баў-бағша өнимлери менен тәмийинлеп, мол дәраматқа ийе болып келмекте. «Табыстың гилти мийнетте» дегениндей шаңарақ ағзаларының бул мийнет сүйиўшилиги көпшиликке үлги болыўға арзыйды.
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги