Қанлыкөл районындағы 11 пуқаралар жыйынындағы жәми 1712 гектарлық майданда бүгинги күнде 9225 қыйтақ жер ийелери аўыл хожалығы өнимлерин жетистирип келмекте.

Район бойынша 4697 қыйтақ жер ийелери өзлерине тийисли 1142 гектар жерден жылына бир мәрте, ал, 3937 қыйтақ жер ийелери 500 гектарда еки мәрте, ал, 591 қыйтақ жер ийелери 70 гектарлық жеринен жылына үш мәрте өним жетистирмекте.

2024-жылдың өними ушын 1504 гектар майданға тийкарғы (ерте), 241,7 гектар майданға картошка, 770 гектар майданға тәкирарый, 36 гектарына картошка ҳәм 335 гектарына тоқсанбасты егинлерин егиў прогноз көрсеткишлери тастыйықланған.

– Атап айтқанда, тийкарғы 1504 гектарлық жердиң 721 гектарына овощь, 210 гектарына палыз, 241,7 гектарына картошка, 130 гектарына собықлы, 50 гектарына майлы ҳәм 151 гектарына басқа егинлерди егиў режелестирилген,-дейди Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси Қанлыкөл районлық бөлими баслығы Саламат Есебаев.

Быйыл жәми 37 мың 538 тонна аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў режелестирилип, оның 22 мың 846 тоннасын тийкарғы, 10 мың 726 тоннасын тәкирарый, 3966 тоннасын тоқсанбасты майданлардан алыў режелестирилмекте. Бүгинги күн жағдайына аймақлардағы жәми 17,3 гектарлық майданға ийе 1394 киши көлемли ықшам парниклерде қыйтақ жер ийелери тәрепинен қосымша өнимлер жетистирилип келинбекте.

Сондай-ақ, 2024-жылға 4,2 гектар майданға 384 жеңил типтеги ықшам парниклерди қурыў режелестирилген. Бул жумыслар жеңиллетилген кредит қаржылары есабынан әмелге асырылады.

Буннан басқа районда быйылғы жылдың өними ушын 851 дийқан хожалығының 886 гектарлық жер майданларына тийкарғы ҳәм тәкирарый егинлерди егиў (бөлистириў) бойынша прогноз көрсеткишлери тастыйықланды.

Атап айтқанда, тийкарғы егинлер егилетуғын майданның  484 гектарына овощь, 82 гектарына палыз, 33 гектарына картошка, 138 гектарына собықлы, 150 гектарына майлы егинлерди егиў режелестирилген. Ал, усы майданлардан босаған 179 гектар жердиң 103 гектарына овощь, 8 гектарына палыз, 68 гектарына собықлы егинлерди егиў режелестирилген.

Быйылғы өним ушын дийқан хожалықлары тәрепинен тийкарғы ҳәм тәкирарый майданларға егилетуғын аўыл хожалығы егинлерине жәми 88,9 тонна туқымлық талап етиледи.

Жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында шөлкемлестирилетуғын ҳәм халықтың қыйтақ жерлерине хызмет көрсетиўши «Қыйтақ жер хызмети» кәрханалары 2 ТТ қәлиплестирилди. Оларға 10 тонналық киши көлемли суўытқышлы қоймаханалар ҳәм 40 тонналық көшпели кептириў үскенелери Кеңес жанындағы фондтан ажыратылатуғын кредит қаржыларының есабынан әмелге асырылады.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги