Усы жылдың 29-31-март күнлери Түркияның Анталия қаласында дзюдо бойынша «Үлкен Дубылға» дүркимине кириўши турнир болып өтеди.

Оған дүнья жүзиниң 91 мәмлекетинен ең күшли дзюдошылар Париж-2024 жазғы Олимпиада ойынларына қатнасыў ҳуқықын бериўши рейтинг упайларын топлаў ушын беллесиўлерге түседи.

Әҳмийетли тәрепи сонда, Өзбекстан сайланды командасы қурамында бул жарыста, республикамыз палўанларынан -81 кг салмақта Шарофиддин Балтабаев ҳәм -100 кг да Ерназар Сарсенбаевлар қатнасады.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги