Төрткүл районында жаслар арасында Ўатанды сүйиўшилик сезимлерин қәлиплестириў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў бойынша түрли илажлар өткерилмекте.

“Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы” мүнәсибети менен ҳәм ϴзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң усы жыл  13-январь кунги буйрығының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ишки ислер уйымларында жаслар менен ислесиў системасының нәтийжелилигин арттырыў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде 3-секторға бириктирилген 13 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынындағы 16-30 жас аралығындағы жаслар арасында армрестлинг, арқан тартысыў, соққы күшин анықлаў, тас көтериў, стол тенниси ҳәм миллий гүрес жарыслары өткерилди.


Онда Боғёп, Ибн Сино, Наўайы, Оқбошли,  Мустақиллик аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынын жаслары жақсы нәтийжелерге ерисип, шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалары менен сыйлықланды. Сондай-ақ, жаслардың  Хийўа қаласына саяхаты шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги