СИМ баспасөз хызметиниӊ хабарына бола, Бахтиёр Саидов АҚШ Ўәкиллер палатасы ағзалары – Майк Рожерс, Адам Смит, Салуд Карбахал ҳәм Вероника Эскобар менен ушырасқан.

Сөйлесиў даўамында Өзбекстан – АҚШ стратегиялық шериклигинде жаӊа имканиятлар ашылып атырғаны атап өтилген.

Өзбекстан тәрепи америкалы бирге ислесиўшилердиӊ парламентлераралық дослық қатнасығын хошаметлеў, бизнес байланысын раўажландырыў, билимлендириў тараўындағы шерикликтиӊ көлемин кеӊейтиў бағдарындағы ис-ҳәрекетин қәдирлейди.

Мәмлекетимиз АҚШтыӊ барлық штатлары менен, әсиресе, экономикалық бағдарда тиккелей байланысты тереӊлестириўден мәпдар.

ӨзА