24-29-март күнлери Әзербайжан пайтахты Баку қаласында «Great Silk way-2024» халықаралық турнири болып өтти.

 Дүньяның ең күшли боксшилери қатнасқан турнир жуўмағында Өзбекстан сайланды командасы боксшилери 5 алтын, 6 гүмис ҳәм  5 қола медальларын қолға киргизип, улыўма командалық есапта  биринши орынды ийелеўге миясар болды.

Олардың арасынан -51 кг салмақта Асилбек Жалилов ,-54 кг да Хўжаназар Нортожиев, -75 кгда Саиджамшид Жафаров, -80 кг да Фазлиддин Эркинбоев, +92 кг да Баҳодир Жалоловлар барлық қарсыласларын жеңип шығып, турнир жеңимпазына айланды.

Ал, -57 кг салмақта қатнасқан Худойназар Файзов, -63,5 кг да Абдуллоҳ Мадаминов, -71 кг да Бекзод Ҳамидов, -75 кг да Жавоҳир Умматалиев, -80 кг да Раҳматилла Бойматов, +92 кг да Жаҳонгир Зокировлар гүмис медаль, -54 кг да Шаҳина Неъматова, -48 кг да Шодиёржон Мелиқўзиев, -60 кг да Саят Ильясов, -60 кг да Бахтиёр Асадов ҳәм -67 кг да Шавкатжон Болтаевлар қола медальлары менен сыйлықланды.

 

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги