Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалында Наўрыз улыўмахалықлық байрамына бағышланып, студентлер арасында қашарман топ ойыны бойынша «Директор кубоги» жарысы өткерилди.

Оған филиал студентлеринен қуралған командалар қатнасты.





Жарыстың ашылыў салтанатында филиал директоры Б.Еримбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде саламат турмыс қәлпин қәлиплестириў, спорттың барлық түрлерин ғалаба ен жайдырыў бойынша исленип атырған жумыслар, соның ишинде, миллий спорт түрлерин раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ҳаққында кең түрде айтып өтти. Әсиресе, миллий гүрести, қашарман топты еле де кеңнен ен жайдырыў, оларды халықаралық көлемге алып шығыў бойынша исленип атырған ислерди мақтаныш пенен айтып берди.

Буннан соң жарысқа старт берилип, командалар өзлериниң шаққанлығы ҳәм епшиллигин жарыс майданында көрсетти.

Қызықлы өткен жарыс жуўмағында, жеңимпаз командалар анықланып, оларға «Директор кубоги», дәрежели Диплом ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Сондай-ақ, усы күни филиалда республикамыздағы ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын, медиатур шөлкемлестирилип, онда журналистлер филиалдың Нөкис қаласында жайласқан оқыў-шынығыў базаларының турмысы менен жақыннан танысты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги