Бүгин елимиз бойлап алып барылып атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары Тақыятас районында да жеделлик пенен алып барылмақта. Районда бул илажға барлық мәкеме, кәрханалар белсене қатнасып, нәл егиў жумыслары қызғын даўам етпекте. Районда бул илажға үлкен таярлық жумыслары көрилип, 100 мыңнан аслам түрли декоратив нәллери алып келинип, бул нәллер райондағы мәкеме, кәрханаларға тарқатылып берилмекте.


Қарақалпақстан хабар агентлиги