21-март күни пайтахтымыздағы “Humo Arena” комплексинде Наўрыз байрамы салтанатлары болып өтти.

Далаларда ҳәм қырларда бәҳәр нәпеси гезиўи менен оныӊ артынан инсан руўхыятын ҳәм қәлбин толқынландырып, Наўрыз кирип келеди. Быйылғы жасарыў мәўсими – бәҳәр де ағартыўшы жәмийет қурыўдай уллы мақсетлерге үнлес болмақта.

Кеўиллер қайырлы әмеллерден нәр алып атырған ҳәр бир күнде инсан қәлби байрам заўқынан жаснайды. Усыған үйлесикли түрде мәмлекетимиз бойлап Наўрыз бенен байланыслы дәстүрлер көргизбеси, миллий мәдений орайлардыӊ көргизбелери өткерилмекте.

Салтанат қатнасыўшылары Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти қол шапатлаўлар менен күтип алды.

Мәмлекетимиз басшысы бәршени Наўрыз байрамы менен қутлықлады.

– Сиз, қәдирданларымды, көп миллетли пүткил Өзбекстан халқын бәршемиз сағынып күткен Наўрыз байрамы менен шын кеўилден қутлықлаўдан қуўанышлыман, – деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы Наўрыз философиясы арзыў-нийетлеримиз, әмелий ислеримиз бенен үнлес екенлигин атап өтти.

Халқымыздыӊ уллы мийнети менен мәмлекетимизде жаӊадан-жаӊа заманагөй кәрханалар, қолайлы турақ жайлар, социаллық ҳәм мәдений объектлер, жол ҳәм көпирлер, бағ ҳәм қыябанлар қурылмақта. Инсан қәдирин улығлаў, оныӊ турмыслық мәплерин ҳәм социаллық қорғалыўын тәмийинлеў, мүтәж халық қатламларын қоллап-қуўатлаў, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, ҳәр бир ўатанласымызға мийрим-шәпәәт көрсетиў тийкарғы өлшемге айланбақта.

Мәмлекетимиздеги дослық ҳәм аўызбиршилик орталығы, жақсы қоӊсышылық, тынышылықты сүйиўши сыртқы сиясат себепли халықаралық майданда Өзбекстанымыздыӊ абырай-мәртебеси артпақта.

Тәбияттыӊ жасарыў әййяамы болған Наўрыз жаслық пенен де үнлес. Мәмлекетимиз жасларыныӊ күш-ғайраты, ийгиликли ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде быйыл “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы” деп жәрияланды. Соған байланыслы Мәмлекетлик бағдарламадағы мақсетлерге 36,5 триллион сум ҳәм 460 миллион доллар қаржы қаратылыўы белгиленген. Улыўма, усы жылы барлық түрдеги исбилерменлик бағдарламалары шеӊберинде 2 миллионға шамалас халыққа қаржылай жәрдем көрсетиледи.

Президент жасларамыздыӊ халықаралық пән олимпиадалары, мәденият ҳәм көркем өнер фестивальлары, мәлимлеме технологиялары ҳәм спорт бағдарларындағы нәтийжелерин атап өтип, кейинги ислеринде ҳәм беллесиўлерде табыслар тиледи.

Наўрыздыӊ мәнгилик руўхы, әсиресе, мәҳәллелер турмысында айқын көзге тасланады.

Мәҳәллени қоллап-қуўатлаў кеӊеслери, Өзбекстан мәҳәллелер ассоциациясы ҳәм оныӊ аймақлық структуралары шөлкемлестирилди. Орынларда “мәҳәлле жетилиги” системасы нәтийжели жумыс алып бармақта.

Мәнзилли жумыслар нәтийжесинде соӊғы еки жылда Өзбекстанда кәмбағаллық дәрежеси 17 проценттен 11 процентке түсти. Онда 900 мыӊға шамалас халыққа жеӊилликли кредит, 200 мыӊнан аслам пуқараларға субсидия, дерлик 700 мыӊ шаӊараққа болса дийқаншылық ушын 200 мыӊ гектар жер ажыратып берилгени үлкен әҳмийетке ийе болды.

Быйылдан баслап Сырдәрья ўәлаятыныӊ Сайхунабад районында жаӊа тәжирийбе енгизилмекте. Оныӊ тийкарғы мазмуны – қыйтақ жерлерден утымлы пайдаланыў, қыйтақ жер ийелерин зәрүр қурал ҳәм ресурслар менен тәмийинлеў, олар жетистирген өнимге базар таўып бериў ушын жәрдемлесиў, ҳәр бир шаӊарақ ҳәм мәҳәлледе киши-киши ислеп шығарыўларды жолға қойыў, сервис ҳәм хызмет түрлерин көбейтиў болып табылады.

Шавкат Мирзиёев мәмлекетимиз бойынша 510 мыӊ гектар қыйтақ жерлер бар екенин, бул еле иске қосылмаған үлкен имканият екенин атап өтти. Бул бағдарда белсене инсанлар мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланатуғыны, атап айтқанда, қыйтақ жерде жетистирилетуғын өнимлерди сатып алатуғын, қайта ислейтуғын ҳәм экспорт ететуғын исбилерменлерге 300 миллион сумнан 1 миллиард сумға шекем грант берилетуғыны айтып өтилди.

– Мәҳәллени қоллап-қуўатлаў, оны және де раўажландырыў турақлы итибарымыз орайында болады. Себеби, мәҳәлле – бул меҳир ҳәм татыўлық қорғаны. Мәҳәлле – ақкеўил, дөретиўши халқымыз қәлбиниӊ айнасы, – деди Шавкат Мирзиёев.

Байрам илажында сырт мәмлекетлердиӊ елшилери, халықаралық шөлкемлердиӊ ўәкиллери де қатнасты. Президентимиз оларды 21-март – Халықаралық Наўрыз күни менен қутлықлап, халықларына қызғын сәлем ҳәм қутлықлаўларын жоллады.

Быйылғы Наўрыз байрамы пазыйлетли Рамазан айында болып өтип атырғаны оныӊ пайызы ҳәм гөззалығын және де зыяда етпекте.

– Мине усы бәҳәр кейпияты даўам етип атырған демлерде бәршемиз уллы ата-бабаларымыздыӊ тилеклерине қосылып, илайым, ҳәр күнимиз Наўрыздай гөззал, Наўрыздай пайызлы ҳәм мазмунлы болсын, деп нийет етемиз, – деп сөзин жуўмақлады Президент.

Байрам қуўанышлары үлкен концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Салтанаттан кейин, Президент Шавкат Мирзиёев Наўрыз сейилинде болып, миллий мәденият орайлары, фольклор-этнографиялық жәмәәтлериниӊшығыўларын бақлады.

– Бул көркем өнер, бул үрп-әдетлеримиз тарийхый. Олардыӊ тийкарында үлкен мәденият, ағартыўшылық бар. Бул бағдарды беккем услап, даўам етип атырғаныӊыз ушын рахмет. Байрам миллий қәдириятларымыз бенен пайызлы, – деди Шавкат Мирзиёев.

Көп миллетли халқымыздыӊ тойы, байрамлары бир болып кеткен. Наўрыз да барлық миллет ҳәм халық ўәкиллериниӊ сүйикли байрамына айланған. Бүгин мәмлекетимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери тыныш-татыў жасап, оныӊ раўажланыўына мүнәсип үлес қоспақта. Аймақларда 38 дослық жәмийети ҳәм 153 миллий мәдений орай жумыс алып бармақта.

Мәмлекетимиз басшысы усындай орайлардыӊ көргизбелери ҳәм қосық-намаларын да тамашалады. Түрли миллет ўәкиллери менен шын кеўилден сәўбетлесип, ийгиликли тилеклерин билдирди.

Наўрыз сейиллери Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардыӊ орайларында, район ҳәм аўылларда даўам етпекте.






















Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзА