Кеше Доҳа қаласында футбол бойынша Өзбекстан Олимпия сайланды командасы Қатар сайланды командасы менен өз-ара дослық ойынын өткерди.
Ушырасыўдың 5-минутында Алишер Адилов Қатар дәрўазасына гол урыўға миясар болды.
54-минутта Хусайн Норчаев пенальтиди анық нышанға алып есапты исенимли көриниске келтирген болса, 78-минутта Алибек Давронов қызыл карточка алып майданды тәрк етти.
Буннан кейин ушырасыўда есап өзгерместен қалды ҳәм Тимур Кападзе шәкиртлери өзиниң гезектеги жеңисин қолға киргизди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги