Усы жылдың 27-28-март күнлери Тахтакөпир районындағы 6-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде,  «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде район аймағында жасаўшы 16-30 жас аралығындағы ер балалар ҳәм қызлар арасында спорттың волейбол түри бойынша «Ишки ислер кубоги» турнириниң районлық басқышы болып өтти.

Оған район аймағынан жәми 19 команда қатнасты.



Қызықлы өткен жарыс жуўмағында, ер балалар арасында  «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйыны жаслары биринши,  «Дәўқара» аўыл пуқаралар жыйыны  командасы екинши,  «Айдын жол » МПЖның 2-командасы үшинши орынды ийелеўге миясар болды.

Ал,  қызлар арасында болса, биринши орынды «Қоңыраткөл», екинши орынды  «Дәўқара» ҳәм үшинши орынды «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйынларының волейболшылары жеңип алыўға еристи.

Жарыс соңында Тахтакөпир районы ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов ҳәм районлық Ишки ислер бөлиминиң баслығы М.Баўетдиновлар жеңимпаз командаларды қутлықлап,  оларға диплом ҳәм баҳалы естелик саўғаларын тапсырды.




 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги